Мүнәсибет

Мине, бир неше күннен берли пүткил дүнья жәмийетшилигиниң нәзери мәмлекетимизде болып өтиўи күтилип атырған Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммитине қаратылмақта.

Усы  жылдың 15-16-сентябрь күнлери өткерилиўи белгиленген бул үлкен сиясий илаждың Самарқанд қаласында өткерилиўи де бийкарға емес.  Себеби, бул тарийхый орын өзиниң бай өтмиши ҳәм жәҳән цивилизациясына қосқан үлеси менен пүткил дүнья итибарына ерискен.

Бул шөлкемниң әҳмийети сонда,  оған ағза мәмлекетлердиң арасында экономикалық-саўда тармағын раўажландырыў, өз-ара бирге ислесиўди еле де раўажландырыўға хызмет етеди.

Өзбекстан Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде соңғы жылларда ағза мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы болған бирге ислесиўди жолға қойған  ҳалда 50 ден аслам басламаны алға қойғанлығын айрықша атап өтиўимиз тийис.

Олардан, санаат корпорацияларын раўажландырыў, экономикалық саўда тармақларын кеңейтиў, транспорт логистикасы сыяқлы мәселелерди мысал етип келтириўге болады.

Саммит даўамында  Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағзалық статусын алыў ушын Иран Ислам Республикасының миннетлемелери ҳаққындағы меморандумға қол қойылыўы, сондай-ақ, шөлкемниң бақлаўшы ҳәм қарым-қатнас бойынша шерик мәмлекетлериниң ағзалығын кеңейтиў ҳаққындағы қарардың қабыл етилиўи, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм бир қатар халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер арасында бирге ислесиў байланысларын орнатыў бойынша ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылмақта.

Әлбетте, бундай үлкен көлемдеги илажлар алдынан, шөлкемниң бүгинги күндеги әҳмийети ҳәм оннан гөзленген тийкарғы мақсетлер неден ибарат екенлиги көпшиликти қызықтырыўы тәбийий.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң баспа сөзде жәрияланған  «Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Самарқанд саммити: өз-ара байланыстағы дүньяда қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиў» атамасындағы мақаласында усы ҳәм басқа да бир қатар мәселелер,  басламалар орын алған.

Сондай-ақ, бүгингидей қурамалы халықаралық жағдайлар, климат өзгериўи ҳәм бир қатар машқалалардың шешилиўинде мәмлекетлердиң көп қырлы қатнасықлары үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилген болып, бундай жағдайларда мәмлекетлердиң биргеликте ҳәрекет етиўи оғада әҳмийетли екени, бүгинги күнде бир мәмлекеттиң машқалаларына жеке ҳалда шешим табыў қыйын екени ҳаққында пикирлер келтирилген.

Соны инабатқа алған ҳалда, бул халықаралық дәрежедеги илаждың шөлкемге ағза мәмлекетлердиң раўажланыўы ҳәм пуқаралардың өмиринде қаншелли әҳмийетке ийе екенлигин түсинемиз.

Саммит даўамында алға қойылған ҳәр бир усыныс ҳәм басламалар ағза мәмлекетлер ҳәм онда жасап атырған ҳәр бир пуқараның өмиринде еле де үлкен жаңаланыўларға жол ашып, бирге ислесиў байланысларының кеңейиўине ҳәм раўажланыўына хызмет етиўи анық.

 

Руслан Джумамуратов,

Олий Мажлис Нызамшылық  палатасының депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги