Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың 3,7 миллиард сумлық шәртнама пулын төлеп берилўге бағышланған мәресим болып өтти.

Илажда онлайн тәризде қатнасқан Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигиниң директоры А.Саъдуллаев қатнасыўшыларды 14-сентябрь-«Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилген күни менен қутлықлады. Жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олардың руўхый, интеллектуаллық, физикалық ҳәм ақылый жақтан ержетиўинне көмеклесиў, жасларды Ўатанды сүйиўшилик, пуқаралық туйғысы, кеңпейиллик, нызамларға, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда бул Нызам айрықша әҳмийетке ийе.

Илажда Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Ф.Аблаяров, агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы П.Мақсетбаев шығып сөйлеп, жаслардың социаллық-экономикалық машқалаларын үйрениў ҳәм оларды шешиў  бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Нөкис қаласының өзинде «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызмети төлеми, айдаўшыларды таярлаў оқыў курсының қәрежетлери агентлик қаржылары есабынан төлеп берилген болса, бир топар жаслар өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде субсидия тийкарында әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Илаж соңында 833 жастың 3,7 миллиард сумлық шәртнама пулы төлеп берилгенлиги ҳаққындағы ваучер салтанатлы жағдайда тапсырылды.

-Бүгин мениң де шәртнама пулымның 50 проценти Жаслар ислери агентлиги қаржысы есабынан төлеп берилди,-дейди Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Алтынай Қошқарбаева.-Буның ушын Президентимизге студент жаслар атынан миннетдаршылық билдиремен.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы