4-7-август күнлери Қазақстанныӊ Нур-Султан қаласында дзюдо бойынша Азия чемпионаты болып өтеди.

Континетимиздиӊ 21 сайланды командасы қатнасатуғын бул жарыста Өзбекстан сайланды командасыныӊ 18 спортшысы қатнасады.

Атап айтқанда, ерлер арасында 60 кг салмақта Мирзоҳид Маҳаммаджонов, 66 кг да Муҳриддин Тиловов, 73 кг да Муроджон Йўлдошев ҳәм Обидхон Нўмоновлар,  81 кг да Рамазон Аллабердиев,  90 кг да Шермуҳаммад Жандреев, 100 кг да Отабек Тўраев, +100 кг да Бекмурод Олтибоев ҳәм Шоҳруҳ Бахтиёровлар қатнасса, ҳаял-қызлар арасында  48 кг салмақта  Гулнур Муратбаева, 52 кг да Диёра Келдиёрова, 52 кг да Сита Қадамбоева, -57 кг да Нилуфар Ермағамбетова, 63 кг да Фарангиз Ҳожиева, 70 кг да Гулноза Матниязова ҳәм Шоҳиста Назаровалар, 78 кг да Ширинжон Йўлдошева ҳәм +78 кг да Фотима Қурамбоевалар жеӊимпазлық ушын гүреске түседи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги