Италия пайтахты Рим қаласында грек-рим ҳәм еркин гүрес бойынша жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Дүнья бириншилигиниӊ үшинши күни грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасыныӊ еки палўаны алтын медал ушын қурға шықты.

Олардыӊ бириншисинде 45 кг салмақта қатнасқан Шахзад Рўзиохунов  украиналы  Евген Поковбаға  қарсы гүреске шығып, онда 0-9 есабында жеӊилип қалды ҳәм гүмис медал менен сыйлықланды.

Ал, 51 кг салмақтағы палўанымыз Айтжан Халмаханов иранлы  Муҳаммадризо Голами үстинен 5-0 есабында жеӊиске ерисип, жәҳән чемпионы атағына миясар болды.

Ал, қола медалы ушын гүреске шыққан 55 кг салмақта Хуршидбек Нормуҳаммадов япониялы  Кохаку Каназаваны 5-4, 65 кг салмақта Беҳруз Барноев әзербайжанлы Али Ализодани 9-3 есабында жеӊип шығыўға еристи.

Солай етип, жәҳән чемпионатында грек-рим гүреси бойынша қатнасқан сайланды командамыз 1 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 қола медалларын қолға киргизди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги