Бүгин Арқа Америкада өзиниӊ мәўсим алды оқыў таярлығын өткерип атырған Испанияныӊ «Барселона» ҳәм «Реал» клублары Италияныӊ «Ювентус» ҳәм Мексиканыӊ «Америка» командалары менен өз-ара жолдаслық ойынын өткерди.
Қызықлы тәрепи сонда, бул еки ойында да есап 2-2 есабы менен жуўмақланды.
Атап айтатуғын болсақ, «Барселона» қурамында 34-40-минутларда Усман Дембеле қарсылас дәрўазаға гол урған болса, Турин клубында Моузе Кин жуўап тобын жоллады.
Ал, «Реал» ҳәм «Америка» клублары арасындағы ойынныӊ 5-минутында Мартин есапты ашқан болса, 22-55-минутларда Кәрим Бензема ҳәм Эден Азар жуўап тобын жоллады ҳәм өз командасын есапта алдынға алып шықты.
Бирақ, Испания суперклубы жеӊисти өз қолларында услап тура алмады ҳәм 82-минутта Фидалго пенальтиден Лунин дәрўазасын анық нышанға алып, Мексика клубын жеӊилистен қутқарып қалды.