Өткен жылы 53 мыӊ гектар жерге гүзлик бийдай туқымын сепкен республикамыздыӊ кластер ҳәм дийқан-фермер хожалықлары, белгиленген агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларыныӊ нәтийжесинде, өзлери дийдилегендей мол зүрәәт жетистириўге еристи.

Атап айтқанда, мәмлекетимиздиӊ ғәлле қырманына 74 мыӊ тонна орнына, 85 мыӊнан аслам қырмызы дән тапсырды.

-Улыўма дийқан-фермер ҳәм кластерлеримиз тәрепинен 319 мыӊ тоннадан аслам ғәлле орып-жыйнап алынған болса, соныӊ 234 мыӊ тоннасы дийқанларымыздыӊ өз ықтыярында қалдырылды,-дейди бизге Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниӊ бөлим баслығы Көбейсин Нурниязов.- Республикамыз ғәллекешлериниӊ бундай жоқары табысты қолға киргизиўинде Әмиўдәрья, Тақыятас ҳәм Шоманай районыныӊ дийқанлары басқаларға ҳәр тәреплеме өрнек болды.

Усы күнлери республикамызда ғәлледен босаған майданларға тәкирарый егин егиў ислери жуўмақланып, оны агротехникалық қәделерге сай тәрбиялаў жумыслары жүргизилмекте. Бул болса, кластер ҳәм фермер хожалықларыныӊ дәраматларыныӊ және де артыўына тийкар жаратпақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.