Нөкис қаласының халқын аўыл хожалығы өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеп киятырған Нөкис районының фермер хожалықларында ҳәзир әйне писикшилик ўақты.

-Бүгинги күни 2 мың гектар ғаўаша майданына тәрбия бериў, овощ ҳәм палыз егинлерин жыйнап, терип алыў жумыслары алып барылмақта,-дейди районлық Аўыл хожалығы бөлиминиң баслығы Равил Бекниязов.-Быйылғы жылдың дәслепки өними бийдай жетистириў бойынша барлық фермер хожалықларында шәртнамалы реже артығы менен орынланды. Бунда Президентимиздиң усы жыл 28-майдағы «Ғәллени жетистириў ҳәм сатыўда базар принципин енгизиўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары фермер хожалықларының материаллық мәпин арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Әсиресе, ғәллени мәмлекет мүтәжликлери ушын зәрүр көлемнен артық сатып алыўдан ўаз кешилиўи дийқанларымыздың көбирек дәрамат алыў имканиятын жаратпақта.  Нәтийжеде райондағы көпшилик фермер хожалықларында зүәрәәтлилик жоқары болды. Атап айтқанда, «Қрантаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Хожамурат-Ақманғыт», «Қутанкөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Оразгүл-Абат», «Узақ-Руслан»,  «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Батыр» фермер хожалықларында зүрәәтлилик 60-70 центнерден туўра келди.

Елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықты арзан ҳәм сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеўге өзлериниң мүнәсип үлесин қосып киятырған  райондағы 218 фермер хожалығы тәрепинен 4200 гектарға овощ, палыз егинлери егилди. Соның 2300  гектарын овощ, 1065 гектарын қаўын-ғарбыз, 250 гектарын картошка ҳәм басқа да дақыллар қурайды.

Бүгинги күни фермерлер  тәрепинен жетистирилген баў-бағша, палыз егинлерин жыйып-терип алыў жумыслары алып барылып, «Даладан- саўда орынларына шекем» принципи тийкарында халыққа арзан баҳаларда сатылмақта. Қәнигелердиң атап өткенинидей, дийқанлар помидордың өзинен гектарына 15-20 миллион, қаўын-ғарбыздан 10 миллион сум әтипарында дәрамат алмақта.

Соңғы жыллары ишки базарларымызды тәмийинлеп қалмастан, өнимлерди экспорт етиўге де айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, райондағы «Қрантаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Биогумус» фермер хожалығы бир нешше жылдан берли кептирилген помидор өнимлерин Италия мәмлекетине экспортқа шығармақта. Буннан тысқары, бир нешше фермерлер қаўын-ғарбыз, соя, гүнжи ҳәм басқа  өнимлерди Россия Федерациясы, Қазақстан мәмлекетлерине экспорт етип, мол дәрамат алмақта.

Районлық аўыл хожалығы бөлими қәнигелери менен биргеликте бир қатар фермер хожалықларының атызларында болып, ҳармасын айттық. «Қрантаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Сейфул-Малик» фермер хожалығы жәмәәти 98 гектар майданда дийқаншылық етеди. 32 гектар бийдайдан жоқары зүрәәт алынды. 20 гектар ғаўаша майданында агротехникалық илажлар тийкарында тәрбия жумыслары алып барылмақта. Қалған өнимлер жыйнап алынып, дийқан базаларына жеткерип берилмекте.

Қайсы бир фермер хожалығында болмаң, қызғын жумыстың гүўасы боласыз. Барлығында тийкарғы итибар сонша мийнет пенен жетистирилген өнимди зая қылмастан, сепситпей жыйнап алыўға қаратылған. Дийқанларымыздың мине, усындай пидәкерлик мийнетиниң арқасында базарларда баҳалар арзан болып, дастурханымыздың молшылығы тәмийинлемекте. Бунда елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық, аўыл хожалығы тараўына қаратылып атырған итибар, дийқанларымызға жаратылып берилген шараятлар тийкарғы фактор болмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.