Көпшилик аналар перзентиниң бойы заманласларына қарағанда келте екенин, улы ямаса қызы өсиўден артта қалып атырғанын айтады.

Ата-аналардың бундай қәўетерлери қәншелли орынлы? Олар перзентиниң бойы узын болыўы ушын нелер ислеўи керек?

Қәнигелердиң сөзлерине бола, баланың бойы өспей қалыўы ҳәр қыйлы факторларға байланыслы. Медицина илимлериниң кандидаты Насиба Алимованың бул бойынша пикирлери төмендегише:

– Инсан бойының өсиўи гипофиз бези ислеп шығаратуғын гормонға байланыслы. Ол инсан ағзалары ҳәм клеткаларында белок пайда болыўын жеделлестиреди. Соның менен бирге, егер организм күшсиз жағдайда болса, ол өсиўден тоқтайды. Демек, балаңыздың өспей атырғанын сезсеңиз, биринши гезекте шыпакер-эндокринологқа ушырасып, оны толық түрде тексериўден өткериўиңиз керек. Шыпакер УСТ (ультрасес тексериўлери) ҳәм қанда гормонлар қатнасығын анықлайды, сондай-ақ, рентгенография жәрдеминде билек сүйеклери тексериледи. Бул – тексериў баланың сүйеклериниң өсиў жағдайын билиў ушын зәрүр.

Баланың бойы өспеўиниң бир қатар себеплери ҳәм факторлары бар. Олар жоқарыда келтирилген қәўип-қәтерлер арқалы анықланады. Биринши гезекте, өсиўден тоқтаў нәсиликке байланыслы болыўы мүмкин. Баланың нормал өсиўинде 100 ген әҳмийетли роль атқарады. Бойы келте ата-анадан туўылған баланың узын бойлы болыўы шенде-шен бақланады.

Бойдың өсиўине организмдеги айырым гормонлардың көп ямаса аз екени де тәсир етеди. Кегирдек ҳәм бөтеке үсти безлеринде жетилисетуғын гормонлар өсиў гормонлары делинеди. Сол себепли эндокрин системасындағы ҳәр қыйлы истен шығыўлар бойдың өсиўиндеги патологияларға алып келеди. Айырым ўақытлары бөтеке, жүрек, өкпе ҳәм ас сиңириў ағзаларындағы жуқпалы кеселликлер де бойдың өсиўин тоқтатады.

Басқа жуқпалы кеселликлер тонзиллит (ангини), холецистит (өт қабығының аязлаўы) әдетте бой өсиўине унамсыз тәсир етпейди. Бирақ бундай жағдайларда иштей жоғалады, бул болса бойдың өсиўин төменлетеди. Егер балада паразитлер болса да бой өсиўинде машқалалар туўылады. Соның ушын ишки организмниң жумысы нормал жолға қойылса, бой өсиўде даўам етеди.

М.Қосимова, ӨзА