Мәмлекетлик телевидениениң алтын архив фондынан нәтийжели пайдаланып, қосық атқарыўшылық көркем өнери тарийхындағы белгили дөретиўшилердиң бийбаҳа мийраслары менен халқымызды, әсиресе, келешек әўладты ҳәм усы тараўға кирип киятырған жас талантларды кеңнен таныстырып барыў, ҳәр бир халықтың ҳәм миллеттиң ертеңги күни ушын оғада әҳмийетли екенин артықша сөз етип отырыўдың қәжети болмаса керек, әлбетте.

Мақаламыздың тийкарғы мақсети көпшилик тамашагөйлеримиздиң тилек-өтинишлеринен келип шығып, мине, усы бағдарда Қарақалпақстан телевидениесинде қандай бағдарламалар орын алғаны туўралы үйренгенлеримиз бойынша пикир жүргизиўди мақул көрдик.

Мәмлекетлик телевидениеде биз жоқарыда сөз еткен мәдениятымыз бенен көркем өнер тараўының, соның ишинде, қосық атқарыўшылық көркем өнериниң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан дөретиўшилердиң өтмишти, шадлы демлерди еске салатуғын жағымлы қосықлар (Ретро қосықлар) бағдарламаларына шынында да ылайықлы орын берилмей атырғаны анық сезилмекте.

Дурыс, жақын аралыққа шекем бул бағдарда халқымыздың жүрегинен терең орын алған марҳум атқарыўшылардың қосықларын берип баратуғын «Ретро» сыяқлы «Умытылмас ҳаўазлар» рубрикасы тамашагөйлер нәзерине усынылып келинди. Тилекке қарсы, дөретиўшилик жәмәәтке заманагөй мәлимлеме-технологияларының кирип келиўи, яки басқа да бизге белгисиз себеплерге бола соңғылығында бул бағдарлама да үзилиске ушырап, архивтеги алтын ленталар өз ҳалында қалып кетти.

Ҳәзирги күнде телевидение бағдарламаларынан мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларының өткендеги ҳәм бүгинги күндеги ғайраткерлери менен жас талантлардың дөретиўшилик жолларын үгит-нәсиятлайтуғын «Яднама», «Әмиў ырғақлары», «Арамыздағы әпсаналар», «Қанатлы қосықлар» сыяқлы көрсетиўлер ҳәм «Йош» коммерциялық бағдарламасы орын алған. Бул көрсетиўлердиң өз алдына қойған мақсети ҳәм  тәрбиялық әҳмийети бар, әлбетте.

Архив материалларындағы белгили дөретиўши тулғалардың фото-сүўретлери ҳәм халқымыздың миллий бақсышылық-жыраўшылық нама-қосықлары  арқалы олардың дөретиўшилик мийнет жолын еске алыў бағдарындағы жас талантлылар өз-ара беллесетуғын «Саз ҳәм ҳаўаз» ток шоуы өзиниң әҳмийети менен бизиң пикиримизге мысал бола алады.

Бирақ, буннан телевидение архивиндеги бийбаҳа ленталардан толық пайдаланып атыр, деген жуўмақ шығарыў ҳақыйқатлыққа дурыс келмейтуғын шығар.

Бул бағдарда биз музыкаға жаны қумар көпшилик тамашагөйлердиң сүйикли бағдарламарынан бирине айланған, Россия каналлары арқалы турақлы эфирге берилип киятырған Ретро концерт бағдарламасын үлги етип көрсетиўимизге болады.

Ретро сөзи латын тилинен алынған болып, ол бизиң тилимизде-өтмишти еске салатуғын жағымлы қосықлар мәнисин аңлатады. Сондай-ақ, соңғы пайытларда Өзбекистан музыкалы телеканалларында да усы сыяқлы бағдарламалардың берилип атырғанын атап өтиў орынлы.

Усы жерде биз тамашагөйлерден ҳақылы түрде өзиниң бай архив фондына ийе болған жергиликли мәмлекетлик телевидение жәмәәтиниң дөретиўшилерине «Саҳра бүлбиллери» деп ат алған бизиң өткендеги бийтәкирар қосықшыларымыз қайсы халықтың атқарыўшыларынан кем? Ретро ленталар қашан тилге киреди? деген орынлы сораўлардың туўылатуғыны тәбийғый.

Жақын аралықта өз көрсетиўлерин тест режиминде көрсетип баслаған «JASLAR TV» телеканалының да бул бағдардағы дөретиўшилик ҳәрекетлери  унамлы, әлбетте. Телеканал тәрепинен эфирге берилип атырған қарақалпақ миллий ҳәм эстрада атқарыўшылығы бағдарында өшпес из қалдырған жақын өтмиштеги атқарыўшылардың архив концерт бағдарламалары халқымызға үлкен заўық бағышлап атырғанын аңлаў қыйын емес.

Деген менен, бул мәселеге бирден-бир мәмлекетлик телевидениемиз де өз орнында итибар қаратса пайдадан жырақ болмас еди. Мәселен, халқымыздың миллий атқарыўшылық көркем өнеринде өшпес из қалдырған А.Шамуратова, Д.Қайыпов, Г.Шеразиева, К.Ниетуллаев, С.Мәмбетова, Д.Атажанов, Т.Рахманова, З.Хожаназарова сыяқлы көплеген марҳум атқарыўшылардың архивтеги ленталарынан пайдаланып, сондай-ақ, ҳәзирги күндеги дөретиўшилиги жасларға үлги көркем өнер ғайраткерин телевидениеге тарта отырып, концерт бағдарламаларын усынып барса, халқымыздың дийдинен шыққан болар еди, деп ойлаймыз.

 

 

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги