Мойнақ районында «NavrUz» этнофестивалы болып өтти.

Байрам мүнәсибети менен шөлкемлестирилген «Ташкент-Нөкис-Мойнақ» жөнелисиндеги А-320 авиалайнери заманагөй Мойнақ аэропортына келип қонды. Илажда қатнасыў ушын келген мийманлар, бир топар ғалаба хабар қураллары ўәкиллери авиақатнаўдың дәслепки жолаўшылары болды. Мойнақ аэропортында мийманлар салтанатлы күтип алынды.

– Мен бүгин тарийхый рейсте Мойнаққа ушып келгенимнен қуўанышлыман, – дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Гүлистан Аннақлычева. – Мойнаққа авиалайнерлердиң ушып келиўи Президентимиздиң қарақалпақ халқының бахытлы келешегине болған үлкен итибары ҳәм аталарша ғамқорлығының нәтийжеси болып есапланады. Авиалайнерлер өз қанатларында Қарақалпақстанға, әсиресе Мойнаққа бахыт, әўмет, жаңаланыўлар нәпесин алып келеберсин.

Кейинги жылларда елимизде барлық тараўлар сыяқлы туризм де жедел раўажланбақта. Республикада ишки туризмди ғалаба ен жайдырыў, сырт елли туристлерди тартыў мақсетинде ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар қарарлар, жойбарлар әмелге асырылмақта, жаңа басламалар қоллап-қуўатланбақта. Туристлик мәўсим даўамында дүнья жүзиниң бир қатар мәмлекетлеринен көп санлы сырт елли туристлердиң ағымын тартыў ушын бүгинги күнде елимиз жетерли туристлик потенциалға ийе. Глобаллық пандемия дәўирине қарамастан 2021-жылы Қарақалпақстан Республикасына 284 мың жергиликли ҳәм 25 мыңға шамалас сырт ел туристи келген.

Мойнақ районы айрықша туристлик дестинация сыпатында бир қатар дыққатқа ылайық орынларға ийе болып, өзине тән тәреплери менен ажыралып турады. Район бүгинги күнде бир ўақыттың өзинде бир неше туризм бағдарлары бойынша туристлик потенциалға ийе.

Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде 2020-2023-жылларда Мойнақ районында 232 миллиард 575 миллион сум муғдарындағы 73 жойбарды әмелге асырыў, соның есабынан 589 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген. Соннан өткен жылдың Инвестициялық бағдарламасына киргизилген 26,7 миллиард сум муғдарындағы 16 жойбар иске қосылды ҳәм 88 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилди.

Фестивальда Мойнақ халқы ҳәм мийманларға өнерментлердиң өнимлери, миллий липаслар ҳәм милий тағамлардың көргизбелери, қарақалпақ миллий үрп-әдетлерин көрсететуғын мәденият хызметкерлери, соның ишинде, бақсы ҳәм жыраўлардың қатнасыўында концерт тамашалары көрсетилди. Әсиресе, миллий халық ойынлары, соның ишинде, қошқар дүгистириў, қораз урыстырыў, арқан тартысыў, гүрес ҳәм басқа да көплеген қызықлы бағдарламалар бәршеде үлкен тәсир қалдырды.

Бүгин Мойнақ дүнья жәмийетшилигиниң нәзеринде болмақта. «NavrUz» этнофестивалынан тысқары, апрель айында миллий ат спорты фестивалы, май айында «Стихия» электрон музыка, көркем өнер ҳәм илим фестивалы, Үстирт тегислиги бойлап «Rally Muynak» экстремал автожарысы, сентябрь айында «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестивалы, «Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» гастрономиялық фестивалын өткериў режелестирилген. Мойнақтың туристлик объектлеринен район орайының өзинде «Өнерментлер қыябаны», «Шайырлар қыябаны», «Muynak Times» минара-сааты, «Арал теңизиниң тарийхый музейи», «Маяк» қара үйлер комплекси, Экология музейи сыяқлы ири мәдений-кеўилашар, селфи-объектлер қурылған.

Районның орайлық амфитеатрында фестиваль қатнасыўшылары ҳәм мийманларға «Ассалам Наўрыз – жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» сүрени астында концерт бағдарламасы көрсетилди. Концерт бағдарламасы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Роза Қутекееваның атқарыўындағы «Бәҳәр келди Мойнаққа» қосығы менен басланды.

Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлиминиң қосықшылары ҳәм аяқ ойыншылары, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студентлериниң атқарыўындағы қосықлар илаж қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.

– Мойнақ халқына ҳәм мийманларға байрам кейпиятын бағышлаў мақсетинде көркем өнер жәмәәтимиз де қатнасты, – дейди районға бириктирилген Ташкент ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Жамшид Бабажонов. – Ўәлаятымыздың көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслар мойнақлылар ушын арнаўлы концерт бағдарламасы менен өз шығыўларын көрсетти. Жаслар ҳәм улыўма билим бериў мектеплерине 15 мыңға шамалас ҳәр қыйлы оқыў қолланбалары ҳәм әдебий китаплар тарқатылды.

Аралбойының бүгинги күндеги туристлик потенциалы, соның ишинде, аймақтың этнотуризм бағдарын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын шөлкемлестирилген Инфотур қатнасыўшылары Мойнақ районының бир қатар туристлик объектлерине барды.

Бәршеде үлкен қызығыўшылық оятқан «NavrUz» этнофестивалы халық сейили менен узақ даўам етти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери