Жақын аралықта өз көрсетиўлерин тест режиминде узата баслаған «JASLAR TV» де ансамбльдиң буннан 25 жылдай илгеридеги видео таспалары қойылып баслаўдан, халық арасында «Сәўбет» ансамбли қайда кетти?» деген сораўлар туўылды.

Буннан отыз жыл бурын Шымбай районлық мәденият бөлими жанынан шөлкемлестирилген ансамбльдиң қурамы төмендегилерден ибарат болды: Ритм гитарада – Б.Ағилов, бас гитарада – С.Қаратаев, ударникте – Т.Қонысбаев, клавишли әсбапта – К.Жалалов ҳәм солистлер Б.Исметуллаев, Ж.Алламбергенов, Б.Пирназаров ҳәм М.Наўрызалиевалар. Сондай-ақ, ансамбль композиторлары – Е.Сейтимов ҳәм Б.Пирназаровлар.

2005-жылларға шекем өз дөретиўшилик жумысын алып барған «Сәўбет» ВИА не ушын тарқап кетти, олар ҳәзир қандай кәсип пенен шуғылланып атыр? Бул бойынша агентлик хабаршыларының бири композиторлар, ансамбльдиң көркемлик жақтан басшысы Е.Сейтимов ҳәм Б.Пирназаровлар менен ушырасып,  төмендеги мағлыўматларды алды.

Анықланыўынша, «Сәўбет» ВИА жумысының үзилиске түскениниң тийкарғы себеплериниң бири – турмысымызға даўыс жазып алатуғын заманагөй техникалардың кирип келип, фонограмманың кең ен жайыўы, сондай-ақ, жәмәәт ағзаларының жеке турмыслық жағдайлары буған себеп болған.

Ансамбль жәмәәтиниң айырым ағзалары ҳәзирги күнде өз қәнигеликлери бойынша мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелеринде дөретиўшилик жумысларын даўам етпекте. Олардан Е.Сейтимов Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында, Б.Пирназаров ҳәм Б.Ағыловлар Шымбай районлық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде хызмет етип атырған болса, Т.Қонысбаев мийнет дем алысында.

«Сәўбет» ВИАның белгили солисти Б.Исметуллаев, М.Наўрызалиева ҳәм сәзенде С.Қаратаев (бас гитара)лар  қоңсылас Қазақстан елинде жеке турмыслық жумыслары менен бәнт.

1991-жылы Москва қаласындағы Ломоносов атындағы университеттиң көркем өнер сарайында Наўрыз байрамына бағышланған байрам тамашасында өз концерт бағдарламасын инам еткен «Сәўбет» ансамбли соңынан Наўайы ҳәм Бухара қалаларында болып өткен «Шығыс  халықлары ансамбль жәмәәтлериниң халықаралық таңлаўы»на да қатнасқан. Ансамбль «Өзбекистан ўатаным мениң» таңлаўында 1994-1995-жыллары қатара сыйлықлы орынларды алған. 1997-жылы қарақалпақ эстрадасының талантлы қосықшысы З.Хожаназарованың естелигине өткерилген таңлаўда «Шашларың сүмбил» қосығы менен биринши орынды алыўға миясар болған. Ансамбль 2005-жылларға шекем республикамыздың байрам тамашаларына белсене қатнасып келген.

Ансамбльдиң «Гүлнара», «Ядыма түсти», «Мийман келеди», «Шайдаман», «Қайдасаң яр», «Қара үйим», «Шымбай деген елге кел», «Мереке қызады қарақалпақта», «Шымбай гөззалы», «Мен ашықпан», «Сени еслеймен», «Неге мени алдадың достым», «Шашларың сүмбил», «Дастурхан», «Суў бойында отырған қыз», «Нетермен енди», «Билермисең», «Қасын қыя баққан қыз», «Арасында сен жоқсаң бирақ» сыяқлы қосықлары елеге шекем халық арасында сүйип тыңланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги