Кредиторлардың талапларын қанаатландырыў системасы жетилистирилмекте

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде кредиторлардың гиреў менен тәмийинленген талапларын қанаатландырыў системасын және де жетилистириўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, әмелиятта қарыздар тәрепинен кредит (ипотека) шәртнамасы бойынша миннетлемелер өз ўақтында ямаса керекли дәрежеде орынланбағанда кредитордың (банктиң) гиреў менен тәмийинленген талапларын суддан тысқары тәртипте гиреў мүлкине қаратыў, гиреўге алыўшының гиреў предметине болған ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеўде бир қатар машқалалар бар.
Атап айтқанда, мүлкти гиреўге алыўда басқа шахс келисими ямаса уйымның руқсаты менен алынған болса, гиреўге алыўшының бул мүлк гиреўи менен тәмийинленген талаплары тек ғана суд тәртибинде қанаатландырылатуғыны белгиленген. Соның менен бирге, ипотекаға алыўшы талапларын ипотека есабынан суддан тысқары тәртипте қанаатландырыў тамамланғаннан соң қарыздар миннетлемесиниң қапланбаған бөлегин қарыздардың басқа мүлки есабынан сөндириў ҳуқықының жоқ екенлиги қарыздарлықларды судтан тысқары тәртипте өндириў әмелиятының раўажланыўына тосқынлық етпекте.
Усы нызам жойбары менен миннетлемелер орынланыўының тәмийнаты сыпатында усынылған мүлкке кредиторлар ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеў, гиреўге қойылған мүлкти аукцион арқалы сатыў тәртибин жетилистириў ҳәм еркин баҳалаўшы шөлкемди тартқан ҳалда мүлктиң басланғыш сатыў баҳасын базар баҳасынан келип шығып белгилеў, сондай-ақ, гиреў менен тәмийинленген миннетлемелерди суддан тысқары тәртипте өндириў әмелиятын жетилистириўге итибар қаратылмақта.
Мүлкти гиреўге алыўда басқа шахс келисими ямаса органның руқсаты алынған болса, гиреўге алыўшының усы мүлк гиреўи менен тәмийинленген талапларын судқа шекем қанаатландырыў тәртиби белгиленбекте.
Усы нызам жойбарының қабыл етилиўи кредиторлардың гиреў мүлкине ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеў, гиреўдеги затын судтан тысқары тәртипте реализациялаў системасын жетилистириў, миннетлемени гиреўдеги мүлк есабынан өндириў процесслерин әпиўайыластырыў ҳәм кредит шөлкемлериниң кредит портфелиндеги машқалалы активлер үлесиниң азайыўына хызмет етеди.
М.Комилова,
ӨзА