USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Piyshembi, 19 Dekabr

Sayt test rejiminde islep tur. Qolaysızlıqlar ushın keshirim soraymız.

ЖАҚСЫ ҚОҢСЫШЫЛЫҚ ҚАТНАСЫҚЛАРЫ ТУЎЫСҚАН ХАЛЫҚЛАРЫМЫЗДЫҢ МӘПЛЕРИНЕ ХЫЗМЕТ ЕТПЕКТЕ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың мирәт етиўине бола елимизге мәмлекетлик сапар менен келген Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедов 24-апрель күни Хорезм ўәлаятында болды.

Үргенш халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев күтип алды.

Хорезмде бул сапар етиўге айрықша таярлық көрилди. Ўәлаят көшелери еки елдиң мәмлекетлик байрақлары, өзбек ҳәм түркмен тиллериндеги қутлықлаў сөзлери менен безелди. Көшелерге шыққан мыңлаған жерлеслеримиздиң жүзиндеги қуўаныш еки дос мәмлекеттиң барлық тараўлардағы бирге ислесиў байланыслары буннан былай да раўажланып атырғанынан дәрек береди. Өзбекстан – Түркменстан қатнасықларының айдын келешегиниң белгиси сыпатында аспанға ақ кептерлер ушырылды.

Өзбек ҳәм түркмен халықларының тили ҳәм үрп-әдетлери жақын, мәденияты, әдебияты ҳәм көркем өнери уқсас.

Бүгинги күнде Хорезм ўәлаятының Үргенш районы Ғойбу аўылындағы Түркмен мәҳәллесинде мыңлаған түркменлер өзбеклер менен тыныш-татыў, бир шаңарақтың ўәкиллериндей аўызбиршиликте жасап келмекте. Олардың өз ана тилинде билим алыўы, үрп-әдетлерин ҳәм дәстүрлерин раўажландырыўы ушын барлық шараят жаратылған. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен усы аймақта кең көлемли дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Жаңаланған жойбардағы турақ жайлар, заманагөй мектеп, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, шаңарақлық поликлиника имаратлары аўылдың келбетин пүткил өзгертип жиберди. Заманагөй ҳәм миллий архитектуралық дәстүрлер тийкарында «Өзбек-түркмен» дослық үйи қурылды.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Гурбангули Бердимуҳамедов халықларымыз дослығының белгиси сыпатында қурылған бул имаратты барып көрди. Бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты. Имаратта түркмен, өзбек ҳәм жәҳән әдебияты  үлгилерин жәмлеген китапхана, мәлимлеме-ресурс орайы, еки халықтың көп әсирлик тарийхый дослығын көрсететуғын музей, илим ҳәм көркем өнер дөгереклери ханалары ҳәм дерлик еки жүз орынға ийе белсендилер залы орын алған.

Белсендилер залында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң «Түркменстан – биз ушын тарийх ҳәм ўақыт сынағынан өткен, көп әсирлик дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықлары байланыстырып туратуғын ең жақын қоңсымыз болып табылады. Ҳақыйқый дослық ҳәм жақын қоңсышылық қатнасықлары қандай болыўы зәрүрлигин биз басқаларға үлги етип көрсетиў ушын барлық имканиятларды иске қосамыз» және Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовтиң «Түркменстан ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықлар – бирин-бири қәдирлейтуғын ҳәм ҳүрмет ететуғын туўысқан халықлар, меҳрийбан қоңсылардың сөйлесиўи болып табылады. Бул беккем тырнақ тийкарында биз буннан кейин де халықларымыз арасындағы дәстүрий дослық ҳәм туўысқанлық байлансларын раўажландырамыз ҳәм беккемлеймиз», деген сөзлери жазылған.

Бул еки халықтың ўәкиллери, әсиресе, жаслар арасындағы дослық байланысларын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Мәмлекет басшылары «Өзбек-түркмен» дослық үйи ҳәўлисине орнатылған түркмен халқының уллы шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағий бюстине гүл қойды.

Түркмен халқы Әлишер Наўайының ғәзеллерин сүйип оқығанындай, өзбек халқы да Мақтумқулыны өз шайырындай ардақлайды.

Белгили шайыр «Пырағыйдың диң еки көзи бар, бири түркмен болса, бири өзбегим» деп еки халық арасындағы туўысқанлық ҳәм дослықты меҳир менен жырлаған еди. Бүгин бул дослық дәстүрлери жаңа басқышқа көтерилди.

«Өзбек-түркмен» дослық үйи, түркмен миллетине тән жерлеслеримиз ушын жаратылған имканиятлар түркменстанлы мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Буннан соң Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Гурбангули Бердумуҳамедов «Уллы ҳәўли» естелик комплексине барды.

Он жетинши әсирге тийисли бул комплексте Президентимиздиң басламасы менен кең көлемли оңлаў ҳәм реставрация жумыслары әмелге асырылды. Онда имараттың тийкарғы тарийхый жағдайын сақлап қалыўға ҳәрекет етилди. Бир гектарға шамалас майданды ийелеген бул естелик қорған менен қоршалған. Бул жерде жасайтуғын шаңарақлардың қәўипсизлиги тәмийинленген. Бул жерде, сондай-ақ, түркмен халқының миллий мәдениятына тийисли буйымлар бар. Комплексте туризмди ҳәм зыярат туризмин раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылды. Жигирма орынлық мийманхана қурылды. Түркмен отаўлары орнатылды.

Туристлер бул жерге дигирманларда ун ҳәм гүриш таярлаў және олардан түрли мазалы тағамлар писириў, тандырда хорезмше ҳәм түркменше нан ҳәм пәтир жабыў процесиниң гүўасы болыўы мүмкин.

Президентлер қалада сақланып атырған, өзбек-түркмен халықларының әййемги тарийхын сөз ететуғын бийбаҳа экспонатлар менен танысты. «Уллы ҳәўли» комплекси атханасындағы белгили ақалтеке нәсилли атларын барып көрди.

Өзбек ҳәм түркмен классикалық қосықларынан үлгилер атқарылды. Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында «Ийшан қала» және Нурыллабай комплексин зыярат етти.

Жоқары мәртебели мийманға бул естеликлердиң тарийхы, бул жерде туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы айтып берди.

Ашық аспан астындағы музей деп тән алынатуғын «Ийшан қала»да жайласқан Маҳмуд Палўан мавзолейинде уллы бабамыздың естелигине қуран оқылды.

Президентлер Шерғазыхан медресесин де көзден өткерди. Бул жерде билим алған ойшыллардың ҳүрметине шөлкемлестирилген музейдиң жумысы менен танысты. Бул медреседе өз дәўиринде Мақтымқулы Пырағий да үш жыл тәлим алған.

Комплексте шайырдың қосықларына жазылған намалар менен классикалық қосықлар атқарылды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен елимиздеги барлық тарийхый қалалардың қатарында  Хийўа қаласының да тарийхый-архитектуралық ҳәм туризм потенциалы избе-из раўажландырылмақта. Аймақтағы бийбаҳа мәдений естеликлер негизги көринисин жойытпаған ҳалда оңланып, әтирапы абаданластырылмақта.

Атап айтқанда, Нурыллабай тарийхый комплекси реконструкцияланып реставрацияланды. Ресторан, қабыллаў үйи, галерея, амфитеатр қурылды.

Бул бабаларымыздың бай тарийхый мийрасын, мәдениятын ҳәм көркем өнер үлгилерин қәстерлеп сақлаўға, халқымыздың жоқары дөретиўшилик потенциалын дүнья жәмийетшилигине кеңнен көрсетиўге хызмет етпекте.

Түркменстан Президенти бабаларымыздың дөретиўшилик билими, олардың мийрасын қәстерлеп сақлаў бойынша бүгин әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.

Күнниң екинши ярымында Үргенш қаласындағы Хорезм ўәлаяты музыкалы драма театрында Өзбекстан – Түркменстан көркем өнер шеберлериниң концерти қойылды.

Оған Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Гурбангули Бердимуҳамедов қатнасты.

Бул өзбек ҳәм түркмен халықлары мәденияты бир-бирине жақынлығының және бир көриниси, еллеримиздиң заманагөй ҳәм классикалық көркем өнери менен кең танысыў ушын қолай имканият болды.

Соның менен Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедовтың Өзбекстанға сапары жуўмақланды.

Үргенш халықаралық аэропортында Түркменстан Президентин Өзбекстан Президенти шығарып салды.

Түркменстан Президентиниң мәмлекетлик сапары ҳәм оның шеңберинде қол қойылған ҳүжжетлер, болып өткен мәдений илажлар еллеримиз арасындағы бирге ислесиў жақсы қоңсышылық ҳәм туўысқанлық принциплери тийкарында беккемленип атырғанын айқын көрсетти.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Аҳмаджон ШОКИРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары