Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев Европа парламентиниң Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Монголия менен байланыслар бойынша делегациясы баслығы менен Ф.Мартушелло (Италия) менен видеоконференция арқалы сөйлесиў өткерди.
Сөйлесиўде Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы қатнасықларды, соның ишинде, еки тәреплеме парламентлераралық байланысларды раўажландырыў бойынша пикир алысты.
Европа Аўқамы менен сиясий сөйлесиўди раўажландырыў ҳәм экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў мәмлекетимиз сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады. Соңғы ўақытларда тәреплер арасындағы қатнасықлар жаңа руўхта раўажланбақта. Президент Ш.Мирзиёевтиң усы жыл апрель айында Европа кеңесиниң басшысы Ш.Мишель менен өткерген телефон арқалы сөйлесиўи буның айқын дәлийли болып есапланады.
Сөйлесиў ўақтында Ф.Мартушелло Өзбекстанда коронавирус тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша көрилип атырған илажлардан хабардар етилди. Пандемияның мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына тәсирин азайтыў ушын Өзбекстанға 36 миллион евро муғдарында финанслық жәрдем бериўге таяр екенлиги ушын Европа Аўқамына миннетдаршылық билдирилди.
Европарламент делегациясының баслығы COVID-19 пандемиясына қарсы гүресиў бойынша мәмлекетимиз басшысы тәрепинен көрилип атырған илажларды жоқары баҳалады. Оның сөзлерине бола, Өзбекстан басшылығының кризиске қарсы илажларының нәтийжелилиги кейинги жылларда алып барылған реформалардың бағдарламасы менен байланыслы.
Өзбекстан сырт мәмлекетлерге, соның ишинде, Европа Аўқамының ағзасы Венгрияға коронавирусқа қарсы гүресиў ушын гуманитарлық жәрдем көрсеткени айрықша атап өтилди. Европарламент депутаты усы жыл март айында Ташкентте кеңейтилген бирге ислесиў келисиминиң жойбары бойынша өткерилген Өзбекстан – ЕА сөйлесиўлериниң жуўмақларына унамлы баҳа берди. Бул сөйлесиўлер даўамында тәреплер усы кең қөлемли жойбардың көплеген әҳмийетли мәселелерин келисип алды.
Ф.Мартушелло Өзбекстанның GSP+ префенциаллық саўда дәрежесине ийе болыўы мәмлекетимиздеги реформалар сиясаты қоллап-қуўатланыўын көрсететуғын әҳмийетли қәдем болыўына қосылды. GSP+ дәрежеси 6 мыңнан аслам атамадағы өнимлерди Европа Аўқамына бажысыз экспорт етиў имканиятын береди.
Сөйлесиў ўақтында «Өзбекстан – ЕА» парламентлераралық бирге ислесиў комитетиниң гезектеги мәжилисин Брюссель қаласында өткериў мәселелери де додаланды.
ӨзА