Өзбекистан Републикасы Президентиниң қ а р а р ы

Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысын буннан былай да раўажландырыў, билимлендириўдиң жоқары сапасын тәмийинлеўде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери арасында беккем бәсекилик орталығын жаратыў, сондай-ақ, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў саласындағы юридикалық шахслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қалалық ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң 2018-жылдың 1-январынан баслап юридикалық шахслар тәрепинен мүлкшилик ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрлерине қарамастан, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиўди лицензия тийкарында әмелге асырыў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
  2. Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысын буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары менен ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

қәбилетли балалар менен талантлы жасларды анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў арқалы тәлим-тәрбияның жоқары сапасын тәмийинлейтуғын қолайлы шараятлар жаратыў;

беккем бәсекилик орталығын қәлиплестириў ушын дәстүрий билимлендириў хызметлери менен бир қатарда сапалы ҳәм көпшилик билим алыўдың альтернатив имканиятларын жарататуғын төлемли билимлендириў хызметлерин көрсетиў базарын жедел раўажландырыў;

алдынғы халықаралық тәжирийбелерди инабатқа алып, оқытыўдың инновациялық педогогикалық түрлеринен, методикалары менен заманагөй технологияларынан пайдаланыў тийкарында билимлендириў саласындағы нәтийжелиликти арттырыў.

  1. Төмендегилер мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлери жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық шахслардың:

өз жумысын мәмлекетлик билимлендириў стандартлары менен талаплары тийкарында әмелге асыратуғыны;

әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге қатаң әмел еткен ҳалда жоқары маманлықтағы педагог ҳәм басқа да кадрлар менен тәмийинлеў, тәлим-тәрбия процесин шөлкемлестириў ушын зәрүр шараятларды жаратыў илажларын көретуғыны;

оқыў мүддети ҳәм шәртлери, төлем муғдары, тәреплердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери және басқа да шәртлер белгиленген шәртнамаға муўапық билим алыўшылардың ата-аналары ямаса басқа да нызамлы ўәкиллери менен өз-ара қатнас орнататуғыны;

өз жумысын халыққа төлемли билимлендириў хызметлерин көрсетиўден, қайырқомлық фондлар менен грантлардан келип түскен қаржылар, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландыратуғыны;

питкериўшилерге мәмлекетлик үлгидеги билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжеттиң берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билим бериў саласында мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсететуғын юридикалық шахслар социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың қәбилетли ҳәм талантлы перзентлерин таңлаў тийкарында мәкемедеги жәми оқыўшылар санының 10 проценттен кем болмаған муғдарда билимлендириў хызметлерин көрсетиўден есесинен келип түскен дәраматлар есабынан бийпул (грант тийкарында) оқыўға қабыллайтуғыны белгилеп қойылсын. Кейинги жылларда оқыўшыларды бийпул (грант тийкарында) оқытыўды даўам еттириў бойынша қарар мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық шахс тәрепинен билим алыўшының шаңарақлық шараяты ҳәм оның академиялық нәтийжелеринен келип шыға отырып қабыл етиледи.
  2. Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте халыққа мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық шахсларға мәмлекетлик мүлк болған пайдаланылмай атырған имаратларды, объектлерди ҳәм жайларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында орнатылған тәртипте сатыўды шөлкемлестирсин.
  3. Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық шахсларға алдынғы шет ел тәжирийбелерин инабатқа ала отырып, төмендегилер усыныс етилсин:

билимлендириў процесин оқытыўдың ең заманагөй технологияларынан пайдалана отырып, пәнлерди тереңлестирип үйретиў бағдарында шөлкемлестириў;

өзлерине атама таңлаўда Ўатанымыздың белгили ҳәм уллы илимпазларының, жәмийетлик ғайраткерлердиң исмлеринен орнатылған тәртипте пайдаланыў;

алдынғы илимий-әмелий тәжирийбени енгизиў ҳәм тереңлестирилип үйренилетуғын пәнлерди шет тилинде оқытыў ушын билимлендириў процесине шет ел педагоглары менен қәнигелерин тартыў.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2018/2019 оқыў жылы басланғанға шекем ҳәр бир район (қала)да мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртибине әмел ете отырып, мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билим бериў саласында мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысы менен шуғылланатуғын кеминде бир юридикалық шахсты шөлкемлестириў илажларын көрсин.
  2. Мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билим бериў саласында мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық шахслар 2021-жылдың 1-январына шекемги болған мүддетте төмендеги төлемлерден азат етилсин:

барлық түрдеги салықлар менен мәмлекетлик мақсетли қорға мәжбүрий төлемлерден (бирден-бир социаллық төлемнен тысқары), бунда азат етилип атырған қаржылар оларды заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинлеўге,  зәрүр өнимлер менен үскенелер сатып алыўға, имаратлар менен объектлерди реконструкциялаўға, капитал оңлаўға және халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына бийпул билимлендириў хызметлерин көрсетиўге мақсетли бағдарланады;

мийнет шәртнамасы тийкарында тәлим-тәрбия процесине тартылған шет елли оқытыўшылар менен қәнигелердиң айлық мийнет ҳақысынан бирден-бир социаллық төлем.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети зәрүрликтен келип шығып, мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билим бериў саласында мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық шахслар тәрепинен Өзбекистан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын жаңа оқыў әсбап-үскенелерин ҳәм оқыў материалларын республикаға алып кириўде (бажыхана хызметлерин рәсмийлестириў ушын төлемлер буған кирмейди) бажыхана төлемлеринен азат етиўди ҳәм олардың дизимин тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасы Президенти қарары жойбарын орнатылған тәртипте киргизсин.
  2. Төмендегилер юридикалық шахслар тәрепинен мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиўде:

шет елли оқытыўшылар менен қәнигелер юридикалық шахсларға салынатуғын дәрамат салығынан ҳәм Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорына ажыратылатуғын төлемлерден дүзилген мийнет шәртнамасы шеңберинде азат етилетуғыны;

шет елли оқытыўшылар менен қәнигелерге еки тәреплеме авиабилетлерди сатып алыўға байланыслы қәрежетлер (узақ мүддетли мийнет шәртнамасы тийкарында – бир жылда еки мәртеден аспаған жағдайда) жумыс бериўши тәрепинен қапланыўы мүкинлиги;

шет елли оқытыўшылар менен қәнигелердиң турақ жайы ушын төлемлер қысқа мүддетли мийнет шәртнамаларына тийкарланып (бир айдан көп болмаған мүддетке) жумыс бериўшилер тәрепинен әмелге асырылатуғыны, узақ мүддетли мийнет шәртнамалары шеңберинде олардың турақ жайы ушын төлемлер шәртнама шәртлерине муўапық мийнет ҳақы менен биргеликте төлеп берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Коммерциялық банклерге мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билим бериў саласында мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық шахсларға басланғыш қаржыны қәлиплестириў, имарат ҳәм жайларды сатып алыў, реконструкциялаў және капитал оңлаў, заманагөй оқыў үскенелери менен оқытыў қуралларын сатып алыў ушын 5 жылдан кем болмаған мүддетке, Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан аспайтуғын ставкада жеңилликли кредитлер ажыратыў усыныс етилсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине тийисли минстрликлер менен ведомстволардың буйыртпаларына тийкарланып мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық шахслар тәрепинен жумысқа мирәт етилип атырған шет елли оқытыўшылар менен қәнигелердиң кириў визаларын орнатылған тәртипте консуллық ҳәм басқа да төлемлерди өндирместен рәсмийлестириў ўазыйпасы жүкленсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте төмендегилерди белгилейтуғын ҳүкимет қарарын қабыл етсин:

мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў саласында мәмлекетлик жеке меншик шерикликтиң нәтийжели механизмлерин енгизиў;

алдынғы шет ел тәжирийбелерин инабатқа ала отырып, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысы менен шуғыланатуғын юридикалық шахсларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрлерин жетилистириў;

мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў менен шуғылланатуғын юридикалық шахслардың жумысын қадағалаў механизмлери;

мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысына лицензия бериў тәртиби ҳаққындағы нызамды тастыйықлаў.

  1. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.

 

   Өзбекистан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 15-сентябрь

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына ТҮСИНИК

Ғәрезсизлик жылларында билимлендириў саласында жасларға заманагөй билимлерди бериў, олардың интелектуаллық потенциалын арттырыўға ҳәм дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеўине қарартылған бир қатар өзгерислер менен реформалар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, улыўма билим бериў сапасын түп-тийкарынан арттырыўды, интеллектуал, эстетикалық ҳәм физикалық бәркамал әўладты жетилистириўди және жасларға билим бериўди жаңа сапа дәрежесине көтериў, соның ишинде, шет тиллерин, информатика ҳәм математика, физика, химия, биология сыяқлы әҳмийетли ҳәм талап жоқары болған басқа да пәнлерди тереңлестирип үйрениў 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының тийкарғы мақсетлеринен бири сыпатында белгиленген.

Шет ел тәжирийбелери мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери арасында беккем бәсекилик пуқаралардың сапалы билим алыўға болған ҳуқықын әмелге асырыўға хызмет ететуғынын көрсетпекте.

Сонлықтан да бир қатар раўажланған шет еллерде мәмлекетлик емес билимлендириў секторының улыўма орта билим бериўдеги үлеси жоқары болып, Германияда 12 процентти, Францияда 17 процентти, АҚШта 18 процентти, Уллы Британияда 20 процентти, Испания, Ирландия ҳәм Голландияда 30 процентти қурайды.

Ҳәзирги күнде республикамызда 43 мәмлекетлик емес улыўма орта билим бериў  мектеби тийисли лицензияға ийе болып, халық билимлендириў системасындағы 9680 мектепке салыстырмалы олардың үлеси 0,4 процентти қурайды. Мәмлекетлик емес улыўма орта билим бериў мектеплериниң көпшилик бөлеги (27 си) Ташкент қаласында жайласқан, Қарақалпақстан Республикасында, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Сырдәрья, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында бирде-бир мәмлекетлик емес мектеби шөлкемлестирилмеген.

Жумыс ислеп атырған мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелеринен   20 сы баслаўыш тәлим (1-4-класслар), қалған 23 и улыўма орта билим бериў (1-9-класслар) басқышларына мөлшерленген, олардағы 330 класста 6 мыңға шамалас оқыўшы тәлим-тәрбия алады (мәмлекетлик мектеплердиң контингентине салыстырғанда 0,12%).

ЮНЕСКО ҳәм DGP Research & Consulting консалтинг шөлкеми менен биргеликте тартылған шет елли экспертлер топары тәрепинен миллий билимлендириў системасын комплексли үйрениў бойынша өткерилген талқылаўларда билмлендириўдиң сапасын жақсылаўда бәсекилик орталығын жетилистириў, онда жеке-меншик билимлендириў секторын раўажландырыўға тийкарғы бағдар сыпатында итибар қаратыў зәрүрлиги айрықша атап өтилген.

Бар кемшиликлерди әмелий сапластырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерине узақ мүддетли жеңилликли кредитлер ажыратыў ҳәм бурын ажыратылған кредитлердиң мүддетин созыў, билимлендириў ҳәм оған тийисли хызметлер бойынша барлық салық түрлери төлемлеринен 2021-жылға шекем азат етиў, пәнлерди шет тилинде тереңлестирип оқытыў ҳәм бул арқалы билимлендириўдиң сапасын арттырыў мақсетинде билимлендириў процесине шет елли оқытыўшылар менен қәнигелерди кеңнен тартыў нәзерде тутылған.

Өз гезегинде, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерине мирәт етилип атырған шет елли оқытыўшылар менен қәнигелерге виза бериў, авиатранспорт, турақ жай, мийнетине мүнәсип ҳақы төлеў ҳәм салықлардан азат етиў сыяқлы мәселелер де өз шешимин тапқан.

Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың қәбилетли ҳәм талантлы перзентлерин таңлаў тийкарында мәкемедеги жәми оқыўшылар улыўма санының 10 процентинен кем болмаған жағдайда билимлендириў хызметлерин көрсетиўден келип түскен дәраматлар есабынан бийпул (гарант тийкарында) оқытыў белгиленген.

Буннан тысқары, қарарда орнатылған тәртипте аккредитациядан өткерилген мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерине мәмлекетлик үлгидеги билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет бериў ҳуқықы нәзерде тутылған.

Жоқарыда көрсетилген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша тийисли министрликлер менен ведомстволарға мәмлекетлик емес билимлендириў жумысын буннан былай да раўажландырыў, қолайлы шараятлар жаратыў бойынша тийисли тәртипке ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер киргизиў тапсырмалары берилген.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумысын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи халық билимлендириў системасында беккем бәсекилик орталығын жаратыўға, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң жумысын раўажландырыўға, шет елли оқытыўшыларды тартыў жолы менен анық ҳәм тәбийғый пәнлер, шет тилерди тереңлестирип оқытыўға ҳәм бул, өз гезегинде, жаслардың дүнья мийнет базарында бәсекилесиўде белсенди ҳәм жоқары маманлықтағы кадр сыпатында дүнья жәмийетшилигинде елимиздиң абырайын арттырыўға, бәркамал инсан болып жетилисиўине хызмет етеди.

Қарар мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери секторының кеңейиўин, республиканың ҳәр бир районындағы ҳәм қаласындағы пуқаралардың билимлендириў хызметлеринен пайдаланыўда таңлаўға ийе болыўын, жасларға мүнәсип тәлим-тәрбия бериў сыяқлы ўазыйпаларды өз мойнына алатуғын маман жеке-меншик исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлайды.