Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Ташкент ўәлаятының туристлик потенциалын буннан былай да раўажландырыў және оннан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, аймаққа шет елли ҳәм жергиликли туристлерди кеңнен тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, заманагөй инфраструктураны жедел раўажландырыўды тәмийинлеў, көрсетилип атырған туристлик, мийманхана ҳәм транспорт хызметлерин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги, «Энергияны үнемлеў миллий компаниясы» АЖ, Өзбекистан Республикасы Сыртқы экономикалық хызмет миллий банкиниң (кейинги орынларда – Өзмиллийбанк):

Ташкент ўәлаятының Чимён-Чарвақ курорт-рекреация зонасы шегарасы шеңберинде «Чарвақ» еркин туристлик зонасын (кейинги орынларда – еркин туристлик зона) шөлкемлестириў;

еркин туристлик зона аймағында заманагөй мийманхана комплекслерин, мәдений-саламатландырыў, саўда-кеўилашар ҳәм туристлик әҳмийеттеги басқа да объектлерди қурыў, сондай-ақ, заманагөй инженерлик инфраструктурасы объектлерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Төмендегилер еркин туристлик зонаның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

еркин туристлик зонада заманагөй туризм инфраструктурасы объектлерин (мийманхана комплекслерин, мәдений-саламатландырыў, саўда-кеўилашар ҳәм туристлик әҳмийеттеги басқа да объектлерди), туристлерге хызмет көрсетиў ушын зәрүр шараятларды тәмийинлеген ҳалда арнаўлы функционаллық ҳәм мәўсимлик рекреациялық дем алыў зоналарын жаратыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын шет елли ҳәм жергиликли инвесторлардың инвестицияларын тартыў;

аймақтың экоорталық имканиятларын есапқа алған ҳалда өзине тән туристлик бағдарларды шөлкемлестириў;

транспорт қуралларының арзанлығын тәмийинлеў, аймақта транспорт ҳәрекетиниң жаңа (поезд, электропоезд, автобус), соның ишинде, альтернатив энергия дәреклеринде ҳәрекетленетуғын түрлерин енгизиў, жолаўшы транспорты бағдарларын кеңейтиў, оның тоқтаўсыз ҳәрекетин шөлкемлестириў, тийисли транспорт инфраструктурасын раўажландырыў;

туристлер қәўипсизлигиниң қосымша шараятларын, соның ишинде, туристлик инфраструктура объектлерин видеобақлаў системалары менен тәмийинлеў, ескертиў системаларын шөлкемлестириў, регион аймағына келетуғын туристлер ҳаққында бирден-бир мағлыўматлар базасын, айрықша жағдайларда тез жәрдем бериў системасын енгизиў жолы менен жаратыў;

еркин туристлик зона аймағында жойбарларды әмелге асырып ҳәм хызмет көрсетип атырған исбилерменлик субъектлери және инвесторлар (соның ишинде, шет елли инвесторлар) ушын белгиленген айрықша бажыхана ҳәм салық режимлерин тәмийинлеў;

энергияның альтернатив ҳәм қайта тикленетуғын дәреклерин қолланған ҳалда жаңа заманагөй энергия үнемлейтуғын системалар ҳәм технологияларды сынақ тәризинде енгизиў тийкарында өзине тән экологиялық системаны жаратыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў.

  1. Төмендегилер:

еркин туристлик зона еркин экономикалық зона болып есапланатуғыны;

еркин туристлик зона ҳәм еркин экономикалық зонаның қатнасыўшылары сыпатында дизимге алынған исбилерменлик субъектлерине еркин экономикалық зоналар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң қағыйдалары, соның ишинде, еркин экономикалық зоналар ҳәм олардың қатнасыўшылары ушын нәзерде тутылған барлық жеңилликлер менен преференциялар енгизилетуғыны;

еркин туристлик зонаның хызмет көрсетиў мүддетти кейин ала создырыў имканияты менен 30 жылды қурайтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Ташкент ўәлаятының еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналары ҳәкимшилик кеңесине (кейинги орынларда – ҳәкимшилик кеңес) еркин туристлик зона бойынша ҳәкимшилик функциялары жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң ўәкили және Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги жанындағы Туризмди раўажландырыў департаменти директоры ҳәкимшилик кеңес қурамына киргизилсин.

  1. Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәкимшилик кеңес, Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, катография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети және Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети менен биргеликте бир ай мүддетте шөлкемлестирилип атырған еркин туристлик зонаның анық шегараларын белгилесин.

Еркин туристлик зона Чимён-Чарвақ курорт-рекреация зонасы шеңберинде бир тутас аймақ көринисинде, сондай-ақ, бөлек аймақлар көринисинде белгилениўи мүмкин.

  1. Министрлер Кабинети еки ай мүддетте еркин туристлик зонаға киретуғын аймақлардың шегараларын белгилеў, сондай-ақ, «Чарвақ» еркин туристлик зонасы Дирекциясын дүзиў ҳәм оның жумысын шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етсин.
  2. Төмендегилер:

еркин туристлик зонаның бас режесин ислеп шығыў, сондай-ақ, жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктураларын қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша буйыртпашы етип – Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы;

энергияның қайта тикленетуғын дәреклеринен (қуяш, самал, геотермал) пайдаланған ҳалда инженерлик инфраструктура объектлерин шөлкемлестириў, сондай-ақ, еркин туристлик зонаның экологиясын сақлаў ушын заманагөй тазалаў объектлери ҳәм ыссылық пенен тәмийинлейтуғын объектлерди қурыў бойынша бас жойбар, бас жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм пайдаланыўшы шөлкем етип – «Энергияны үнемлеў миллий компаниясы» АЖ;

еркин туристлик зонаның бас режеси ҳәм аймақтың толық режелестириў жойбарын ислеп шығыў бойынша бас жойбарлаў шөлкеми етип – «ТашкентбаспланЛИТИ» МУК белгиленсин.

  1. «ТашкентбаспланЛИТИ» МУК алты ай мүддетте халықаралық мәсләҳәтшилерди тартқан ҳалда еркин туристлик зонаның бас режесин ҳәм аймақтың толық режелестириў жойбарын ислеп шықсын және ҳәкимшилик кеңес пенен келисе отырып, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте тастыйықлаў ушын киргизсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги:

Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги, «Энергияны үнемлеў миллий компаниясы» АЖ және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте Министрлер Кабинетине еркин туристлик зона аймағында жол-транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм өндирислик инфраструктураларды раўажландырыў бағдарламасын тастыйықлаў ушын киргизсин;

Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте ҳәр жыл ушын Өзбекистан Республикасының инвестициялық бағдарламалары параметрлерин қәлиплестириўде еркин туристлик зонаның бас режесин ҳәм аймақтың толық режелестириў жойбарын ислеп шығыў ушын ҳақы төлеў, еркин туристлик зонаның ислеп шығарылған ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланған бас режеси тийкарында еркин туристлик зонаның транспорт, өндирислик ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў ушын капитал қойылмалардың лимитлерин және зәрүр орайластырылған инвестициялардың ажыратылыўын нәзерде тутсын;

Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, ҳәкимшилик кеңес пенен биргеликте бир ай мүддетте Министрлер Кабинетине еркин туристлик зонада әмелге асырыў ҳәм орналастырыў ушын жойбарларды таңлаў өлшемлери бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры (кейинги орынларда – Қор) еркин туристлик зонада әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларды биргеликте қаржыландырыў ушын 100 миллион АҚШ доллары муғдарында жеңилликли кредит линиясы ашылыўын тәмийинлесин.

Қор тәрепинен ажыратылатуғын кредит линиясы қаржыларын қайта қаржыландырыў Өзмиллийбанк, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм «Асака» АКБ тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

кредит линиясы шеңберинде сырт ел валютасындағы кредитлер 2 жыллық жеңилликли дәўир, 2 процент қосылған 6 айлық ЛИБОР ҳәм банктың 0,5 процент муғдарындағы маржасына тең болған процент ставкасы менен 7 жылға шекемги мүддетте берилетуғыны;

Қордың кредит линиясы қаржылары заманагөй импорт үскенелери ҳәм технологияларын сатып алыў ушын инвестициялық жойбар нырқының 50 процентинен зыят болмаған суммада ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзмиллийбанк, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм «Асака» АКБға:

еркин туристлик зона аймағында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларға 100 процентке шекем банк үлеси менен, соның ишинде, банклердиң тийисли инвестициялық компаниялары арқалы қатнасыў;

әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте  халықаралық қаржы институтлары, сырт ел банклери ҳәм басқа да инвесторлар – юридикалық ҳәм физикалық шахслар (соның ишинде, сырт елли), мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес қорлардың, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң грантлары, кредит линиялары ҳәм инвестицияларын, бийғәрез қаржы жәрдемлерин және коммерциялық банклердиң кредитлерин тартыў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Ишки ислер министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте еркин туристлик зона аймағында интеллектуаллық транспорт, геоинформация системасын ҳәм басқа да сол сыяқлыларды нәзерде тутатуғын қәўипсиз туризмди тәмийинлеў концепциясын енгизиў бойынша усыныслар киргизсин.
  2. 13. Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги еки ай мүддетте туристлерге сапалы медициналық хызмет көрсетиў, соның ишинде, тез ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў бойынша комплексли илажларды ислеп шықсын, онда еркин туристлик зонаның медицина мәкемелери, атап айтқанда денсаўлықты сақлаў системасының бирлемши буўыны мәкемелери менен тәмийинлениўине, олардың заманагөй үскенелер ҳәм жоқары маманлықтағы кадрлар менен толықтырылыўына айрықша итибар қаратсын.
  3. 14. Өзбекистан автомобиль ҳәм дәрья транспорты агентлиги «Өзбекистан темир жоллары» АЖ және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте Министрлер Кабинетине Ташкент – Чимён-Чарвақ курорт-рекреация зонасы (ҳәм изге) бағдары бойынша, зәрүр жағдайда жаңа қолайлы бағдарларды енгизген ҳалда, комбинацияланған жолаўшы тасыў системасын буннан былай да раўажландырыў бойынша усыныслар киргизсин.
  4. 15. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги ПҚ-2916-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын муўапықластырыў ҳәм жетилистириў бойынша Республикалық комиссия Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте турмыслық шығындыларды еркин туристлик зона аймағынан ең жақын шығындыларды қайта ислеў кәрханаларына алып шығып кетиўди системалы түрде шөлкемлестириў бойынша илажлар көрсин.
  5. 16. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзмиллийбанк пенен биргеликте еки ай мүддетте:

Чарвақ еркин туристлик зонасын буннан былай да раўажландырыў концепциясының жойбарын ҳәм оны әмелге асырыў бойынша илажлар режесин ислеп шықсын және оларды ҳәкимшилик кеңес ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және ведомстволар менен келисе отырып, Министрлер Кабинетине киргизсин;

нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. 17. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Халмуратовқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 5-декабрь

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Чарвақ» еркин туристлик зонасын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрманына

Т Ү С И Н И К

Өзбекистан Республикасында жумыс орынларын жаратыў, экономиканы диверсификациялаў, аймақларды жедел раўажландырыў, валюта түсимлерин көбейтиў, халықтың дәраматларын ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў сыяқлы ең әҳмийетли социаллық-экономикалық ўазыйпаларды жақын келешекте шешиў ушын кең потенциалға ийе болған туризм саласын раўажландырыў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Ташкент ўәлаяты үлкен туристлик потенциалға ийе. Себеби, аймақта экстремал ҳәм таў туризмин, яғный шаналарда ушыў, сноубординг, парапланда ҳәм дельтапланда ушыў, велоспорт, мотоспорт ҳәм экстремал спорт түрлери, және экологиялық ҳәм аўыл хожалық туризмин раўажландырыўға тәбийғый шараятлар бар.

Атап айтқанда, Ташкент ўәлаяты таўларында Чарвақ суў сақлағышы болып, оның жағасында көплеген пансионатлар, дем алыў зоналары ҳәм балалар спорт саламатландырыў лагерлери жайласқан. Саўлатлы арқа Тянь-Шань таўлары көплеген туристлик жоллар ҳәм ишки жоллар, сарқырамалар, үңгирлер, жарлар, ғоза тереклери ҳәм бағлар 2016-жылы ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик дизимине киргизилген. Буннан тысқары «Угом-Чатқал» миллий бағы 230 түрдеги ҳайўан, 1800 өсимлик түрлери ҳәм 4 тәбийғый көллерди (Урунгач, Бодак, Шовури, Ихнож) өз ишине алады.

Бүгинги күнде ўәлаятта жергиликли ҳәм сырт елли туристлерге хызмет көрсететуғын жәми 120 кәрхана жумыс алып бармақта: олардан 15и туристлик операторлар, күнине 2440 туристке хызмет көрсетиў имканиятына ийе болған 45 мийманхана, 71 санаторий ҳәм дем алыў орынлары жумыс ислемекте. Туризм хызметлери экспорттың жәми 44,6 миллион АҚШ долларын қурайды, бул болса өсимниң 109,2 процентин қурайды.

Соған қарамастан, регионның ири туристлик потенциалы ҳәм тәбийғый ресурслары есапқа алынса, бул көрсеткишти қанаатландырарлы деп болмайды, яғный турақ жайлар, санаторийлер ҳәм дем алыў орынларын орналастырыў ушын жеткиликли қаржылар жоқ, туристлик инфраструктуралардың раўажланыў ҳәм туристлерге көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы төмен, сондай-ақ, олардың түрлериниң саны шекленген.

Соның менен бирге, Ташкент ўәлаятындағы туризм тараўының бүгинги жағдайы талқыланғанда туристлердиң арзан ҳәм сапалы дем алыў талапларын толығырақ қанаатландырыў ушын бул тараўды раўажландырыў бойынша нәтийжели илажларды қабыл етиў зәрүрлигин көрсетпекте.

Усы мүнәсибет пенен Ташкент ўәлаятының туристлик потенциалынан пайдаланыўдың нәтийжелигин арттырыў ҳәм раўажландырыў, транспорт-коммуналлық инфраструктура объектлери комплексин ҳәм жаңа туристлик бағдарларды қәлиплестирген ҳалда Чимён-Чарвақ рекреация аймағында заманагөй инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў жолы менен дем алыў ҳәм туризм ушын шараятларды жақсылаў, сондай-ақ, туристлик хызметлердиң сапасын арттырыў, сол тийкарда жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыўды тәмийинлеў мақсектинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Чарвақ» еркин туристлик зонасын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Чарвақ» еркин туристлик зонасын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилиўи туризм саласындағы мәмлекетлик сиясаттың логикалық даўамы есапланады ҳәм Ташкент ўәлаятының туристлик потенциалынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин раўажландырыўға ҳәм арттырыўға қаратылған.

Ташкент ўәлаятының өзине тән курорт-рекреация шараятларын есапқа алған ҳалда Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрманы менен заманагөй мийманхана комплекслерин, мәдений-саламатландырыў, саўда-кеўилашар ҳәм туристлик әҳмийеттеги басқа да объектлерди қурып, сондай-ақ, заманагөй инженерлик инфраструктурасы жаратқан ҳалда Чимён-Чарвақ рекреация аймағында «Чарвақ» еркин туристлик зонасын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Өзбекистанның потенциаллы пайдалы туризм санааты ҳәзирги ўақытта мийманханалардың қурылысы ҳәм дерлик барлық заманагөй инфраструктура ушын инвестициялардың жетиспеўи, сондай-ақ, туристлерди тартыў ҳәм сырт елде дем алыўды қәлейтуғын пуқараларды ишки туристлик базарларға қайта бағдарлаў ушын зәрүр болған хызмет көрсетиў дәрежесиниң төменлиги менен байланыслы машқалаларға дус келип атырғаны себепли еркин туристлик зонаны жаратыў мәмлекетлик әҳмийеттеги мәселеге көтерилди.

Шөлкемлестирилип атырған «Чарвақ» еркин туристлик зонасы Өзбекистандағы усы сыяқлы зоналар ишинде биринши ҳәм бирден-бир екени себепли, еркин туристлик зоналар елимиз ушын инновациялық характерге ийе болып есапланады.

Пәрман менен «Чарвақ» еркин туристлик зонасының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленбекте:

еркин туристлик зонада заманагөй туризм инфраструктурасы объектлерин (мийманхана комплекслерин, мәдений-саламатландырыў, саўда-кеўилашар ҳәм туристлик әҳмийеттеги басқа да объектлерди), туристлерге хызмет көрсетиў ушын зәрүр шараятларды тәмийинлеген ҳалда арнаўлы функционаллық ҳәм мәўсимлик рекреациялық дем алыў зоналарын жаратыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын шет елли ҳәм елимиз инвесторларының инвестицияларын тартыў;

аймақтың экоорталық имканиятларын есапқа алған ҳалда өзине тән туристлик бағдарларды шөлкемлестириў;

транспорт қуралларының арзанлығын тәмийинлеў, аймақта транспорт ҳәрекетиниң жаңа (поезд, электропоезд, автобус), соның ишинде, альтернатив энергия дәреклеринен ҳәрекетленетуғын түрлерин енгизиў, жолаўшы транспорты ҳәрекетиниң бағдарларын кеңейтиў, олардың тоқтаўсыз ҳәрекетин шөлкемлестириў, тийисли транспорт инфраструктурасын раўажландырыў;

туристлер қәўипсизлигиниң қосымша шараятларын, соның ишинде, туристлик инфраструктура объектлерин видеобақлаў системалары менен тәмийинлеў, ескертиў системаларын шөлкемлестириў, регион аймағына келетуғын туристлер ҳаққында бирден-бир мағлыўматлар базасын, айрықша жағдайларда тез жәрдем бериў системасын енгизиў жолы менен жаратыў;

еркин туристлик зона аймағында жойбарларды әмелге асырып ҳәм хызмет көрсетип атырған исбилерменлик субъектлери және инвесторлар (соның ишинде, шет елли инвесторлар) ушын белгиленген айрықша бажыхана ҳәм салық режимлерин тәмийинлеў;

альтернатив ҳәм қайта тикленетуғын дәреклерди қолланған ҳалда жаңа заманагөй энергияны үнемлейтуғын системаларды ҳәм технологияларды сынақ тәризинде енгизиў тийкарында өзине тән экологиялық системаны жаратыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў;

Туризм инфраструктурасы объектлерин, дем алыўды ҳәм туристлик хызметлерди раўажландырыў ушын шөлкемлестирилетуғын еркин туристлик зоналар еркин экономикалық зоналардың бир түри екенин есапқа алып:

«Чарвақ» еркин туристлик зонасының хызмет көрсетиў мүддетти кейин ала создырыў имканияты менен 30 жыл етип белгиленди;

еркин туристлик зонаға ҳәм зонаның қатнасыўшылары сыпатында дизимге алынған исбилерменлик субъектлерине еркин экономикалық зоналар ҳаққындағы нызамшылық қағыйдалары, соның ишинде, еркин экономикалық зоналар ҳәм олардың қатнасыўшылары ушын нәзерде тутылған барлық жеңилликлер менен абзаллықлар енгизилди.

Еркин туристлик зонаның жаратылыўы мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-3356-санлы «Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен шөлкемлестирилген Ташкент ўәлаятында еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарының ҳәкимшилик кеңеси қурамына Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң ўәкили ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги жанындағы туризмди раўажландырыў департаментиниң директоры киргизилди.

Пәрманда ўәкилликли министрликлер ҳәм ведомстволарға еркин туристлик зонаны раўажландырыў бойынша төмендеги илажларды әмелге асырыўға қаратылған бир қатар тапсырмалар нәзерде тутылған:

еркин туристлик зона аймағында қәўипсиз туризмди тәмийинлеў концепциясын, соның ишинде, интеллектуал транспорт, геомәлимлеме системасын ҳәм басқаларды енгизиў бойынша усынысларды киргизиў;

еркин туристлик зонаны медицина мәкемелери менен тәмийинлеўге, денсаўлықты сақлаў системасының бирлемши буўыны мәкемелерин, олардың заманагөй үскенелер ҳәм жоқары маманлықтағы кадрлар менен тәмийинленгенлигине тийкарғы итибар қаратқан ҳалда туристлерге сапалы медициналық хызмет, соның ишинде, жедел ҳәм кешиктириўге болмайтуғын медициналық жәрдем бойынша илажлар комплексин ислеп шығыў;

Ташкент – Чимён-Чарвақ курорт-рекреация зонасы маршруты (ҳәм изге) бойынша комбинацияланған жолаўшы тасыў системасын буннан былай да раўажландырыў, зәрүрлик болғанда жаңа қолайлы жөнелислерди енгизиў бойынша усынысларды киргизиў;

еркин туристлик зона аймағынан турмыслық шығындыларды системалы тийкарда оларды қайта ислейтуғын жақын кәрханаларға алып шығып кетиў бойынша илажларды қабыл етиў;

«Чарвақ» еркин туристлик зонасын буннан былай да раўажландырыў Концепциясының жойбарын, сондай-ақ, оны әмелге асырыў бойынша илажлар режесин киргизиў.

Пәрманның ең әҳмийетли тәреплеринен және бири оның еркин экономикалық зона аймағында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылғаны болып табылады. Сол мақсетте Өзбекистан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорына кредит ҳәм процентлерди өтеўдиң қолайлы шәртлерин бериўди өз ишине алатуғын 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жеңилликли кредит линияларын ашыўды тәмийинлеў тапсырылған.

Соның менен бирге, Өзбекистан Республикасы Сыртқы экономикалық хызмет миллий банкине, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм «Асака» АКБға;

еркин экономикалық зона аймағында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларда банклердиң, соның ишинде, банклердиң тийисли инвестициялық компаниялары арқалы 100 процентке шекем қатнасыў;

Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте  халықаралық қаржы институтлары, сырт елли банклер ҳәм басқа да инвесторлардың – юридикалық ҳәм физикалық шахслардың (соның ишинде, сырт елли юридикалық ҳәм физикалық шахслардың), мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес қорлардың, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң грантлары, кредит линиялары ҳәм инвестицияларын, бийғәрез қаржылай жәрдемлерин, сондай-ақ, әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын коммерциялық банклердиң кредитлерин тартыў ҳуқықы берилмекте.

Пәрманның қабыл етилиўи заманагөй инфраструктураны избе-из раўажландырыў, усыныс етилетуғын туристлик, мийманхана ҳәм транспорт хызметлериниң сапасын және Чимён-Чарвақ рекреация аймағына келетуғын шет елли ҳәм жергиликли туристлер ушын хызметлер дәрежесин жақсылаў мақсетинде сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша мәселелерди шешиўди жеделлестириўге имканият береди.