Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарында  мәнзилли ислесиўдиң бир тутас системасын енгизиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында

14



Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьдағы “2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўы нәтийжесинде мәҳәллелерде жынаятшылықты дерлик 1,5 есеге азайтыўға ерисилгенин есапқа алып, сондай-ақ, бул бағдарда бир тутас жумыс системасын енгизиў ҳәм жуўапкер басшылардың ўазыйпаларын белгилеў мақсетинде қарар етемен:

  1. I. Мақсетлер ҳәм тийкарғи ўазыйпалар

1.Төмендегилер усы қарардың тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:

а) социаллық профилактика нәтийжелилигин арттырыўды тийкарғы ўазыйпа етип белгилеген ҳалда мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты исенимли тәмийинлеў бойынша мәнзилли профилактикалық илажлар системасын нәтийжели енгизиў арқалы жынаятшылықты кескин азайтыў;

б) шаңарақ-турмыс қатнасықлары шеңберинде және ҳаял-қызлар ҳәм жаслар тәрепинен исленип атырған жынаятлардың тийкарғы факторларын илимий көзқараслар тийкарында таллаў арқалы олардың ерте алдын алыў бойынша жаңа жумыс механизмлерин белгилеў;

в) ҳәр қандай нызамсыз жағдайлар бойынша мүрәжатларға оператив мүнәсибет билдириў системасын жаратыў, бул бағдардағы жумысты тиккелей орынларда нәтийжели жолға қойыў арқалы халықтың разылығына ерисиў.

2.Төмендегилер барлық жуўапкер уйымлар ҳәм мәкемелер ушын мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў бойынша шөлкемлестириўшилик-профилактикалық илажларды әмелге асырыўдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

а) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьдағы “2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-1-санлы қарары менен белгиленген механизмлерине муўапық жумысларды даўам еттириў;

б) ҳәр бир мәҳәлледе криминоген жағдайға унамсыз тәсир етиўши факторлар менен ислесиўдиң мәҳәллелер кесиминде ҳәр шереклик мәнзилли илажларын белгилеў және олардың мәҳәлле – район – ўәлаят дәрежесинде орынланыўы ушын тиккелей жуўапкер басшыларды бириктириў ҳәм оларға анық жуўапкершиликти жүклеў;

в) мәҳәлле аймағында халықтың социаллық-турмыслық машқалаларын шешиў арқалы алдын алыў мүмкин болған ҳәр бир жынаят бойынша жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин арттырыў, социаллық профилактика субъектлери тәрепинен әмелге асырылған илажлардың нәтийжелилиги бойынша қатаң сораў системасын жолға қойыў;

г) шаңарақ-турмыс қатнасықлары шеңберинде және ҳаял-қызлар ҳәм жаслар тәрепинен исленетуғын жынаятларды “илимий жуўмақ – усыныс – нәтийже” принципи тийкарында орынларға шыққан ҳалда мақсетли илимий-әмелий үйрениў арқалы нәтийжели шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды белгилеў;

д) мәҳәллелердеги жәмийетлик орынларда ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бағдарына заманагөй мәлимлеме-коммуникация ҳәм жасалма интеллект технологияларын, социаллық профилактикаға жуўапкер уйымлар ҳәм мәкемелер тәрепинен көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги үстинен электрон қадағалаў системасын кеңнен енгизиў.

  1. II. Шөлкемлестириў-профилактикалық илажлар
  2. Мәҳәллелерде жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша нәтийжели системаны жолға қойыўға қаратылған мәнзилли жумысларды шөлкемлестириў мақсетинде 2026-жылы аймақлардың жуўапкер басшылары ҳәм мәкемелерге төмендеги тәртипте атпа-ат бириктирилетуғыны белгилеп қойылсын:

а) криминоген жағдайы аўыр мәҳәллелер – район (қала) ҳәкимлери, прокурорлары ҳәм ишки ислер уйымлары баслықлары ҳәм олардың орынбасарларына;

б) бес жылдан берли “қызыл” категорияда қалып атырған мәҳәллелер – Миллий гвардияның аймақлық басқармалары баслықларына, ўәлаят дәрежесиндеги ишки ислер уйымлары басшыларының ҳәм ҳәкимлердиң орынбасарларына;

в)  үш жылдан берли “қызыл” категорияда қалып атырған мәҳәллелер – ҳуқық қорғаў уйымларының билимлендириў ҳәм илимий шөлкемлерине;

г) криминоген жағдайы ең аўыр район ҳәм қалалар – ўәлаятлар дәрежесиндеги прокурорлардың ҳәм ишки ислер уйымлары басшыларының биринши орынбасарларына;

д)  ҳаял-қызлар жынаятшылығы, спиртли ишимлик ҳәм нәшебентликке берилген  шахслар жынаятшылығы ҳәм де жәнжелли шаңарақлар көрсеткиши ең жоқары болған мәҳәллелер – тийисли түрде ўәлаятлар дәрежесиндеги шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар, денсаўлықты сақлаў ҳәм де әдиллик басқармалары баслықларына.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) бириктирилген жуўапкер басшылар ҳәм мәкемелерге өз аймақларында ҳуқықбузарлықлардың ерте профилактикасын шөлкемлестириў үлгисин жаратыў, аймақлық “жол карталары” менен белгиленген илажлардың толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў және социаллық профилактика системасын нәтийжели жолға қойыў бойынша қатаң жеке жуўапкерлик жүкленеди;

б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери ҳәр айда тиккелей өзлери кеминде еки криминоген жағдайы аўыр ҳәм қыйын мәҳәллелерге барған ҳалда жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм жумыссызларға белгиленген социаллық профилактика илажларының әмелге асырылыў жағдайын сын көзқарастан үйренеди және олардың социаллық-турмыслық машқалаларын сапластырыў бойынша мәнзилли илажлар көреди;

в) ҳәр айдың жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери тәрепинен мәҳәллелерде исленген социаллық-турмыслық түрдеги жынаятлардың себеплери ҳәм оларды келтирип шығарған факторларды сын көзқарастан талқылайды ҳәм ҳәрекетсизликке жол қойған социаллық профилактикаға жуўапкер шөлкемлердиң басшыларына шаралар көреди;

г) социаллық бейимлестириў бағдарламасы жуўмақланғаннан соң социаллық профилактика объектлери тәрепинен жынаятлар ислениўиниң алдын алыў мақсетинде усы шахслардың турмыс тәризи бир жыл даўамында мониторинг етилип барылады.

д) республика мәҳәллелеринде қосымшаға муўапық тәртипте жергиликли ҳәкимликлер басшылығында “Социаллық профилактика ҳәптелиги”н өткериў әмелияты жолға қойылады;

ж) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери тәрепинен аймақлық прокурорлар ҳәм ишки ислер уйымлары басшыларының ҳәр шеректе киргизилетуғын қоспа усынысларына тийкарланып мәҳәлледе жынаятшылықты сапластырыў бағдарында жуўапкер мәмлекетлик уйымлардың кеминде 15 өрнек көрсеткен басшы ҳәм хызметкерлери жергиликли бюджет дәраматларының прогноздан арттырып орынланған бөлеги есабынан мийнетке ҳақы төлеў фонды (пул тәмийнаты) ның бир есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен хошаметлеп барылады.

III. Шөлкемлестириў-қадағалаў илажлары

 

Мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың ерте профилактикасы бағдарындағы жумысларды комплексли шөлкемлестириў мақсетинде Бас прокуратура жанында дүзилген Республикалық уйымлараралық муўапықластырыў жумысшы топары (кейинги орынларда – Муўапықластырыў жумысшы топары) өз жумысын белгиленген тәртипте даўам еттирсин.

Муўапықластырыў жумысшы топары (Б.Валиев, А.Рахматуллаев):

а) 2026-2027-жылларда ҳәр шеректе республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталық жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўдың нәтийжели шөлкемлестириўшилик-техникалық системасын қәлиплестириўге қаратылған ҳәр бир аймақ кесиминде тийкарғы мақсетли көрсеткишлерди тастыйықлап барсын ҳәм оларға ерисиў жағдайы үстинен қадағалаўды тәмийинлесин;

б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен ҳәр бир аймақ ҳәм криминоген жағдайы аўыр мәҳәллелер кесиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьдағы ПҚ-1-санлы қарары менен тастыйықланған мәҳәлле – район – ўәлаят дәрежелериндеги мәнзилли илажлардың үлги “жол карталары” тийкарында ҳәр шереклик аймақлық “жол карталары”н ислеп шығыўды ҳәм орынлаўға қаратыўды шөлкемлестирсин;

в) мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың ерте профилактикасы бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин, соның ишинде, орынларға тиккелей шыққан ҳалда системалы түрде баҳаласын, сондай-ақ, аймақлық “жол карталары”нда нәзерде тутылған илажлардың избе-из, сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын турақлы түрде қатаң (соның ишинде, электрон қадағалаў платформасы арқалы) қадағалап барсын;

г) ҳәр айда кеминде еки ўәлаят кесиминде мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы ҳәм нәтийжелилиги бойынша барлық жуўапкер уйымлар ҳәм мәкемелер менен сын көзқарастан додалаўлар өткерилиўин ҳәм бул мәселеге жуўапкершилик пенен қатнас жасамаған басшыларға лаўазымынан босатыўға шекемги тәсир илажларының көрилип барылыўын жолға қойсын;

д) мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў жумысларына мүнәсип үлес қосқан жуўапкер басшылар ҳәм хызметкерлерди ҳәр жылы Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни мүнәсибети менен мәмлекетлик сыйлықларға усынылып барсын.

  1. а) мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм олардың нәтийжелилиги ҳәр ай жуўмағында – ўәлаят прокурорлары ҳәм ишки ислер уйымлары баслықлары жанында, ҳәр шерек жуўмағында ишки ислер министри ҳәм Бас прокурор жанында тийисли ўәлаят ҳәм республика басшылары қатнасыўында сын көзқарастан додаланатуғыны және Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына аналитикалық мәлимлеме және жуўапкерлерди хошаметлеў ямаса интизамий жазалаў бойынша усыныслар киргизилип барылатуғыны;

б) усы қарарға муўапық аймақларға бириктирилген жуўапкер басшылар ҳәм мәкемелер тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың жағдайы үстинен қадағалаў, соның ишинде, орынларға тиккелей шыққан ҳалда олардың нәтийжелилигин баҳалап барыў Муўапықластырыў жумысшы топары ҳәм оның аймақлық штаблары тәрепинен тәмийинленетуғыны белгиленсин.

 

  1. IV. Нызам үстинлигин тәмийинлеў илажлары

 

  1. Төмендегилерге:

 

а) Бас прокурордың ҳәм ишки ислер министриниң биринши орынбасарларына – жынаятларды есаптан жасырыў, күнделикли есабатларға жалған мағлыўматларды киргизиў жағдайларына пүткиллей шек қойыўға қаратылған қатаң қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша;

б) Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы прокурорлары ҳәм ишки ислер уйымларының басшыларына – жынаят исин қозғатыўды тийкарсыз бас тартыў, жынаятларды есаптан жасырыў ҳәм қастан надурыс квалификациялаў жағдайларының алдын алыўға қаратылған системалы қадағалаўды тәмийинлеў бойынша;

в) район (қала) прокурорлары ҳәм ишки ислер уйымларының басшыларына – халықтың ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ҳәр қандай мүрәжатларын сөзсиз дизимге алыў, көрип шығыў нәтийжесинде қабыл етилген қарарлардың нызамлылығын үйрениў және барлық жынайый жағдайлар бойынша белгиленген илажлардың өз ўақтында, нызамлы ҳәм толық әмелге асырылыўын шөлкемлестириў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин және бул бағдарда қатаң илажлар көрилиўи ҳаққында ескертилсин.

Ишки ислер министрлиги (А.Ташпулатов):

а) 2026-жылдың ақырына шекем пуқаралардың ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы аўызеки мүрәжатларын тараў ҳәм аймаққа қарамастан, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң хызмет планшетлери арқалы реал ўақыт режиминде бирден-бир тәртипте қабыл етиў ҳәм тийислилиги бойынша оператив мүнәсибет билдириў әмелиятын жолға қойсын;

б) 2026-жыл 1-ноябрьге шекем пуқаралар тәрепинен мәҳәлле профилактика инспекторлары менен онлайн сөйлесиў, фото, аудио, видео ҳәм тәшиўишли хабарларды жибериў, сондай-ақ, олардың жумысына баҳа бериў имканиятын беретуғын “Мениң инспекторым” мобиль қосымшасын ислеп шығыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў илажларын көрсин;

в) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2026-жыл 1-майға шекем шаңарақ-турмыс қатнасықлары шеңберинде жүз берилетуғын жынаятлардың алдын алыў мақсетинде даў-жәнжелли шаңарақлар ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў, таллаў ҳәм мониторинг етиў имканиятын беретуғын “E-ijtimoiy profilaktika” мәлимлеме системасын  “E-nizoli oila” модулын енгизиў ҳәм модулди судлар арасында тиккелей интеграциялаў илажларын көрсин;

г) 2026-жыл 1-июльға шекем Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьдағы ПҚ-1-санлы қарары менен белгиленген тәртипте таллаўлардан келип шыққан ҳалда басқа аймақлардың криминоген жағдай аўыр ҳәм қурамалы мәҳәллелеринде де мәҳәлле ҳуқық-қорғаў орынларының жумысын жолға қойыў және онда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша оператив ҳәрекетлениў системасын енгизиў илажларын көрсин.

 

  1. V. Қарар орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў

 

  1. Ишки ислер министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Қарар орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы департамент баслығы Д.Б.Кадировқа жүкленсин.

 

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                              Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2026-жыл 5-январь