Өзбекистан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Мәденият ҳәм көркем өнер саласындағы басқарыў системасында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги жанында юридикалық шахс шөлкемлестирместен жумыс ислеп атырған бюджеттен тысқары Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының тийкарында Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги жанында юридикалық шахс статусына ийе болған Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.
  2. Қордың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

«Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемесиниң жумысын тәмийинлеў;

қаржы, шөлкемлестириўшилик ҳәм дөретиўшилик бағдарларда комплексли илажларды әмелге асырыў тийкарында мәденият ҳәм көркем өнер саласын буннан былай да раўажландырыўға көмеклесиў, сондай-ақ, мәденият ғайраткерлерин ҳәм сүўретлеў көркем өнери, әдебият, театр, музыка ҳәм хореография салаларында олардың басламасы менен шөлкемлестирилетуғын илажларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

халықаралық ҳәм мәмлекетлераралық мәдений байланысларды кеңейтиў, мәденият ҳәм көркем өнер саласында халықаралық мәдений шөлкемлер ҳәм қайырқомлық қорлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў, шет ел инвестициялары менен грантларын тартыў, елимизде мәдениятқа ҳәм көркем өнерге байланыслы қәўендерликти раўажландырыўға көмеклесиў;

мәдениятлараралық дөретиўшилик пикирлесиўди жолға қойыў ҳәм өзбек көркем өнериниң жер жүзилик көркем ҳәм мәдений орталыққа интеграцияласыўына көмеклесиў, сондай-ақ, елимиздиң мәдений ҳәм илимий-техникалық потенциалына және нәтийжели бәсекилеслигине байланыслы тәреплерди таныстырыў;

мәденият ҳәм көркем өнер саласында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасын жетилистириў, соның менен бирге, Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги системасындағы мәкемелерди зәрүр әдебиятлар ҳәм күнделикли басылымлар менен тәмийинлеў;

шет ел тәжирийбелерин есапқа ала отырып, елимиз музейлериниң ҳәм басқа да мәдений мәкемелердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў системасын жетилистириўге көмеклесиў;

халықаралық стандартларға муўапық жаңа мәдений мәкемелер қурыў ушын қаржы ҳәм жәрдем бериў;

Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги системасындағы мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм оларды капитал және ағымда оңлаў;

халықаралық институтлар, шет еллердиң ҳүкиметлери, қәўендерлер ҳәм донорлар менен жойбарларды биргеликте қаржыландырыўды шөлкемлестириўди тәмийинлеў;

дүньядағы алдынғы тәжирийбелерди елимизде енгизиў бойынша усыныслар таярлаў мақсетинде мәденият ҳәм көркем өнер саласын қаржыландырыў бойынша раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў;

халыққа төлемли хызметлер көрсетиўдиң көлемин ҳәм Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги системасындағы бюджет шөлкемлериниң фондына түсимлерди көбейтиў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

нызамшылықта белгиленген дәреклерден түсип атырған қаржыларды жыйнаўды тәмийинлеў;

ажыратылып атырған мақсетли қаржылардан дурыс, нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыў үстинен қадағалаў орнатыў;

Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги системасында жумыс ислеп атырған хызметкерлерди материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў бойынша илажлар ушын мақсетли қаржылар ажыратыў.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры қаржыларын жетилистириў дәреклериниң дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Қор Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорына төленетуғын мәжбүрий төлемлерден тысқары барлық түрдеги салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли фондларға мәжбүрий төлемлерден азат етилсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Қордың жумысын шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етсин, онда, соның ишинде, қордың атқарыў дирекциясының структурасын тастыйықлаўды нәзерде тутсын.
  4. Өзбекистан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекистан ҳүкиметиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер менен қосымшалар киргизилсин.
  5. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте, бир ай мүддетте олар тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы Президенти                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2017-жыл 16-октябрь