Өзбекстан Республикасында турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Турақ жай тараўының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, турақ жай қурылысы ҳәм оны сатып алыўдың тең салмақлы системасын қәлиплестириў, ҳәзирги талап ҳәм зәрүрликлерди есапқа алған ҳалда турақ жай қурылысының көлемин белгилеў ҳәм тараўда мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, турақлы экономикалық өсиў, халықтың санының артып барыўы ҳәм урбанизация процесслеринен келип шығып, ҳәр бир пуқара ушын қолайлы жасаў шараятларын жаратыў мақсетинде қарар етемен:
- I. Мақсетлер.
- Усы Пәрманның тийкарғы мақсети етип Турақ жай тараўын турақлы ҳәм тең салмақлы раўажландырыўды тәмийинлеў, 2040-жылға шекем ҳәр жылы қурылып атырған турақ жайлардың санын еки есеге арттырып, 421 мыңға жеткериў, ипотека кредит портфелин 10 еседен аслам көбейткен ҳалда 56,7 миллиард АҚШ долларына жеткериў белгиленсин.
- Төмендегилер турақ жай тараўын турақлы ҳәм тең салмақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
(а) ири агломерацияларда турақ жай фондының өсиўин ҳәм қала орталығын раўажландырыўды тәмийинлеген ҳалда урбанизация процесслерин қоллап-қуўатлаў;
(б) халықтың турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм “Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыў жумысларын избе-из даўам еттирген ҳалда турақ жай фондында заманагөй турақ жайлардың үлесин 2040-жылға шекем 50 процентке жеткериў;
(в) турақ жай базарына банк қаржысы ҳәм институционал инвесторлар қаржыларын, соның ишинде, ипотека кредитинен пайдаланған ҳалда тартыў;
(г) үлесли қурылысқа инвестиция киргизип атырған физикалық шахслардың ҳуқықларын қорғаў;
(д) турақ жай қурылысы тараўын “Турақ жайдың бирден-бир турмыс цикли” принципи тийкарында комплексли реформалаў ҳәм оны әмелге асырыўдағы тосқынлықларды сапластырыў.
- II. Бағдарламалық ҳүжжетлер ҳәм оларды әмелге асырыў механизмлери
- Төмендегилер:
(а) Өзбекстан Республикасында 2040-жылға шекемги дәўирде турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары (кейинги орынларда – тийкарғы бағдарлар) 1-қосымшаға муўапық;
(б) Өзбекстан Республикасында 2040-жылға шекемги дәўирде турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша мақсетли көрсеткишлер 2-қосымшаға муўапық;
(в) Өзбекстан Республикасында 2040-жылға шекемги дәўирде турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Тийкарғы бағдарлар урбанизация, турақ жай ҳәм ипотека базарын 2040-жылға шекем раўажландырыў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўдың тийкары болып, бул тараўда ислеп шығылатуғын барлық жаңа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер оған муўапық болыўы керек екенлиги белгиленсин.
- Қурылысы жуўмақланбаған турақ жайлар ҳәм санаат аймақларын биринши гезекте қурылысқа тартыўды, сондай-ақ, экологиялық таза өнимлер ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды пайдаланған ҳалда турақ жай массивлериниң инженерлик, транспорт ҳәм социаллық инфраструктурасын алдыннан қурыўды нәзерде тутатуғын комплексли қурылыс принципи тийкарында турақ жайлардың қурылысын шөлкемлестириў тәртиби енгизилсин.
- Комплексли қурылыс принципи шеңберинде төмендегилер тәмийинленетуғыны белгиленсин:
(а) комплексли қурылыс бағдарламаларын тек ашық ҳәм толық ислеп шығылған режелер тийкарында таярлаў;
(б) комплексли қурылыс ушын ажыратылған жер участкаларын меншиклестириў бағдарламаларына киргизиў яки басқа жойбарларға тартыў ҳәм де олардың мақсетли бағдарын өзгертиўге жол қоймаў;
(в) комплексли қурылыс жойбарларына киргизилетуғын жер участкалары, көшпес мүлк объектлери ҳәм олардың ҳуқық ийелери ҳаққында толық мағлыўматларды усыныў;
(г) жойбарларды әмелге асырыўда аймақлардың келешектеги социаллық мүтәжликлерин есапқа алатуғын комплексли қатнастан пайдаланыў;
(д) көшпес мүлк объекти ийесиниң ол жайласқан жер участкасына ижара ямаса мүлк ҳуқықында ийелик етиў бойынша айрықша ҳуқықын кепиллеў.
III. Әмелий ҳәм институционаллық илажлар
- Өзбекстан Республикасында урбанизация, турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўды тәмийинлеў бойынша муўапықластырыўшы кеңес 4-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
- Төмендегилер Өзбекстан Республикасында урбанизация, турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
(а) халық ушын турақ жайға ийе болыў имканиятын арттырыў;
(б) турақ жай қурылысында реновация тийкарында қурылатуғын үйлердиң үлесин басқышпа-басқыш арттырып барыў ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды турақ жай менен тәмийинлеў;
(в) артықша турақ жай қурылысы ямаса оның жетиспеўшилигиниң алдын алыў.
- Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети (кейинги орынларда – Миллий комитет) шөлкемлестирилсин.
- Миллий комитет:
(а) урбанизация процесслери, турақ жай қурылысы, реновация ҳәм ипотека тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, сондай-ақ, усы бағдардағы бағдарламаларды муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып есапланатуғыны;
(б) өз жумысын Министрлер Кабинети менен тығыз бирге ислесиўде шөлкемлестиреди ҳәм әмелге асырады. Онда Министрлер Кабинети урбанизация процесслерин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў, турақ жай қурылысы, реновация ҳәм ипотека бағдарламаларын және нәтийжели мәмлекетлик турақ жай сиясатын әмелге асырыўда Миллий комитетке ҳәр тәреплеме жәрдем беретуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер Миллий комитет жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
(а) урбанизация процесслерин муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў;
(б) нәтийжели ҳәм турақлы турақ жай сиясатын ислеп шығыў ҳәм де әмелге асырыў;
(в) реновация бағдарламаларын нәтийжели әмелге асырыўды тәмийинлеў;
(г) “Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыў жумысларын муўапықластырыў, соның ишинде, аймақларды таңлаўда нызамшылық пенен белгиленген нормалар ҳәм урбанизация принциплерине әмел етилиўин тәмийинлеў.
- IV. Пәрманныӊ орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Кадастр агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) Миллий комитет системасына өткерилсин.
- Әдиллик министрлиги Миллий комитет, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги менен биргеликте:
(а) бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының жойбарын;
(б) бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети жанындағы Кадастр агентлиги жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының жойбарын;
(в) еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша усынысларды белгиленген тәртипте киргизсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги:
(а) бир ай мүддетте Миллий комитеттиң жумысын шөлкемлестириў ушын талап етилетуғын қаржыларды 2025-жылы ажыратсын. Онда Миллий комитетти мебель, компьютер ҳәм басқа да зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў ушын қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын;
(б) 2026-жылдан баслап ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде Миллий комитеттиң жумысын қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-январьдағы “Республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши гезектеги шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-14-санлы Пәрманына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Усы Пәрманның нәтийжели орынланыўын шөлкемлестириў ушын жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитетиниң баслығы белгиленсин.
- Пәрманның орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев.