Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

 

Ғәрезсизлик жылларында елимизде мәденият ҳәм көркем өнер саласын раўажландырыў, дүнья көлеминдеги алдынғы тәжирийбелер тийкарында заманагөй мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин қурыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, дөретиўши инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселелерине мәмлекетимиз тәрепинен үлкен итибар қаратылып келинбекте.

Халықтың, атап айтқанда, жаслардың мәдений дәрежесин арттырыў, оларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық мәденияттың ең жақсы үлгилери менен таныстырыў, сол тийкарда руўхый жақтан жетилискен, бәркамал шахсларды тәрбиялаў, жас талант ийелериниң талантын ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, мәденият ҳәм көркем өнер саласын басқарыўда ескише усыллардың сақланып қалғаны, бар машқалаларды шешиў бойынша комплексли қатнастың жетиспеўшилиги, мәденият мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириўде, халыққа мәдений хызмет көрсетиўде ақсақлыққа жол қойылып атырғанын, көпшилик жағдайларда мәденият ҳәм көркем өнер орайларының материаллық-техникалық базасы бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейтуғынын атап өтиў зәрүр. Әсиресе, сала ушын жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаўда бир қанша талапларды ҳәм зәрүрликлерди есапқа алмаў, оларды қайта таярлаў, маманлығын арттырыў бағдарында пуқта системаның жаратылмағаны мәденият саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў, бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпаларды толық орынлаў имканиятын бермей атыр.

Елимизди жаңалаўдың ҳәм модернизациялаўдың бүгинги жаңа басқышында мәденияттың ҳәм көркем өнердиң турмысымыздағы орнын және әҳмийетин арттырыў, жас әўладымызды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятлар, ана-Ўатанға меҳир ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасында мәденият ҳәм көркем өнер саласын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириў бойынша 2017-2021-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп аталады) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бағдарламаның тийкарғы бағдарлары етип белгиленген төмендеги ўазыйпалар орынлаў ушын қабыл етилсин:

мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы нызамшылықты жетилистириў. Соның ишинде, музейлердиң ҳәм театрлардың жумысын жетилистириўге және материаллық-техникалық базасын беккемлеўге қаратылған комплексли илажлар ислеп шығыў. Материаллық мәдений мийрасты ҳәм археологиялық объектлерди қорғаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў механизмлерин және де жетилистириў;

мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери, театрлар, музейлер, көркем өнер жәмәәтлери, мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайлары, мәденият ҳәм дем алыў бағларының жумысын, материаллық-техникалық базасының жағдайын ҳәр тәреплеме үйрениў, оларды оңлаў ҳәм зәрүр үскенелер, музыка әсбаплары менен тәмийинлеў, нәтийжели дөретиўшилик жумыс ушын қолайлы шараятлар жаратыў. Өзбек миллий аяқ ойын ҳәм хореография көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў, мәденияттың ҳәм көркем өнердиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан белгили көркем өнер ғайраткерлерин, дүнья көлеминдеги абыройлы таңлаўларда жоқары орынларды ийелеген жасларды материаллық қоллап-қуўатлаў;

жасларды көркем өнер орайларына, атап айтқанда, театр ҳәм музейлерге, концерт тамашаларына турақлы тартыў, өзбек ҳәм дүнья мәдениятының ең сайланды үлгилери менен таныстырыў арқалы олардың руўхый-әдеп-икрамлылық, эстетикалық талғамын ҳәм мәдений дәрежесин буннан былай да арттырыў. Мәденият ҳәм дем алыў бағларының жанында «Нуранийлер орай»ларын шөлкемлестирип, олардың мәдений дем алыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў;

«Сени жырлаймыз, заманлас!», «Дебют» сыяқлы театр көркем өнери фестивальларының нәтийжелигин арттырыў арқалы уллы тулғалардың, заманымыз қаҳарманларының образын, бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларды сәўлелендирген, көркемлик жақтан жоқары сахна шығармаларын дөретиў. «Бәҳәр нәпеси» халықаралық көркем өнер фестивалын, «Байсын бәҳәри» халықаралық фольклор фестивалын, «Жаслық бәҳәри» республикалық жас опера атқарыўшыларының фестивалы сыяқлы илажларды, ҳәр қыйлы халық сейиллерин шөлкемлестирип, оларға шет елли туристлерди кеңнен тартыў;

мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы билимлендириў мәкемелериниң маман кадрларға ҳәм  қәнигелерге болған талаплары менен зәрүрликлерин үйрениў, бул бағдарда кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўдың нәтийжели системасын жаратыў, заманагөй алдынғы тәжирийбелерден пайдаланыў, дүньяның белгили музыкантлары, композиторларының қатнасында дөретиўшилик ушырасыўларды, шеберлик сабақларын шөлкемлестириў, мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы билимлендириў мәкемелерин оқыў бағдарламалары ҳәм ноталар, оқыў қолланбалар және сабақлықлар, илмий-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеў;

Өзбекистанның жоқары мәдениятын ҳәм көркем өнерин халықаралық майданда буннан былай да кеңнен үгит-нәсиятлаў, халықаралық таңлаўларда ҳәм фестивальларда елимиз ўәкиллериниң қатнасыўын күшейтиў, Самарқанд қаласында өткерилетуғын «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалының абыройын буннан былай да арттырыў, басқа да ҳәр қыйлы илажларда шет елли мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң кең түрде қатнасыўын тәмийинлеў, халықаралық илимий-әмелий әнжуманлар шөлкемлестириў, салаға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў.

  1. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги 2017-жылдың 1-октябрине шекем:

музейлердиң ҳәм театрлардың жумысын жетилистириў және олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў комплексли илажларын;

жасларды театрларға ҳәм музейлерге, концерт-тамаша илажларына системалы түрде тартыў арқалы олардың руўхый-әдеп-икрамлылық, эстетикалық ҳәм мәдений дәрежесин буннан былай да арттырыўға қаратылған илажлар бағдарламасын;

Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Экономика министрлиги менен биргеликте елимиздеги концерт-тамаша ҳәм театр мәкемелериниң дөретиўшилик хызметкерлери ушын грим ҳәм постижёр өнимлерин, аяқ кийимлер, арнаўлы липаслар, соның ишинде, балет көркем өнери ушын липаслар, жоқары дәрежеде исленген сахна декорациялары ҳәм конструкциялары, перде ҳәм сахна липасларын таярлаўға қәнигелескен қоспа кәрхана шөлкемлестириў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Мәденият министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Ташкент қаласы, Бухара көшеси, 10 жайда жайласқан имараттты «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемесиниң қарамағына өткериў ҳәм усы имаратта жәҳән стандартларына толық сәйкес келетуғын, академиялық жәмәәтлердиң көркем бағдарламалары қойылатуғын, жанлы ҳаўазға мөлшерленген заманагөй концерт залын қурыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги 2018/2019 оқыў жылынан баслап Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясында мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, мектептен тыс билимлендириў мәкемелери ушын жоқары маманлықтағы музыка педагогларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға қәнигелестирилген факультет шөлкемлестириў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын.
  3. Төмендегилер Бағдарламаны әмелге асырыўды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекистан Республикасы Инвестициялық бағдарламалары қаржылары;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының қаржылары;

Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қоры;

коммерциялық банклердиң кредит қаржылары;

юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекистан Республикасында мәденият ҳәм көркем өнер саласын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириў бойынша 2017-2021-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияның қурамы w-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Республикалық комиссия (А.Арипов):

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалаларда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм тийисли аймақлардың ҳәкимлери басшылығында Бағдарламаны әмелге асырыў бойынша бир ҳәпте мүддетте тийисли жумысшы топарлар шөлкемлестирсин;

министрликлер менен ведомстволар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен ҳәр бир мәмлекет ҳәм хожалық  басқарыў уйымлары, ўәлаят, қала, районлар бойынша Бағдарлама тийкарында еки ҳәпте мүддетте аймақлық бағдарламалардың ислеп шығылыўын тәмийинлесин, оларды тастыйықласын ҳәм оларда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында әмелге асырылыўын муўапықластырсын;

Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың орынланыўына жуўапкер болған министрликлер менен ведомстволардың, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын системалы тийкарда муўапықластырып, белгиленген илажлардың толық ҳәм сапалы орынланыўы үстинен мониторинг алып барсын ҳәм қадағаласын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

Бағдарламаны әмелге асырыў бойынша еки ҳәпте мүддетте аймақлық бағдарламаларды ислеп шығып, Республикалық комиссияға тастыйықлаў ушын киргизиў;

Бағдарламаны әмелге асырыў ушын зәрүр болатуғын жергиликли бюджет қаржыларының режелестирилиўи ҳәм толық ажыратылыўы, қәўендерлик қайырқомлықлардың тартылыўын тәмийинлеў;

аймақларда мәденият саласында жумыс ислеп атырған жоқары маманлықтағы хызметкерлер, соның ишинде, талантлы жас қәнигелер ушын мүнәсип турақ жай шараятларын жаратыў мақсетинде аймақлардың орайларында жеңиллетилген ипотека кредитлери тийкарында көп қабатлы хызмет үйлерин қурыў, сондай-ақ, жоқарыда көрсетилген категориядағы қәнигелер ушын турақ жайлар ажыратыў;

мәденият ҳәм дем алыў бағларында халықтың, әсиресе, балалардың ҳәм жаслардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәрекеттеги атракцион ҳәм басқа да ойын қурылмаларының қәўипсизлик қағыйдаларына муўапықлығын тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султановқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

            Президенти                            Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 31-май