Өзбекистан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Сыртқы экономикалық хызметти буннан былай да либералластырыў, экспортқа өним жеткерип бериўди күшейтиўди хошаметлеў, жергиликли экспорт етиўши шөлкемлердиң бәсекиге шыдамлылығын ҳәм қаржы турақлылығын арттырыў, артықша ҳәм ескирген рухсат бериў тәртиплерин бийкар етиў арқалы исбилерменлик орталығын жетилистириў мақсетинде:

  1. 2017-жыл 1-июльден баслап сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық:

исбилерменлик субъектлерине жаңа мийўе-овощ, жүзим ҳәм палыз өнимлериниң ҳақысын алдын ала 100 процент төлеў шәрти менен тиккелей шәртнамалар тийкарында экспорт етиўге рухсат етиледи;

өзи ислеп шығарған товарларды шет ел валютасына олардың өзине түсер баҳасынан төмен баҳалар бойынша еркин түрде ямаса министрликлердиң, ведомстволардың ҳәм хожалық бирлеспелериниң сыртқы саўда шөлкемлери арқалы экспорт етиўши шөлкемлерге, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2012-жыл 26-марттағы ПҚ-1731-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Өнимлерди дүнья базарында ҳақыйқый жүзеге келген, соның ишинде, өзине түсер баҳасынан төмен баҳаларда экспорт етиў мәселелерин көрип шығатуғын арнаўлы экспорт комиссиясының қарарлары тийкарында, салық салыў мақсетинде товарларды (жумысларды, хызметлерди) сатыўдан алынған түсимлердиң муғдары товарларды (жумысларды, хызметлерди) сатыўдың ҳақыйқый баҳасынан келип шыға отырып анықланады;

өзи ислеп шығарған өнимлерди экспорт ететуғын шөлкемлер ушын әмелдеги жеңилликлер менен преференциялар өзлери ийеси болған өнимлерди экспорт ететуғын шөлкемлерге енгизиледи;

бурын пайдаланыўда болған машиналарды, әсбап-үскенелерди ҳәм механизмлерди олар таярланған ўақыттан баслап 5 жыл өткеннен кейин экспорт етиў Өзбекистан Республикасы Ҳүкиметиниң қарарларысыз әмелге асырылады;

келтирилип атырған ҳәм ислеп шығарылып атырған товарлардың муўапықлық сертификатын рәсмийлестириў мүддетлери 3 жумыс күнине қысқартылады.

  1. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги халықаралық карантин қағыйдаларының өсимликлер карантини саласындағы миллий нормативлик ҳүжжетлерге енгизилиўин тәмийинлеў бойынша илажлар режесин бир ай мүддетте ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2005-жыл 11-марттағы «Экспорт-импорт операцияларын тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-26-санлы қарарының 3-бәнти төмендеги редакцияда жазылсын:

«3. Нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ТН СИХ кодлары топарларына тийисли, бурын пайдаланыўда болған машиналарды, әсбап-үскенелерди ҳәм механизмлерди экспорт етиў Өзбекистан Республикасы Ҳүкимети қарарлары бойынша әмелге асырылады.

Бунда бурын пайдаланыўда болған машиналарды, әсбап-үскенелерди ҳәм механизмлерди экспорт етиў, олар таярланған ўақыттан баслап 5 жыл өткеннен соң Өзбекистан Республикасы Ҳүкиметиниң қарарысыз әмелге асырылады».

  1. Өзбекистан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

бурын пайдаланылған машиналарды, әсбап-үскенелерди ҳәм механизмлерди экспорт етиўге рухсат бериў ҳаққында қарар қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы Режениң жойбарын бир ай мүддетте ислеп шықсын ҳәм тастықлаў ушын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

еки ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2017-жыл 21-июнь

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жергиликли экспорт етиўши шөлкемлерди буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳәм сыртқы экономикалық хызметти жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына

Т Ү С И Н И К

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасына раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша ҳәрекетлер стратегиясын енгизиў шеңберинде исбилерменлик субъектлериниң экспорт хызметин хошаметлеў ҳәм кеңейтиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Тек ғана усы жылдың өткен дәўиринде 360 тан аслам жаңа кәрхана экспорт хызметине тартылды, 120 дан аслам жаңа өнимлердиң экспорт етилиўи өзлестирилди, таяр тоқымашылық өнимлери, минерал төгинлер, жеңил автомобильлер ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары болған басқа да өнимлердиң экспорт көлемлери сезилерли дәрежеде артты.

2016-жылы шөлкемлестирилген «Өзагроэкспорт» қәнигелестирилген сыртқы саўда компаниясының жергиликли мийўе-овощ өнимлерин сыртқы базарларға алып шығыў ҳәм жаңа базарларды өзлестириў бойынша жумысы сезилерли дәрежеде жеделлести, нәтийжеде усы жылдың басынан 230 мың тоннадан аслам мийўе-овощлар экспортқа жеткерип берилди.

Соның менен бирге, мийўе-овощ өнимлерин экспорты саласындағы жумыс талқыланғанда пайдаланылмай атырған үлкен потенциал сақланып қалынып атырғаны ҳәм мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыўшылардың экспорт хызметинде кең көлемде қатнасыўы ушын бюрократиялық тосқынлық бар екенин көрсетпекте.

Усы мүнәсибет пенен, усы жыл 21-июньде Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген «Жергиликли экспорт етиўши шөлкемлерди буннан былай да қоллап-қуўтлаў ҳәм сыртқы экономикалық хызметти жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарар, бәринен бурын, барлық мийўе-овощ өнимлерди ислеп шығарыўшылардың өзиниң өнимлерин сыртқы базарларға еркин жеткерип бериўди қоллап-қуўатлаў ҳәм сол тийкарда «Өзагроэкспорт» АЖ монополиясын бийкар етиўге қаратылған. Усы мақсетте  2017-жылдың 1-июлинен баслап барлық исбилерменлик субъектлерине жаңа мийўе-овощ өнимлерин, жүзим ҳәм палыз өнимлерин төлеўди алдын ала 100 процент әмелге асырыў шәрти менен тиккелей шәртнамалар тийкарында экспорт етиў ҳуқықы берилди.

Атап өтиў керек, бул илажлар мийўе-овощ өнимлериниң экспортын кеңейтиў менен биргеликте дийхан ҳәм фермер хожалықларын  сыртқы базарларда талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыўдың көлемин кеңейтиў, жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, соның ишинде, қайта егинлер егиў есабынан аўыл хожалығы өнимлериниң зүрәәтлигин арттырыўға хошаметлейди. Бул болса өз гезегинде, өндирилип атырған мийўе-овощ өнимлериниң баҳасы және сапасы бойынша сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имканиятын береди. Ең әҳмийетлиси, дийқан ҳәм фермер хожалықлары жетистирген өнимлериниң ҳақыйқый ийеси сыпатында олардан өзиниң қәлеўине бола пайдаланыў, еркин экспорт етиў, дәраматларды арттырыў, шаңарағының материаллық абаданлығын тәмийинлеўи мүмкин болады, қосымша валюта түсимлери болса аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм оларды терең қайта ислеў бойынша жаңа жойбарларды инвестициялаў ушын имканият жаратады.

Соның менен бирге, жергиликли мийўе-овощ өнимлерин сыртқы базарларға шығарыў ушын шет елде қабыл етилген норма ҳәм стандартларға өнимлердиң муўапықлығын тәмийинлеў бойынша системалы жумысларды әмелге асырыў талап етиледи. Усы мақсетте Президент қарары менен Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигинен бир ай мүддетте миллий нызамшылық ҳүжжетлерине халықаралық карантин қағыйдаларын енгизиў бойынша анық илажлар режесин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў тапсырылды.

Қабыл етилген қарардың әҳмийетли тәреплеринен бири, тек ғана өним ислеп шығарыўшыларға емес бәлким өнимлерди шет елге экспорт етиўде жергиликли өндириўшилерге көмеклесетуғын сыртқы саўда шөлкемлерине де экспорт хызметин әмелге асырыўда теңдей шараятлар жаратылды. Буннан тысқары, ислеп шығарыўшы-экспорт етиўшилер ушын қоланылатуғын әмелдеги нызамшылықта нәзерде тутылған жеңилликлер ҳәм қолайлықлар енди жергиликли ислеп шығарыўшылардың өнимлериниң экспорты менен шуғылланатуғын барлық исбилерменлик субъектлерине енгизиледи. Бул экспорт пенен тийисли тәжирийбе ҳәм зәрүр қаржыларға ийе, турақлы түрде дүнья базары конъюнктурасын бақлап баратуғын және сыртқы базарларда исенимли шериклери бар қәнигелескен компаниялардың өнимлер экспорты менен шуғылланатуғын халықаралық әмелиятқа толық сәйкес келеди.

Буннан тысқары, бул норманың енгизилиўи заманагөй маркетинг усылларынан, сондай-ақ, сыртқы саўда компанияларының имканиятлары менен абзаллықларынан максимал пайдаланыў имканиятын береди, бул өз гезегинде республикамыздың экспорт потенциалын сезилерли дәрежеде күшейтиўге, экспорт географиясын ҳәм өнимлер экспортының номенклатурасын кеңейтиўге алып келеди.

Сондай-ақ, ҳүжжетте сыртқы экономикалық хызметти әмелге асыратуғын исбилерменлик субъектлерин рухсат алыў тәртибинен өтиўдеги, соның ишинде, өнимлерге муўапықлық сертификатларын рәсмийлестириў мүддетлериниң созылып кетиўи сыяқлы айырым қыйыншылықлар бойынша көплеген мәмлекетлик уйымларға мүрәжатлардың шешими өз көринисин тапқан. Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары менен буннан кейин сертификатлаў уйымлары тәрепинен ислеп шығылатуғын шет елден алып келинетуғын өнимлерге муўапықлық сертификатлр 3 жумыс күннен көп болмаған мүддетте рәсмийлестирилиўи қатаң белгилеп қойылған.

Соның менен бирге, қарарды сыртқы базарлардағы қолайсыз конъюнктура шараятында өзлери ислеп шығарған өнимлерди өзине түсер баҳасынан төмен баҳада экспорт етиўге мәжбүр болған кәрханалар ушын салық жүгин кемейтиў илажы нәзерде тутылған. Солай етип, Арнаўлы экспорт комиссиясының жуўмақлары тийкарында өзине түсер баҳасынан төмен баҳаларда экспорт етилген товарлардан (жумыс, хызмет) түсим олардың әмелдеги сатыў баҳаларынан келип шыға отырып салыққа тартылады, бул өндириўшилерге салықтан азат болған қаржылар өндирилип атырған өнимлердиң өзине түсер баҳасын буннан былай да азайтыў бойынша илажларды әмелге асырыў имканиятын береди.

Жуўмақлап айтқанда, бул қарардың норма ҳәм тәртиплериниң әмелге асырылыўы республикамыздың экспорт потенциалын күшейтиўге, экспорт географиясын кеңейтиўге ҳәм диверсификациялаўға, сыртқы базарларға жергиликли өнимлерди алып шығыўда заманагөй маркетинг усылларынан жедел пайдаланыўға, сондай-ақ, өнимлер экспорты менен шуғылланатуғын кәрханалардың санын көбейтиўге және олардың қаржы турақлылығын арттырыўға бағдарланған.