Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Мәмлекетимизде майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели сиcтемасын қәлиплестириў оларды мийнет етиўге кеңнен тартыў арқалы турмыслық сапасын ҳәм дәрежесин арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, базар экономикасы шараятында майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеп атырған кәрханалардың турақлы жумыс ислеўин хошаметлеўге қаратылған қосымша илажларды әмелге асырыў талап етилмекте.
Майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелерине қараслы юридикалық шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, олардың өндирислик қуўатлықларын буннан былай да модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Қаржы министрлиги, Өзбекстан майыплар асоциациясы, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети ҳәм Өзбекстан гереңлер жәмийети (кейинги орынларда-майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери)ниң бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери есапланған юридикалық шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Жумыс ислеўшилериниң улыўма санының кеминде 50 проценти майыплығы болған шахслардан ибарат ҳәм майыплығы болған шахслардың мийнетине ҳақы төлеў фонды улыўма мийнетке ҳақы төлеў фондының кеминде 50 процентин қурайтуғын бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери есапланған юридикалық шахслар:
юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы, қосымша қун салығы ҳәм юридикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салықты есаплаў ҳәм төлеўден азат етилетуғынлығы;
салыққа тартылатуғын жерлер бойынша юридикалық шахслардан алынатуғын, жер участкасының жайласқан орнына қарап белгиленген жер салығы ставкасына салыстырғанда 0,1 пәсейтиўши коэффиценти қолланған ҳалда төлейтуғынлығы белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик буйыртпашыларға Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда ислеўшилериниң улыўма санының 50 проценти майыплығы болған шахслардан ибарат ҳәм майыплығы болған шахслардың мийнетине ҳақы төлеў фонды улыўма мийнетке ҳақы төлеў фондының ең кеминде 50 процентин қурайтуғын бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери есапланған юридикалық шахслардың товарларын (ислери, хызметлери) сатып алыў ушын квоталар усынылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң жаңа редакциядағы жойбарында усы қарарда көрсетип өтилген нормаларды нәзерде тутсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 23-август