Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарары
Кейинги жылларда елимизде инсан қәдирин, ҳуқықларын ҳәм мәплерин тәмийинлеў, жәмийетимизде тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, халықтың, әсиресе, жәрдемге мүтәж қатламларды социаллық қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларымыз себепли муқаддес ислам дининиң адамгершилик мәниси, өз-ара аўызбиршилик, сақаўат ҳәм шүкиршилик идеяларын өзинде жәмлеген мүбәрек Рамазан айы халқымыздың қәлбине және де жақын ҳәм уллы әййямға айланбақта.
Социаллық-руўхый турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети күн сайын артып баратырған Рамазан айын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў, диний-ағартыўшылық, мәдений қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:
- 2026-жылы мүбәрек Рамазан айының басланыўы 19-февраль күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў “Нураный” қоры ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте елимизде Рамазан айын миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға сай түрде өткериўге байланыслы илажларды әмелге асырсын.
“Рамазан – мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы” деген ийгиликли идея тийкарында:
кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;
мәҳәллелерди өз-ара ҳүрмет, аўызбиршилик, әдиллик ҳәм тәрбия мәканына айландырыў;
жер, суў, ҳаўа ҳәм тәбийғый орталықты қорғаў, муқаддес зыярат орынлары, зыярат етиў орынлары ҳәм қойымшылықларын абаданластырыў;
Рамазан айы менен байланыслы илажларды ысырапгершиликке жол қоймай, ықшам, мазмунлы ҳәм үнемлилик тийкарында өткериўге айрықша итибар берилсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан айын өткериў менен байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Қ.Давлетовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2026-жыл 16-февраль