Фармацевтика тармағында өндиристи қоллап-қуўатлаў ҳәм илимий-изертлеў процесслерин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында

7

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыў, халық ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң дәри қуралларына болған талабын қаплаў дәрежесин жақсылаў, технологиялар трансфери арқалы фармацевтика ҳәм биотехнология тараўын раўажландырыў, жаңа технологияларды әмелиятқа енгизиў және илимий изертлеў ҳәм өндиристе толық қун шынжырын жаратыў мақсетинде қарар етемен:

  1. I. Мақсетлер.
  2. Төмендегилер 2026-жылы фармацевтика тармағын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип белгиленсин:

(а) өндирис көлемин 8,5 триллион сумға жеткериў;

(б) қуны 1 миллиард АҚШ доллары болған перспективалы инвестициялық жойбарларды қәлиплестириў;

(в) 800 миллион АҚШ доллары муғдарында жаңа инвестициялық жойбарларды баслаў;

(г) өним ҳәм хызметлер экспортын 300 миллион АҚШ долларына жеткериў;

(д) 350 түрдеги жана өнимлерди ислеп шығарыўды өзлестириў;

(ж) “Tashkent Pharma Park” инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластери аймағын кеңейтиў арқалы региондағы биотехнология ҳәм фармацевтика илимий-изертлеў ҳәм өндирис хабы – “BioPharma City”ге айландырыў.

  1. II. Тармақ кәрханаларын қоллап-қуўатлаў илажлары
  2. Фармацевтика тармағында бәсекиге шыдамлы ҳәм сапалы фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм инвестицияларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

(а) оригинал дәри қуралларының патент мүддети тамамланғанынан соң 1 жыл ишинде усы дәри қуралларын ислеп шығарыўды жолға қойған ислеп шығарыўшыларға “технологиялар трансфери” қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ 50 мың АҚШ долларынан көп болмаған бөлеги ямаса өнимди жаратыўдағы илимий изертлеў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ 100 мың АҚШ долларынан көп болмаған бөлеги Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қорының қаржылары есабынан қаплап бериледи;

(б) 2027-жыл 1-январьдан баслап “Зәрүр өндирис әмелияты – GMP” миллий сертификатына ийе болған кәрханаларға олардың өндирис линияларында усы сертификат әмел етиў мүддети даўамында белгиленген тәртип ҳәм қағыйдалар тийкарында биологиялық актив қосымшаларды ислеп шығарыўға руқсат бериледи.

  1. 2026-жыл 1-июньнен баслап:

(а) Төмендегилер Саўдаға көмеклесиў қоры қаржылары есабынан қаплап берилетуғыны белгиленсин:

(i) дәри қуралларын ислеп шығарыўшыларға EU GMP, US FDA GMP рәсмий сертификатларын енгизиўде, сондай-ақ, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң преквалификациясын алыўда сырт ел консалтинг хызметлери ҳәм EU GMP, US FDA GMP сертификатлары ушын қәрежетлердиң 50 проценти, бирақ 50 мың АҚШ долларынан көп болмаған бөлеги;

(ii) илимий-изертлеў институтлары ҳәм билимлендириў мәкемелери тәрепинен жаратылған Өзбекстанда ислеп шығарылыўы жолға қойылмаған дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелерди ислеп шығарыўшыларға усы дәри қуралларын санаат көлеминде ислеп шығарып, реализация еткеннен соң дизимнен өткериў, клиникалық сынаў ҳәм биоэквивалентлик изертлеўлери қәрежетлериниң 80 проценти, бирақ 8 мың АҚШ долларынан көп болмаған муғдарда;

(б) усы Пәрманның 1-қосымшасына муўапық жоқары технологиялы дәри қуралларын ислеп шығарыўға қаратылған жаңа инвестициялық жойбарларды 3 жыл мүддетте пайдаланыўға тапсырып, санаат көлеминде ислеп шығарыўды жолға қойған исбилерменлик субъектлерине 2 жыл мүддетке жойбар шеңберинде тартылған кредитлер бойынша кредит процент қәрежетлери Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қорының қаржылары есабынан төмендеги тәртипте компенсация етилип берилетуғыны белгиленсин:

(i) процент ставкасы Орайлық банк тийкарғы ставкасының еки есесинен көп болмаған миллий валютадағы кредитлердиң тийкарғы ставкадан 4 процентлик пункт жоқары бөлеги, бирақ 10 процентлик пункттен аспаған муғдарда;

(ii) сырт ел валютасындағы кредитлер процент ставкасының 6 проценттен жоқары бөлеги, бирақ 4 процентлик пункттен аспаған муғдарда.

  1. (а) 2026-жыл 1-июньнен баслап фармацевтика ҳәм басқа да ислеп шығарыўшы кәрханаларға, бурынғысынан басқаша тәризде, Салық комитетиниң мәлимлеме бағдарламасы арқалы операторларға берилетуғын мағлыўматқа бола салықлар ҳәм жыйымларды төлеў бойынша базалық есаплаў муғдарының еки есесинен көп болмаған муғдарда қарыздарлық бар болған жағдайда, қарыздарлық суммасы усы муғдардан жоқары болған жағдайларда болса қарыздарлық қәлиплескен күннен баслап он күнлик мүддетте мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыўға руқсат берилсин;

(б) 2026-жыл 1-сентябрьге шекем локализациялаў дәрежесине қарамастан, белгиленген тәртипте жергиликли ислеп шығарылған товар ҳаққындағы сертификатқа ийе болған фармацевтика ҳәм басқа да өнимлерди ислеп шығарыўшы кәрханаларға электрон кооперация порталы, ислеп шығарыўшылар экосистемасы, жергиликли аукцион саўдалары ҳәм “миллий дүкан”да усы өнимлерди реализациялаўға руқсат берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Санаат кооперациясы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар агентлиги еки ай мүддетте “Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында”ғы Нызамға усы Пәрманның 4-бәнтинен келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

III. Жеңилликлер.

  1. (а) фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў, дәрилик өсимликлерди мәдений ҳалда жетистириў ямаса оларды қайта ислеўге бағдарланған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлери 2040-жылға шекем инвестициялық жойбарлар басланған сәнеден баслап 3 жыл мүддетке инвестициялық жойбарлар әмелге асырылатуғын жер участкалары бойынша жер салығы, инвестициялық жойбарлар пайдаланыўға қабыл етилген күннен баслап 3 жыл мүддетке инвестициялық жойбарлар шеңберинде пайда салығы және қурылған көшпес мүлк объектлери бойынша мүлк салығынан азат етилетуғыны;

(б) жумысын турақлы мәкеме арқалы әмелге асырмайтуғын резидентлердиң Өзбекстан Республикасы аймағында дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелерди ислеп шығарыўда қолланылатуғын технологиялар трансфери ҳәм бренд аты ушын роялти көринисинде алынатуғын дәраматлары бойынша, егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларында басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, пайда салығыныӊ ставкасы 2030-жыл 1-январьға шекем 5 процент муғдарында қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Усы Пәрманның 6-бәнти “а” киши бәнтинде нәзерде тутылған салық жеңилликлери ислеп шығарылған фармацевтика өнимлерин реализациялаўдан ямаса дәрилик өсимликлерди мәдений ҳалда жетистириў ямаса оларды қайта ислеўден алынған дәраматлардың үлеси салық төлеўшиниң жәми дәраматының улыўма көлеминде кеминде 60 процентти қурағанда қолланылатуғыны белгиленсин.

Онда Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги және Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги тәрепинен салық уйымларына инвестициялық жойбарды әмелге асырыў басланған сәне ҳәм оны пайдаланыўға тапсырыў сәнеси ҳаққындағы мағлыўматлар усынылып барылады.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Салық кодексине усы Пәрманның 6-бәнтинен келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

(а) фармацевтика жумысы менен шуғылланыўшы юридикалық шахслар тәрепинен Денсаўлықты сақлаў министрлигине ямаса мәмлекетлик медицина мәкемелерине инсаныйлық жәрдеми сыпатында әмел етиў мүддети қысқалығы себепли бийпул берилетуғын жарамлылық мүддети тамамланыўына шекем кеминде 6 ай қалған дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелер салық салыў мақсетинде бундай юридикалық шахслардың экономикалық жақтан өзин ақлаған қәрежетлери деп тән алынады. Онда:

(i) усы бәнтке муўапық берилетуғын ҳәм шегирме ушын қабыл етилетуғын дәрилик затлар ҳәм медицина буйымларының қуны ҳақыйқый өндирис ямаса сатып алыў өзине түсер баҳасынан келип шығып, оған саўда үстемесин киргизбестен анықланады;

(ii) дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелердиң баҳасын асырып көрсетиў, тапсырылған мүлктиң қәлибекилиги, қайта айланысы ямаса белгиленген тәртипке бойсынбаў жағдайлары анықланған жағдайда, тийисли баҳа салықлар, пенялар қосымша есапланған ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкершилик илажлары қолланылған ҳалда қәрежетлер қурамынан шығарып тасланады;

(б) 2026-жыл 1-апрельден баслап биологиялық актив қосымша ҳәм косметика қуралларын ислеп шығарыўшы кәрханаларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-январьдағы “2022-2026-жылларда республиканың фармацевтика тармағын жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПП-55-санлы Пәрманының 5-бәнтинде нәзерде тутылған бажыхана жеңилликлери қолланылады.

  1. Салық кодексиниң 305-статьясына муўапық импорт етилген товарларды, соның ишинде, референт баҳа қолланылатуғын дәри қуралларын алып кириўде ҳақыйқатта төленген қосымша қун салығының суммасы менен оларды реализациялаў баҳасынан келип шыққан ҳалда есапланған қосымша қун салығының суммасы арасындағы унамлы өзгешелик экономикалық жақтан өзин ақлаған қәрежетлер деп тән алынады ҳәм пайда салығы бойынша салық базасын анықлаўда жәми дәраматтан шегирме етилиўи белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. IV. Қаржыландырыў дереклери
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 28-январьдағы “Фармацевтика тармағын жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПП-13-санлы Пәрманының 6-бәнтинде Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан ажыратылыўы белгиленген 30 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 10-январьдағы ПП-14-санлы қарарының 7-бәнтинде белгиленген мақсетлерге қаратылсын.
  4. Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги 2026-2027-жылларда сәйкес түрде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 10-апрельдеги ПП-5707-санлы Пәрманының 7-бәнтинде белгиленген Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының жәми 25 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларын “Tashkent Pharma Park” инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластериниң илимий изертлеў орайы, фармацевтика өнимлериниң қәўипсизлигин тексериў лабораториясы ҳәм виварий имаратларын қурыў және үскенелеў жумысларын жеделлестириў мақсетинде 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 10 жыл мүддетке жыллық 4 процент ставкада тартыў илажларын көрсин.
  5. (а) фармацевтика кәрханалары тәрепинен усы Пәрманның 11-бәнтинде нәзерде тутылған шийки зат ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыўда импорт контрактлары мәмлекетимизде аккредитациядан өткен халықаралық консалтинг компаниялары тәрепинен экспертизадан өткерилетуғыны;

(б) усы Пәрманның 12-бәнтинде нәзерде тутылған кредит қаржыларын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорына қайтарыў Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги ҳәм “Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы” мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигине жергиликли өндирис кәрханалары қәнигелериниң маманлығын арттырыў мақсетинде “Pharm Service” мәмлекетлик мәкемеси хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў, сондай-ақ, маманлығын арттырыў курсларына сырт елли қәнигелерди тартыў ушын Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қорынан қаржы қаратыўға руқсат берилсин.
  2. V. Фармацевтика өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин арттырыў
  3. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2028-жыл 1-январьдан баслап:

(а) биологиялық актив қосымшаларға руқсат бериўде Қәўиплерди таллаў ҳәм критикалық қадағалаў ноқатлары (HAACP) системасы енгизилген болыўы талап етиледи;

(б) биологиялық актив қосымшалар мәжбүрий цифрлы маркировкадан өткериледи.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлигиниң Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-июньдеги “Өзбекстан Республикасында мийўе-овощ тараўын раўажландырыў” жойбарын Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң қатнасыўында әмелге асырыў бағдарындағы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-3790-санлы қарарына муўапық Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң қарыз қаржылары есабынан сатып алынған, бирақ Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги тәрепинен пайдаланыўға зәрүрлик болмаған сынаў үскенелери, жәрдемши қураллар ҳәм лаборатория мебельлерин Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң “Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы” мәмлекетлик мәкемесине баланс қалдық баҳасында бийғәрез өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Онда Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки алдындағы қарызды қайтарыў, процентлерди төлеў ҳәм қарызға хызмет көрсетиў менен байланыслы басқа да қәрежетлер Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм “Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы” мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен сольидар тәртипте әмелге асырылады.

  1. VI. Фармацевтика тараўында кадрлар таярлаў ҳәм илимди раўажландырыў
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң:

(а) Өзбекстан химия-фармацевтика илимий-изертлеў институты, Ташкент вакцина ҳәм сывороткалар илимий-изертлеў институты ҳәм “Шығыс медицинасы” илимий-изертлеў институтлары негизинде Миллий биофармацевтика илимий-изертлеў институтын (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестириў;

(б) Институттың тийкарғы ўазыйпаларын 2-қосымшаға муўапық тастыйықлаў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. (а) Институт Өзбекстан химия-фармацевтика илимий-изертлеў институты, Ташкент вакцина ҳәм сывороткалар илимий-изертлеў институты ҳәм “Шығыс медицинасы” илимий-изертлеў институтларының ҳуқық ҳәм миннетлемелери, сондай-ақ, дүзилген шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;

(б) Өзбекстан химия-фармацевтика илимий-изертлеў институты, Ташкент вакцина ҳәм сывороткалар илимий-изертлеў институты ҳәм “Шығыс медицинасы” илимий-изертлеў институтларының әмелдеги қаржыландырыў дереклери, штат бирликлери, мүлки ҳәм басқа да товар-материаллық байлықлары Институтқа өткерилетуғыны;

(в) Институт структурасы ҳәм оның Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қорының қаржылары арқалы қаржыландырылатуғын штат бирликлериниң саны Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги тәрепинен тастыйықланатуғыны белгиленсин.

  1. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги 2026-2027-оқыў жылынан баслап Абу Али ибн Сино атындағы қәнигелестирилген мектепте тәжирийбе-сынақ тәризинде Фармацевтика техникалық университети менен өз-ара интеграция тийкарында оқыўшыларды турмыслық пәнлер тийкарларына үйретиў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын билимлендириў бағдарламаларын (кейинги орынларда – турмыслық пәнлер бағдарламалары) енгизсин:

(а) Абу Али ибн Сино атындағы қәнигелестирилген мектептиң (кейинги орынларда – мектеп) оқыў процеси 5 жыллық бағдарламалар тийкарында STEM модели бойынша шөлкемлестириледи. Бунда дәслепки 3 жылда үстинлик оқыўшыларда химия, биология, физика, математика ҳәм инглис тили бойынша фундаменталь билимлерди қәлиплестириўге, соӊғы 2 жылда болса тәбийғый пәнлер тийкарында басланғыш таярлықты тәмийинлеўге қаратылады;

(б) мектептиң 10-11-класслары ҳәм Фармацевтика техникалық университетиниң (кейинги орынларда – университет) тийисли бакалавриат бағдарларының 1-курс оқыў режелери өз-ара интеграцияланады. Онда жоқары оқыў орнының оқыў режесине байланыслы пәнлер (кейинги орынларда – жоқары билимлендириў пәнлери) оқыўшылардың таңлаўы тийкарында қосымша оқытылады;

(в) жоқары билимлендириў пәнлери университеттиң профессор-оқытыўшылары тәрепинен оқытылады ҳәм бул процесске байланыслы барлық қәрежетлер усы университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қапланады;

(г) төмендеги талапларды орынлаған мектеп питкериўшилерине университеттиң тийисли тәлим бағдарында 2-курстан тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларсыз оқыўды даўам еттириў ҳуқықы бериледи:

(i) IELTS сертификаты (6,5 балл) ямаса Билим ҳәм тәжирийбелерди баҳалаў агентлиги тәрепинен берилетуғын В2 сертификаты ҳәм де университеттиң багдарына қарап биология ҳәм химия пәнлеринен бири бойинша кеминде B+ дәрежедеги ҳәм де оған теңлестирилген сертификатқа ийе болиў;

(ii) жоқары билимлендириў пәнлери бойинша академиялық көрсеткишлерди (Academic Performance) орнатылған талап бойынша өзлестиргенлиги.

VII. Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў

  1. Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте “Tashkent Pharma Park” инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластери аймағын кеңейтиў мақсетинде оған тутас аймақтан қосымша 100 гектар жер участкаларын белгиленген тәртипте ажыратыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкаларының ижарашылары ҳәм мүлк ийелерине жеткерилген зыянның орнын қаплаў Министрлер Кабинети жанындағы Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген мүлклик зыянды компенсациялаў бойынша республикалық мақсетли қор есабынан қаплаў, сондай-ақ, жер участкалары ушын аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндириси шығынларының орнын жойбар интакерлери тәрепинен 5 жылға шекемги мүддетте бөлип-бөлип төлеў нәзерде тутылсын.
  2. Фармацевтика тараўында өндиристи кеңейтиў, экспортты жеделлестириў, жаңа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў, потенциаллы сырт ел инвесторларын ҳәм халықаралық брендлерди тартыў мақсетинде Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қорының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын ҳәм қосымша ажыратылатуғын 15 штат бирлигинен ибарат болған юридикалық шахс статусына ийе болмаған Фармацевтика санааты жойбарлаў офиси шөлкемлестирилсин. Онда Фармацевтика санааты жойбарлаў офиси хызметкерлерине Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги хызметкерлери ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери қолланылады.
  3. Фармацевтика тармағында өндирислик ҳәм илимий-изертлеў процесслерин жетилистириўге қаратылған илажлар режеси 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги тәрепинен сынаў үскенелерин, жәрдемши қуралларды ҳәм лабораториялық мебельлерди “Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы” мәмлекетлик мәкемесине өткериўде қарыз қаржысы менен байланыслы миннетлемелерди қайтарыў бойынша ҳуқық ҳәм талапларды өткериў ҳаққындағы келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўин тәмийинлесин.
  7. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.А. Худаяров ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры А.А. Азизов белгиленсин.
  8. Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев.