Этилен ҳәм пропилен полимерлеринен жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўшы жергиликли кәрханаларды қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, жергиликли өндирислик кәрханаларды сапалы ҳәм арзан шийки зат пенен тәмийинлеў, жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди экспорт етиўди қоллап-қуўатлаў мақсетинде қарар етемен:
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын ҳәм белгиленген тәртипте анық техникалық параметрлер тийкарында қәлиплестирилетуғын дизим бойынша республика аймағына алып кирилетуғын полиэтилен гранулалары ушын акциз салығын 2025-жыл 1-сентябрьден 2028-жыл 1-январьға шекем нольлик ставкада қолланыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- 2028-жыл 1-январьға шекем айырым этилен полимерлериниң бирлемши формалары (ТИФ ТН коды 3901 10 900 0, 3901 30, 3901 40) ҳәм пропилен полимерлериниң бирлемши формаларын (ТИФ ТН коды 3902 10 000 0) импорт етиўде бажыхана бажысының нольлик ставкасы қолланылсын.
Бажыхана комитети Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги менен биргеликте мәмлекетке сапасыз контрафакт ийилиўшең қадақлар (полиэтилен плёнкалар, полипропилен плёнкалар, тоқыма емес материаллар, полиэтилен қаплар, биг-бэглер ҳәм басқалар) импортының алдын алыў (экс-оффиццио принципи тийкарында)илажларын көрсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги:
а) бир ай мүддетте Салық кодексине усы қарардың 1-бәнтинен келип шығатуғын өзгерис киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын;
б) 2025-жыл 1-октябрьге шекем полиэтилен гранулаларын ислеп шығарыўшы жергиликли кәрханалар ушын акциз салығы салыныўында импорт пенен тең шараятлар жаратыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў, оның мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети исбилерменлик субъектлерине жеткерилиўин ҳәм түсиндирилиўин тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Ходжаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 18-август