Өзбекистан Республикасы Президенитиниң қарары
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2015-жылдың 5-майдағы ПҚ-2343-санлы қарары менен тастыйықланған, 2015-2019-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияны жумсаў көлемин қысқартыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажлары Бағдарламасы шеңберинде соңғы жылларда республикамыздың экономика тармақлары менен социаллық саласында энергияның үнемлениўин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Турмыслық үскенелерди ислеп шығарыў энергетикалық менеджменти ҳәм энергетикалық маркировкалаў стандартлары енгизилди. Көшелерди жақтыландырыў системасында энергияны пайдаланыў бойынша нәтийжели технологияларды және турақ жай ҳәм социаллық имаратлар ушын энергияны үнемлейтуғын лампаларды енгизиў жумыслары алып барылмақта, республика аймағында қуўатлылығы 40 Втдан жоқары болған жақтыландырыўшы лампаларды сатыў тоқтатылды.
Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайының бюджеттен қаржыландырылатуғын мәкемелеринде энергия сыйымлылығы жоқары болған ысытыў қазанлары энергияны үнемлеў әсбапларына алмастырылмақта. Энергетика тармағында заманагөй газ ҳәм пуў турбиналы қурылмаларды енгизиў бойынша инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
2017-2021-жылларда гидроэнергетиканы буннан былай да раўажландырыў илажларына байланыслы қабыл етилген Бағдарлама шеңберинде 42 жаңа гидроэлектростанция қурыў ҳәм ислеп турған 32 гидроэлектростанцияны модернизациялаў есабынан 2025-жылға шекем республикамыздың экологиялық таза гидроэнергия ислеп шығарыў қуўатлылықларын 1,7 есеге арттырыў нәзерде тутылмақта.
Соның менен бирге, көрилип атырған илажларға қарамастан, миллий экономиканың энергия сыйымлылығы жоқарылығынша қалмақта, қайта тикленетуғын дәреклерди санаат өндирисине тартыў есабынан жанылғы-энергетика балансын диверсификациялаў дәрежеси жәҳән тенденциясына жуўап бермейди. Электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығарыўда бирлемши жанылғы сыпатында тийкарынан тәбийғый газ ҳәм басқа да дәстүрий углеводород жанылғы түрлеринен пайдаланылмақта.
Электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығарыўда қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң (қуяш, самал ҳәм биогаз энергиясы, киши тәбийғый ҳәм жасалма суў ағысларының гидроэнергиясы) бар жоқары имканиятларынан әмелде пайдаланылмай атыр.
2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў, өндиристиң энергия сыйымлылығын қысқартыў, миллий илимий-техникалық қолланбалардан ҳәм сынақтан өткен халықаралық энергияны үнемлейтуғын алдынғы технологиялар изертлеўлерин әмелиятқа мақсетли енгизиў саласында белгиленген тийкарғы бағдарларды жүзеге шығарыў мақсетинде:
- Төмендегилер 2017-2021-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияның нәтийжелилигин арттырыў, қайта тикленетуғын энергетиканы буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыў саласында инновациялық технологияларды, илимий-техникалық қолланбаларды енгизиў ҳәм энергияның нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын буйымлар ҳәм әсбап-үскенелерди ислеп шығарыў және жергиликлилестириўди, соның ишинде, технологияларды трансферлеў ҳәм инженерлик орайларын шөлкемлестириў жолы арқалы кеңейтиў;
қайта тикленетуғын ҳәм альтернатив энергия дәреклеринен, екилемши энергетика ресурсларын энергетикалық утилизациялаўдан пайдаланған ҳалда, электр энергиясын ислеп шығарыў, қуяш, самал энергиясы, микро ҳәм киши гидроэлектростанциялардан пайдаланыўдың сынақтан өткен технологиялары тийкарында энергияны ислеп шығарыў қуўатлылықларын жаратыўға исбилерменлик субъектлерин тартыў арқалы жанылғы-энергетика балансын диверсификациялаў;
заманагөй энергия нәтийжелилиги ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялар тийкарында бар өндирислик қуўатлылықларды модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеў және жаңаларын жаратыў арқалы ислеп шығарылып атырған өнимлердиң энергия сыйымлылығын азайтыў.
- Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Илимлер академиясы, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзбекгидроэнерго» АЖ тәрепинен ислеп шығылған 2017-2021-жылларда қайта тикленетуғын энергетиканы буннан былай да раўажландырыў, экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияның нәтийжелилигин арттырыў илажлары Бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп жүргизиледи) мақуллансын, Бағдарлама төмендегилерди өз ишине алады:
қайта тикленетуғын энергетиканы буннан былай да раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
қайта тикленетуғын энергетиканы раўажландырыўға байланыслы инвестициялық жойбарлардың дизими 2-қосымшаға муўапық;
2017-2021-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық салада қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды раўажландырыў және энергияның нәтийжелилигин арттырыў илажлары 3-қосымшаға муўапық;
2017-2021-жылларда экономика тармақларында энергия сыйымлылығын азайтыў ҳәм жанылғы-энергетика ресурсларын үнемлеўдиң мақсетли көрсеткишлери 4 ҳәм 4а-қосымшаға муўапық;
2017-2021-жылларда бюджет шөлкемлеринде энергияның нәтийжели ысытыў қазанларын енгизиў кестеси 5-қосымшаға муўапық;
2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң суў хожалығы шөлкемлери насос станцияларында энергияның нәтийжели насосларын ҳәм электродвигательлерин енгизиў кестеси 6-қосымшаға муўапық.
Министрлер Кабинети комплекслери, жуўапкер орынлаўшылар – министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық бирлеспелери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басшыларына усы қарар менен мақулланған Бағдарламадағы илажлардың өз ўақтында және сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
Тийисли илажлардың әмелге асырылыўы ушын жуўапкер болған министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық бирлеспелери ҳәр бир параметр және жойбар бойынша «жол картасы» ның бир ай мүддетте ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Энергияның нәтийжелилигин ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыў мәселелери бойынша Республикалық комиссияның жаңаланған қурамы 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Республикалық комиссияға (Арипов А.Н.), зәрүр жағдайларда, усы қарар менен мақулланған илажлар Бағдарламасының мақсетли және болжаў көрсеткишлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы, Илим ҳәм технологиялар агентлиги, «Өзбекгидроэнерго» АЖ, Қуяш энергиясы халықаралық институты, «Өзбекэнерго» АЖ Илимий-техникалық орайы еки ай мүддетте қайта тикленетуғын дәреклер энергиясынан пайдаланыў, соның ишинде, қуяш энергетикасын раўажландырыў, энергияның нәтийжелилиги саласындағы жергиликли қолланбаларды ҳәм әмелий изертлеўлерди, сондай-ақ, сынақтан өткен шет елдиң алдынғы технологияларын трансферлеў имканиятын талқылаў тийкарында экономикалық ҳәм социаллық сала тармақларында қайта тикленетуғын дәреклер энергиясын мақсетли енгизиў ҳәм қуяш энергетикасын раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режесин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги «Өзбекнефтьгаз» МХК, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзбекгидроэнерго» АЖ менен биргеликте ҳәр жылы жанылғы-энергетика ресурсларын ислеп шығарыў ҳәм тутыныўдың болжаў көрсеткишлерин қәлиплестириўде олардың көлемлерин усы қарардың 4 ҳәм 4а-қосымшаларына муўапық нәзерде тутсын.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги 2018-жылдың 1-январынан баслап Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджети параметрлерин қәлиплестириўде бюджет шөлкемлериниң қәрежетлер сметасында, сондай-ақ, жергиликли бюджетлер көрсеткишлеринде Бағдарламаға киргизилген илажлардың орынланыўы ушын зәрүр қаржыларды тийкарланған есап-санақларға бола нәзерде тутсын.
- Белгиленген қуўатлылықлары тийисли рәўиште 0,2 МВт ҳәм 30 МВт болған микро ҳәм киши гидроэлектростанциялар, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланған ҳалда, электр энергиясын ислеп шығарыўшы тутыныўшылар, сондай-ақ, шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине қарамастан, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен ҳәм екилемши энергетикалық ресурслардан пайдаланған ҳалда энергия ислеп шығарыўшылар бирден-бир электр энергетикасы ҳәм электр энергиясы тутыныўшыларының тармақларына нызамшылық талапларына муўапық блок-станциялар шәртлеринде жалғаныўы мүмкин екенлиги;
қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен ҳәм екилемши энергетикалық ресурслардан пайдаланатуғын қурылмалар бирден-бир электр энергетикасы системасы операторының диспетчерлик графигинде электр энергиясын сатып алыў бойынша қазылма жанылғылардан пайдаланатуғын энергия ислеп шығарыўшы қуўатлылықларға салыстырғанда үстинликке ийе есапланатуғыны;
бар электр тармақларын реконструкциялаў ҳәм (ямаса) кеңейтиў ушын қайта тикленетуғын энергия дәреклери үскенелерин (қурылмаларын) жалғаўға байланыслы қәрежетлер усы тармақ ийелери тәрепинен, бирден-бир электр энергетикасы системасына жалғаў пунктине шекем болса – қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен энергия ислеп шығарыўшы тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
бирден-бир электр энергетика системасына жеткерип берилип атырған қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен («Өзбекгидроэнерго» АЖдан тысқары) ислеп шығарылған электр энергиясы ушын есап-санақлар ушын әмелдеги тариф баҳасында (қосымша қун салығын есапқа алмаған ҳалда), бирден-бир электр энергетика системасы бойынша электр энергиясы бирлигин жеткерип бериўдиң өзине түсер баҳасына азайтылған қунда, сондай-ақ, аймақлық электр тармақлары кәрханаларының электр энергиясы бирлигин бөлистириў ҳәм сатыў қунына азайтылған ҳалда, әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Онда қосымша қун салығын есапқа алмаған ҳалда, есап-санақлар Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 5-майдағы «2015-2019-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияны жумсаў көлемин қысқартыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажлары Бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-2343-санлы қарары 5-бәнтиниң 2-хатбасында нәзерде тутылған қосымша қун салығын төлеўден азат етиў бойынша жеңилликлер менен преференциялардың әмел етиў дәўиринде әмелге асырылады.
Аймақлық электр тармақлары кәрханалары «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары менен келискен ҳалда, қайта тикленетуғын энергия дәреклери тийкарында электр энергиясын ислеп шығарыўшы тутыныўшылардан электр энергия сатып алыў бойынша шәртнамалар дүзиў ҳуқықына ийе болып есапланады.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине:
Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети менен биргеликте жойбарлар бойынша баслама көтергенлерге жер участкаларын ажыратыўда және жойбарлар бойынша баслама көтергенлердиң мүрәжатлерине тийкарланып қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўшы үскенелерди қурыў жойбарларын ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар менен «бир айна» принципи арқалы келисиўде нызамшылықта белгиленген тәртипте көмеклессин;
қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланатуғын үскенелерди қурыўға ҳәм пайдаланыўға тапсырыўда руқсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиў мүддетлерине орынланыўы бойынша қадағалаўды тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети (Ибрагимов Ғ.И.) үш ай мүддетте углеводород жанылғысын қазып алыў, қайта ислеў, транспортировкалаў, бөлистириў, углеводород жанылғысынан пайдаланыў, оны қайта ислеў арқалы энергияны санаат түрлерине айландырыў, ыссылық ҳәм электр энергиясынан пайдаланыў жағдайы үстинен мәмлекетлик қадағалаў системасын жетилистириў бойынша илажлар көрсин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 6-апрельдеги Ф-4891-санлы бийлиги менен шөлкемлестирилген Товарлар (жумыслар, хызметлер) көлемин ҳәм қурамын сын көз-қарастан талқылаў, импорттың орнын басатуғын өндиристи жергиликлилестириўди тереңлестириў Комиссиясы менен келисилген ҳалда тастыйықланатуғын дизимге тийкарланып, республикамызда ислеп шығарылмайтуғын, Бағдарламаға киргизилген илажларды әмелге асырыў ушын шеттен алып келинетуғын технологиялық үскенелер, шийки зат, материаллар, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклер, технологиялық ҳүжжетлер 2022-жылдың 1-январына шекем бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымлары буған кирмейди) азат етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги Бағдарламаны әмелге асырыў ушын жойбарлар бойынша баслама көтериўшилердиң мүрәжатлерине тийкарланып халықаралық қаржы шөлкемлери, шет елдиң ҳүкиметлик фондлары ҳәм шөлкемлердиң грантлары, кредитлери және мақсетли қаржыларының тартылыўын турақлы түрде тәмийинлесин.
- Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, «Өзбекнефтьгаз» МХК, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзбекгидроэнерго» АЖ мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте экономика тармақларында ҳәм социаллық салада қайта тикленетуғын энергия дәреклери бойынша технологияларды енгизиў, энергияның нәтийжелилигин арттырыў, жанылғы-энергетика ресурсларынан үнемли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерин турақлы түрде кеңнен сәўлелендирип барсын.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 5-майдағы «2015-2019-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияны жумсаў көлемин қысқартыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажлары Бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-2343-санлы қарарының 2-4, 6-бәнтлери, сондай-ақ, қарарға 1-6-қосымшалар өз күшин жойытқан, деп есаплансын.
- Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомостволар менен биргеликте нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ғ.И. Ибрагимовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 26-май
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «2017-2021-жылларда қайта тикленетуғын энергетиканы буннан былай да раўажландырыў, экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияның нәтийжелилигин арттырыў илажлары Бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына
ТҮСИНИК
Соңғы жылларда республикамыздың экономика тармақларында ҳәм социаллық саласында энергияның нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Альтернатив энергия дәреклерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 2013-жыл 1-марттағы Пәрманы ҳәм «2015-2019-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық салада энергияны жумсаў көлемин қысқартыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажлары Бағдарламасы ҳаққында»ғы 2015-жыл 5-майдағы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша:
энергияның нәтийжелилигин ҳәм энергияның қайта тикленетуғын дәреклерин раўажландырыў мәселелери бойынша республикалық комиссия шөлкемлестирилди, Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги қурамында республикалық комиссияның жумысшы уйымы сыпатында энергияның нәтийжелилигин арттырыў бөлими шөлкемлестирилди;
Ташкент қаласында Қуяш энергиясы халықаралық институты жумыс ислеп баслады;
Азия раўажланыў банки жәрдеминде Өзбекистанда қуяш энергетикасын раўажландырыўдың «жол картасы» ислеп шығылды;
Наманган ўәлаятының Пап районында Корея Республикасының Саўда, санаат ҳәм энергетика министрлигиниң жәрдеминде 2014-жылдың декабрь айында қуўатлылығы 130 кВт болған қуяш фотоэлектрикалық станциясы қурылды ҳәм иске түсирилди, бул станция бирден-бир электр энергетикасы тармағына жалғанған ҳәм жылына 234,3 мың кВт. саат электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе;
Сурхандәрья, Наманган ҳәм Наўайы ўәлаятларында ири қуяш фотоэлектрикалық станцияларын қурыў бойынша жойбарлар таярланбақта;
Жәҳән банкиниң қатнасыўында Өзбекистан Республикасының самаллар Атласы ислеп шығылды, Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында қуўатлылығы 750 кВт болған тәжирийбе самал энерго қурылмасын қурыў бойынша инвестициялық жойбарлар жуўмақлаўшы басқышына жетти.
2016-жылдың жуўмақлары бойынша экономика тармақларында 2016/2017-жылдың гүзги-қысқы мәўсиминде энергоресурсларды үнемлеў бойынша қосымша илажларды есапқа алған ҳалда, 1210,3 миллион кВт. саат электр энергиясы ҳәм 991,2 миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеўге ерисилди, бул болса тармақлардың 2016-жылдағы тутыныўшының сәйкес түрде 5,1 ҳәм 3,6 процентин қурады. Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 2015-жылы жалпы ишки өнимниң энергия сыйымлылығын 10,8 процентке, 2016-жылы 7,2 процентке ҳәм 2017-жылдың биринши шерегинде 12,7 процентке қысқарыўына ерисилди.
Соның менен бирге, ҳәзирги күнде альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыўды жедел раўажландырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар өз шешимин күтип турған мәселелер бар.
Республика аймақларында қайта тикленетуғын энергия дәреклери энергиясынан пайдаланыў бойынша резервлер толық иске қосылмаған, олар бойынша аймақлық мәнзилли бағдарламалар ислеп шығылыўы зәрүр.
2030-жылға барып 2016-жылға салыстырғанда жалпы ишки өнимниң энергия сыйымлылығын еки есеге қысқартыў бойынша қойылған тапсырмаларды есапқа алған халда, кәрханалар менен шөлкемлерге энергияны жумсаў көлемин қысқартыў бойынша анық мақсетли параметрлерди белгилеў зәрүрлиги бар.
Усы әҳмийетли ўазыйпаларды инабатқа алып, Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары 2017-2021-жылларда жалпы ишки өнимниң энергия сыйымлылығын буннан былай да қысқартыў, өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм қайта тикленетуғын дәреклер энергиясынан пайдаланыўды кеңейтиўге бағдарланған.
Экономиканы энергия ресурслары менен еки ўазыйпаны шешиў арқалы тәмийинлеў нәзерде тутылмақта. Бириншиден, қайта тикленетуғын энергия ресурсларынан кең пайдаланыў арқалы жанылғы балансын диверсификациялаў. Онда дәстүрий жанылғы түрлерин қайта тикленетуғын энергия түрлерине алмастырыў есабынан олардың электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығарыўдағы үлесин азайтыў нәзерде тутылмақта. Екиншиден, экономика тармақларында өндиристиң энергия сыйымлылығын қысқартыўдың узақ мүддетли бағдарламасын әмелге асырыў, санаат орынлары аймақларының экологиялық жағдайын жақсылаў арқалы ерисиледи.
Жақын перспективада тийкарғы ўазыйпа сыпатында экономиканың энергия ҳәм ресурс сыйымлылығын қысқартыў, өндириске энергияны үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў, мийнет нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылмақта.
Қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен жедел пайдаланыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў ыссылық ҳәм электр энергиясы сыяқлы энергияның санаатлық түрлерин алыўды тәмийинлеўге бағдарланған болып, ол углеводородлардың орнын басыўға ҳәм оларды жоқары ликвидли өнимлер, атап айтқанда, полимерлерди, жанылғының синтетикалық түрлерин ислеп шығарыўға бағдарлаў имканиятын береди.
Атап айтқанда, Өзбекистан Илимлер академиясы, Илим ҳәм технологиялар агентлиги, «Өзбекгидроэнерго» АЖ, Қуяш энергиясы халықаралық институты, «Өзбекэнерго» АЖ Илимий-техникалық орайы еки ай мүддетте қайта тикленетуғын дәреклер энергиясынан пайдаланыў, соның ишинде, қуяш энергетикасын раўажландырыў, энергия нәтийжелилиги саласындағы жергиликли қолланбаларды ҳәм әмелий изертлеўлерди, сондай-ақ, сынақтан өткен шет елдиң алдынғы технологияларын трансферлеў имканиятын талқылаў тийкарында экономикалық ҳәм социаллық сала тармақларында қайта тикленетуғын энергия дәреклерин мақсетли енгизиў ҳәм қуяш энергетикасын раўажландырыў бойынша илажлар режесин ислеп шығыўы ҳәм Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизиўи белгиленген.
Буннан тысқары, қарарда төмендегилер тастыйықланған:
қайта тикленетуғын энергетиканы буннан былай да раўажландырыўдың мақсетли параметрлери, онда 2025-жылға келип электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылықлары қурамында қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң үлесин 12,7 проценттен 19,7 процентке жеткериў нәзерде тутылмақта, соның ишинде, гидроэлектростанциялар бойынша 12,7 проценттен 15,8 процентке, қуяш энергетикасы бойынша 2,3 процентке, самал энергетикасы бойынша 1,6 процентке;
қайта тикленетуғын энергетиканы раўажландырыў бойынша инвестициялық жойбарлардың дизими, онда 2017-2025-жылларда улыўма нырқы 5,3 миллиард доллар болған 810 жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта;
2017-2021-жылларда экономика тармақларында ҳәм социаллық салада қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды раўажландырыў және энергияның нәтийжелилигин арттырыў илажлары, онда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди, мәнзилли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм басқа да тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша 28 илаж нәзерде тутылған;
2017-2021-жылларда экономика тармақларында өндиристиң энергияны жумсаў көлемин қысқартыўдың мақсетли параметрлери, онда 25 ири шөлкем ҳәм кәрхана бойынша санаат өнимлерин (жумыслар, хызметлер) ислеп шығарыўда энергияны жумсаўдың салыстырмалы нормаларын қысқартыўдың болжаў көрсеткишлери белгиленген;
2017-2021-жылларда бюджет шөлкемлеринде энергияны тутыныў жағынан нәтийжели ысытыў қазанларын енгизиў кестеси, онда Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи орайының 6333 бюджет шөлкеминиң 17251 ысытыў қазанын алмастырыў нәзерде тутылған;
2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң суў хожалығы шөлкемлери насос станцияларында энергияны тутыныў жағынан нәтийжели насосларды ҳәм электродвигательлерди енгизиў кестеси, онда Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң суў хожалығы шөлкемлеринде 879 насос ҳәм 1523 электродвигательди алмастырыў нәзерде тутылған.
Бул жумысларды қаржыландырыў ушын 2017-2021-жылларда мәмлекетлик бюджеттен 314,1 миллиард сумнан аслам қаржы сарпланады.
Усы қарар шеңберинде қабыл етилген илажлардың әмелге асырылыўы төмендегилерди тәмийинлеў имканиятын береди:
нызамшылықты ҳәм нормативлик базаны жетилистириўге, сондай-ақ. энергияны үнемлейтуғын технологияларды, заманагөй есаплаў үскенелерин енгизиўге ҳәм жанылғы-энергетика ресурсларынан буннан былай да ақылға уғрас пайдаланыўға халықты ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерди кеңнен тартыў;
2025-жылға келип электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылықлары қурамында қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң үлесин 12,7 проценттен 19,7 процентке жеткериў;
өндиристиң энергия сыйымлылығын кескин қысқартыў (9 792,0 тонна шәртли жанылғы ямаса жылына 8-10 проценттен аз болмаған муғдарда);
Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Орта арнаўлы кәсип-өнер билимлендириўи орайының 6333 бюджет шөлкеминде 17251 ысытыў қазанын заманагөй энергияны үнемлейтуғынларына алмастырыў ҳәм 56,5 миллион куб метрден аслам тәбийғый газди үнемлеў;
Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң суў хожалығы шөлкемлеринде 1523 энергияны көп пайдаланатуғын электродвигательди ҳәм 879 насосты алмастырыў және 807,3 миллион кВт. сааттан артығырақ электр энергиясын үнемлеп қалыў;
энергияны үнемлейтуғын технологиялардың кирип келиўин кеңейтиў, салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин бериў есабынан қайта тикленетуғын дәреклерден энергияны пайда етиўши үскенелерди қолланған ҳалда энергиядан пайдаланыўды хошаметлеў;
қайта тикленбейтуғын углеводород ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, ислеп шығарылып атырған өнимниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, сол тийкарда экономика тармақларын ҳәм халықты жанылғы-энергетика ресурслары менен турақлы тәмийинлеп барыў;
қайта тикленетуғын энергия дәреклерин ҳәм энергияны тутыныў жағынан нәтийжели технологияларды трансферлеў, усы саладағы үскенелер менен комплектлеўши бөлеклерди жергиликли кәрханаларда ислеп шығарыў;
халық ушын кепилленген энергия ресурсларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, әсиресе, узақ аўыллық жерлерде халықтың турмыс сапасын жақсылаў ҳәм олардың абаданлығын арттырыў.