Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-апрель күни глобаллық кризис ҳәм пандемия шараятында халықтың бәнтилиги мәселесине бағышлап өткерилген  ивдеоселектор мәжилиси алдынан коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларға және бир мәрте айрықша тоқтап өтти. Мәмлекетимиз басшысы, соның ишинде, былай деди:

– Бүгинги күнге шекем жүзлеген ўатанласларымыз бул кеселликтен қутылып, реабилитация режимине өткерилгени ҳәммемизге, пүткил елимизге үлкен күш береди.

Жүзеге келген жағдайды дурыс түсинип, карантин қағыйдаларына сөзсиз әмел етип, көрилип атырған илажларды кеңнен қоллап-қуўатлап атырған барлық ўатанласларымызға және бир мәрте рахмет айтаман.

Пурсаттан пайдаланып, түнди-түн, күнди-күн демей, ҳақыйқый қаҳарманлық көрсетип, усы кеселликке қарсы гүресип атырған жанкүйер шыпакерлеримизге, олар менен бир қатарда турып хызмет етип атырған сырт ел врачларына, сондай-ақ, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар ҳәм Қорғаныў министрликлери ҳәм Миллий гвардия хызметкерлерине өз атымнан, халқымыз атынан және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли дослар!

20-апрель күни болып өткен идеоселектор мәжилисинде биз халықаралық ҳәм миллий талапларға толық әмел еткен ҳалда, мәмлекетимизде карантин режимин басқышпа-басқыш жумсартыў, усы тийкарда жедел түрде нормал турмысқа қайтыў бойынша дәслепки илажларды белгилеп алған едик.

Бүгинги күнде вирустан жырақ аймақлардағы бир қатар санаат кәрханаларында, қурылыс майданларында, фермер ҳәм кластер хожалықларында, санитариялық-эпидемиологиялық нормаларға қатаң әмел еткен ҳалда, жумыслар әсте-ақырын басланды.

Әсиресе, «Бәҳәрдиң ҳәр бир ўақты – ғәниймет!» деген сөзди өзлери ушын турмыслық сүренге айландырып, атызларымызда, қыйтақ жерлерде тер төгип, ҳадал мийнет етип атырған пидайы дийқан ҳәм фермерлеримизге, кластер хожалықларының басшылары менен жумысшы хызметкерлерине өз рахметимди айтаман.

Әлбетте, биз коронавирус пандемиясына қарсы гүрести бир мәўритке де тоқтатпаймыз. Бул адамларымыз, халқымыздың денсаўлығы, өмирине байланыслы оғада әҳмийетли мәселе болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта биз 34 миллионлық халқымызды азық-аўқат ҳәм басқа да зәрүр өнимлер менен кепилленген ҳалда тәмийинлеў, пуқаралар дәраматының төменлеп  кетиўине жол қоймаў, жәрдемге мүтәж ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў сыяқлы оғада әҳмийетли ўазыйпаны да кешиктирмей шешиўимиз керек.

Буның ушын экономикамыздың жетекши тармақларының турақлы жумыс ислеўи шәрт. Көринип турғанындай, биз бир ўақыттың өзинде бир қатар қыйын ўазыйпаларды шешиўимиз керек.

Ҳәзирги қыйын жағдайда халқымыздың жәрдемге мүтәж қатламларын анық, мәнзилли түрде қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў ҳаққындағы басламаны халқымыз, жәмийетшилигмиз көтериңки руўхта, қызғын күтип алғаны бәршемизди, әлбетте, қуўандырады.

Бул мәселе бойынша ҳүрметли ветеранларымыз, илимпазлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, ҳүрметли уламаларымыз, бизнес жәмийетшилигиниң ўәкиллери, жасларымыз тәрепинен телевидение ҳәм газеталарда, социаллық тармақларда билдирилип атырған пикирлер, қызғын мүнәсибет бундай ийгиликли умтылыс халқымыздың жүрегинде, кеўилинде жәмленгенин айқын тастыйықлайды.

Бул жақсы пикир-усыныслар елдиң басына ис түскен қыйын ўақытларда бир-бирине қолқанат  болыў, бир-бирине итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў сыяқлы ең жақсы пазыйлетлер халқымыздың жүрегинде, кеўилинде әзелден жәмленгенин, бүгин усы умтылыслар және де күшлирек көзге тасланып атырғанын көрсетеди.

Усы мәнисте, уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы бабамыздың «Сақаўатлы инсанның басына жәннет тереклери сая салады» деген сөзлеринде терең мәнис бар.

Мен, мине усы басламаны шын кеўлимнен қоллап-қуўатлап, бул саўаплы иске мүнәсип үлес қосып атырған барлық ўатанласларымызға, сақаўатлы исбилерменлеримизге муқаддес китапларымызда айтылған «Жақсылықтың саўғасы – тек жақсылық болып есапланады», деген сөзди және бир мәрте еслетпекшимен.

 

 

Әлбетте, мүтәж, кем тәмийинленген инсанлар ҳәм шаңарақларға меҳир ҳәм ҳүрмет пенен жәрдем қолын созатуғын барлық исбилерменлер ҳәм фермерлерге, хожалық бирлеспелериниң ўәкиллерине, министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысшы хызметкерлерине усы еткен жақсылықлары бир неше мәрте зыяда болып қайтады.

Және бир мәрте   атап өтемен: өз гезегинде, мәмлекетимиз жәмийетимиз сақаўатлы исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды.

Оларға ҳеш қандай аўырлық түспейди.

Усы мәнисте, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети мәмлекетимиз ҳәм халқымыздың бирлигин, оның шексиз қүдиретин айқын көрсетип, жаңа тарийхымыз бетлеринен беккем орын алады, деп исенемен.

Мине, жанажан Ўатанамызға Рамазан байрамы кирип келмекте.

Усы уллы байрам мүнәсибети менен нураный ата ҳәм апаларымызды, қәдирли аға-ини, апа-қарындасларымызды, ийман-жүзли халқымызды қызғын қутлықлайман.

Ҳәммеңизге аманлық, шаңарағыңызға тынышлық, бахыт-ығбал жолдас болыўын тилеймен.

Бүгинги өткинши қыйыншылықларға қарамастан, Рамазан байрамы ҳәр қашанғыдай шаңарақларымызға, кеўиллеримизге қуўаныш, елимизге қут-берекет бағышлайды, бир-биримизге болған мийрим-шәпәәтимизди және де зыяда етеди, деп исенем.

 

 

Пурсаттан пайдаланып, узақ-жақын мәмлекетлердеги мөмин-мусылман досларымызды да қызғын қутлықлап, оларға өз атымнан, халқымыз атынан тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Ҳәммемизге белгили, Алла тааланың мәрҳаматы менен Рамазан айында жақсы нийетлер қабыл болады.

Мине усы мүбәрек айда бәршемиз тутқан оразаларымыз, етип атырған дуўаларымыз, қайырлы ислеримиздиң шарапаты менен барлық мәмлекетлер қатарында елимизди де усы апатшылықтан тезирек қутқарыўды Жаратқан Пәрўәрдигардан сорап қаламыз.

 

 

ӨзА