Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен Өзбекстанға коронавирустың жаңа түри кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша избе-из ҳәм системалы жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, елимиздеги эпидемиологиялық жағдай еле турақласпағанлығы, қалаберсе, дүнья жүзи бойынша коронавирус инфекциясының артып атырғаны себепли Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен коронавирус пандемиясы арқалы киргизилген шеклеў илажларын сақлап турыў мақсетке муўапық екенлиги билдирилмекте.

Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен коронавирус инфекциясы кеңнен тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ҳәзирги ўақытқа шекем енгизилген барлық шеклеўлердиң 2020-жылдың 10-майына шекем созылғанлығынан келип шығып, төмендегилер мәлим етиледи:

Сырт ел пуқараларына берилген виза мүддетлери усы жылдың 1-июнине шекем автоматластырылған тәризде созылды.

Азық аўқатлық емес буйымлар (кийим-кеншек, хожалық затлары, нәллер, туқымлар) саўдасына көшпели саўда орынлары арқалы санитариялық-гигиеналық талапларға толық әмел еткен ҳалда шөлкемлестириўге рухсат бериледи. Онда социаллық аралық (2 метр) сақланыўы ҳәм басқа да санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўи мәжбүрий болып есапланады.

Карантин дәўиринде мүддети жуўмақланатуғын барлық рухсат бериў қәсийетине ийе болған ҳүжжетлер (лицензия ҳәм рухсатнамалар) ҳәм шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң (пуқаралық паспорты, Өзбекстанда жасаў рухсатнамасы), автотранспорт қураллары ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер (қамсызландырыў полиси, транспортты басқарыў ушын исеним хаты, транспорт қуралын (қайта) дизимнен өткергенликти ҳәм техникалық тексериўден өткенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер) әмел етиў мүддети 2020-жыл 1-июльге шекем созылады. Олардың мүддети өткенлиги мүнәсибети менен жуўапкершилик ҳәм басқа да илажлар қолланылмайды.

Карантин дәўиринде тек ғана банк пластикалық карталарына өткериў тәртиби белгиленгенлигин есапқа алған ҳалда, пенсионерлердиң пластикалық карталарындағы операциялар ушын комиссиялық төлемлерди өндирмеў тәртиби енгизиледи.

Электрон санлы имза гилтин аралықтан турып алыў механизми енгизиледи.

Жеткерип бериў хызметин көрсетиўши лицензиясына ийе болған, жөнелиссиз таксилердиң айдаўшылары «арнаўлы комбенизон» (жеке қорғаныў кийими), медициналық қолғап ҳәм нықапларда жумыс алып барыўы керек.

Жолаўшы тасыў жумысына байланыслы барлық лицензиялар бойынша арза қабыл етиў ҳәм лицензияларды көрип шығыў ҳәм бериў 2020-жыл 10-майға шекем ўақтынша тоқтатылады.

Мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлерге барлық талапларға әмел еткен ҳалда аймақлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайларының басшылары тәрепинен қол қойылатуғын шәртнама тийкарында 2020-жыл 1-сентябрьге шекем коронавирус инфекциясын лаборатор тексериў бойынша төлемли медициналық хызмет көрсетиўлерине рухсат бериледи.

Сондай-ақ, республика аймақларында жумыс алып барып атырған дийқан базарларында дизенфекциялық жағдайды және де күшейтиўге қаратылған қосымша илажлар белгиленбекте.

Атап айтқанда, дийқан базарларында, соның ишинде, базар аймағынан тысқарыда жайласқан ири азық-аўқат дүканларында саўда социаллық аралық (2 метр) сақланған ҳалда «зигзаг» тәртиби (қубырлар, бантлар ҳәм басқа да усындай тосқынлықлар арқалы) шөлкемлестириледи.

Ҳәр бир базарға кириўде «дезинфекция туннели» ҳәм «санитариялық пост»лар, дезинфекция топарлары шөлкемлестирилип, олар базар аймағында карантин илажларының талапларына әмел етилиўин тәмийинлеп барады.

Жоқарыда билдирилген тәртиплер бир жағынан коронавирус инфекциясының кеңнен тарқалыўының алдын алыўға, басқа жағынан болса карантин дәўиринде пуқараларымыздың денсаўлығы ҳәм социаллық қорғалыўын қатаң тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен итибарлы болып есапланады.

Пуқараларымыздан усы тәртиплерге саналы түрде, жағдайды дурыс түсинип, сөзсиз әмел етиўин сораймыз.

ӨзА