Ҳүрметли Илҳам Гейдарович!

Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!

Ҳүрметли Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Бас директоры!

Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, Түркий кеңестиң бүгинги гезексиз саммитин шөлкемлестириў басламасын алға қойған Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевқа шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Ҳәзирги ўақытта пүткил дүньяда үлкен тәшўиш ҳәм қәўетер оятып атырған коронавирус пандемиясына бағышланған бул видео байланысымыз айрықша үлкен әҳмийетке ийе.

Ҳүрметли кәсиплеслерим дурыс атап өткениндей, бул қәўипли апат, дүньяның барлық мәмлекетлери қатарында, 160 миллионнан аслам халыққа ийе болған мәмлекетлеримизди де шетлеп өтпеди. Тилекке қарсы, бул кеселлик барған сайын тарқалып бармақта.

Бул пандемия, өзиниң көлемине бола, мислсиз глобаллық кризиске, пүткил адамзат тәгдири ҳәм дүнья экономикасы ушын оғада үлкен сынаққа айланды.

Бизге белгили, түркий халықларымыз өзлериниң көп әсирлик тарийхында түрли қыйын сынақлар ҳәм қурамалы ўақытларды басынан өткерип, оларды аўызбиршилик пенен жеңип өткен.

Усы саммитимиз ҳәзирги әҳмийетли ҳәм қәўетерли жағдайда улыўма қатнасықларды белгилеп алыў ҳәм ҳәрекетлеримизди үйлестириў, бирге ислесиўде әҳмийетли машқалаларды тез пәт пенен жеңиўге хызмет етеди, деп исенемен.

Буның тийкарғы бағдарлары:

– пандемияның кеңнен тарқалыўының алдын алыў, адамлардың денсаўлығы ҳәм өмирин қорғаў бойынша тәсиршең және  кең көлемли илажларды ислеп шығыў;

– бул қәўипли қәўип-қәтердиң мәмлекетлеримиздиң турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўына унамсыз тәсирин азайтыў;

– бул бағдарда системалы бирге ислесиўди жолға қойыўдан ибарат болып есапланады.

Әзиз кәсиплеслер!

Өзбекстанда коронавирусқа шалынған наўқасларды емлеўде Қубла Корея, Қытай, Россия, Израиль ҳәм Германияның жоқары тәжирийбели шыпакерлери менен тикеллей тәжирийбе алмасып, олардың ең алдынғы әмелияты теле-медицина арқалы кеңнен қолланылмақта.

Биз Өзбекстанда эпидемиологиялық жағдайды қадағалаўға алыў мақсетинде, халықаралық тәжирийбеден келип шығып, барлық зәрүр илажларды әмелге асырмақтамыз.

Бириншиден, пүткил мәмлекет көлеминде қатаң карантин системасы енгизилди.

Бул бағдарда халықтың жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде қысқа мүддетте нызамшылыққа тийисли өзгерис киргиздик.

Екиншиден, коронавирусқа қарсы гүресиў ушын барлық ўәлаятларымызда арнаўлы медицина орайларын ҳәм карантин аймақларын шөлкемлестирдик.

Мысал ушын, Ташкент ўәлаятында барлық шараятларға ийе болған арнаўлы карантин аймағы иске түсирилди. 20 мың орынлық бул комплекстиң 10 мың адамға мөлшерленген биринши басқышы пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, 10 мың орынлық заманагөй модуль емлеўхана усы айдың соңына шекем қурылып питкериледи. Олар зәрүр медициналық үскенелер менен тәмийинленбекте. Бул кеселликтиң алдын алыў мақсетинде усы тәжирийбе басқа  аймақларда да кеңнен енгизилметке.

Соның менен бирге , бул гүрес майданында биринши соққыны өзине қабыл етип атырған, пидайы ҳәм жанкүйер медицина хазметкерлерин ҳәр тәреплеме хошаметлеў, олардың социаллық қорғалыўын тәмийинлеў кепилликлери күшейтилди.

Үшиншиден, кеселликти ерте сапластырыў мақсетинде халық арасында ескертиў ҳәм кеңнен түсиник жумыслары алып барылмақта.

Төртиншиден, билимлендириў системасының үзликсизлигин тәмийинлеў ушын бул тараўдағы барлық мәкемелер өз жумысын толық онлайн тәризде әмелге асырмақта.

Бесиншиден, халықты азық-аўқат, дәри-дәрмақ ҳәм зәрүр медициналық қураллар, басқа да турмыслық әҳмийетли буйымлар менен турақлы тәмийинлемекте.

Бул бағдарда имканиятлары шекленген, кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларына бийғарез мәнзилли жәрдем көрсетиў системасы қәлиплестирилди.

Усы процессте кең жәмийетшилик, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық институтлары да белсене қатнаспақта.

Алтыншыдан, экономиканың барлық тараўлары ҳәм тармақларын толық қоллап-қуўатлаў механизмлери енгизилди.

Усы мақсетте Кризиске қарсы гүресиў қоры дүзилди.

Бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине банк кредитлериниң процентлерин есаплаўда «музлатыў тәртиби» ҳәм «салық дем алыслары» енгизилди. Салықлар ҳәм импорт бажылары азайтылды.

Кейинги мәселе – биз мәмлекетимизде эпидемиологиялық жағдайды терең мониторинг етиў ҳәм прогнозлаў бойынша миллий системаны енгизбектемиз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Жүзеге келген аўыр жағдай тек миллий емес, ал регионналлық ҳәм халықаралық регионда жедел тәсиршең илажлар көриўди талап етпекте. Усыларды инабатқа алған ҳалда, руқсатыңыз бенен, төмендеги усынысларды билдирмекшимен:

Биринши. Түркий кеңес шеңберинде турақлы жумыс ислейтуғын биргеликтеги  эпидемиологиялық бақлаў системасын қәлиплестириў зәрүр.

Екинши. Мәмлекетлеримиздеги денсаўлықты сақлаў министрликлери  арасында оғада қәўипли жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыў, диагностика, емлеў, эпидемиологиялық жағдайды үйрениў ҳәм илимий излениўлер бойынша мағлыўмат ҳәм тәжирийбе алмасыўын кеңнен жолға қойыў зәрүр. Соның ишинде, ҳәзирги жағдайдан келип шыққан ҳалда, жетекши қәнигелеримиздиң қатнасыўында тез күнлерде биринши видеоконференцияны өткериўди усыныс етемен.

Үшинши. Түркий кеңес секретариятында пандемияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы муўапықластырыўшы топарды дүзиў зәрүр.

Бул топар мәмлекетлеримизде жумыс ислеп атырған миллий штаблар менен тығыз әмелий байланысларды орнатыўы керек.

Мәмлекетлеримизде алып барылып атырған ҳәрекетлерди тез жарытыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм оннан кеңнен пайдаланыў ушын айрықша мағлыўматлар базасын жаратыў да мақсетке муўапық болып есапланады.

Төртинши. Ҳәзирги оғада қыйын шараятта туўысқан халықларымызды зәрүр азық-аўқат ҳәм мийўе-овощ, дәри-дәрмақ, медициналық өнимлер менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде транспорт қуралларының өз-ара ҳәрекетлениўине әмелий жәрдем көрсетиў зәрүр.

Транспорт ҳәм логистика тараўларында жүзеге келип атырған машқалаларды тез шешиў ҳәм нәтийжели муўапықластырыў мақсетинде транспорт министрлеримизден ибарат Жумысшы топар шөлкемлестириў зәрүр.

Бесинши. Коронавирустың аўыр ақыбетлерин жумсартыўда  халықаралық шөлкемлердиң жәрдеми оғада әҳмийетли болып есапланады.

Бул бағдарда Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң абырайы ҳәм ўәкилликлерин және де арттырыў, бул абырайлы шөлкем ҳәм Түркий кеңес арасында шериклик қатнасықларын орнатыўды усыныс етемен.

Қәдирли дослар!

Ҳәммемизге белгили, бирде бир мәмлекет жеке ҳалда бул пандемия қәўип-қәтерине қарсы нәтийжели гүрес алып бара алмайды.

Биз тилеклеслик, бирге ислесиў ҳәм өз-ара ғамқорлық принциплери тийкарында жумыс ислеўимиз зәрүр. Биз биргеликте көп нәрсеге уқыплымыз.

Усы мүнәсибет пенен видео байланысымыз нәтийжелери бойынша жуўмақлаўшы декларация қабыл етилиўин қоллап-қуўатлайман.

Әзиз қәсиплеслер!

Усындай қыйын жағдайда жуўапкершиликли жумысыңызды атқарыў ушын ҳәммеңизге Алла тааладан күш-ғайрат, беккем денсаўлық, туўысқан халықларымызға аманлық тилеп қаламан.

Итибарыңыз ушын рахмет.