Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 3-апрель күни коронавирус пандемиясы келтирип шығарған кризиске қарсы гүресиў шараятында исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Додалаўларға өтиўден алдын мәмлекетимиз басшысы және бир мәрте халқымызға мүрәжат етти:
– Бүгинги күнде пүткил дүнья, инсаният қыйын дәўирди бастан өткермекте. Мәмлекетимизде эпидемиологиялық жағдайды сапластырыў, халықтың саламатлығын ҳәр тәреплеме қорғаў ушын барлық илажлар көрилмекте.
Тилекке қарсы, көрсетилген медициналық жәрдемге қарамастан, елимизде усы кеселликке шалынған наўқаслардан екеўи қайтыс болды. Олардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына өз атымнан, пүткил халқымыздың атынан терең кеўил билдирип, сабыр-тақат ҳәм шыдамлылық тилеймен.
Әзиз ўатанласлар!
Бүгинги күнде мәмлекетимизде 100 мың адам карантинге алынған. Сондай-ақ, сырт елден 13 мыңға шамалас пуқара алып келинип, олар да толық карантинге алынды. Ташкент ўәлаятында 10 мың адамды қабыл етиўге мөлшерленген карантин зонасы қурылмақта. Оның дәслепки бир бөлегине сырт елден келген 2 мың 200 ден аслам пуқараларымыз жайластырылды.
Зәнгиата районында 10 мың орынлық 2 вирусология емлеўханасы қурылмақта. Жақын күнлерде усы емлеў орайларындағы 2 мың орын иске түсириледи. Ҳәзирги күнге шекем 245 мың тест, 700 мың қорғаныў қураллары алып келинип, емлеў орайларына жеткерилди. Бул жумыслар және даўам еттирилмекте.
Диагностика, емлеў, карантин жумысларын Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усыныслары ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелерине сүйенип әмелге асырмақтамыз. Сондай-ақ, Қубла Кореядан тәжирийбели шыпакерлер келип, наўқасларды емлеўде қатнаспақта. Жақын күнлерде бир топар қытайлы қәнигелер де жетип келиўи күтилмекте. Буннан тысқары, врачларымыз сырт елли кәсиплеслери менен тиккелей видеобайланыста болып, күнделикли тәжирийбе алмаспақта.
Атап өтиў керек, әмелге асырылып атырған системалы илажларымыз, әлбетте, өз нәтийжесин бермекте. Кеселликке шалынғанлардың 25и толық емленип, реабилитацияға өткерилди.
Пурсаттан пайдаланып, бул гүрестиң алдынғы қатарларында шын мәнисинде мәртлик ҳәм ерлик көрсетип атырған жанкүйер ҳәм уллы шыпакерлеримизге терең миннетдаршылық билдиремен.
Пайда болған жағдайды дурыс түсинип, бизди белсене қоллап-қуўатлап атырған халқымызға, әзиз ўәтанласларымызға рахмет айтаман.
Соның менен бирге, қанша ескертиў ҳәм түсиник жумысларына қарамастан, орынларда карантин қағыйдалары бузылып атырғанын өкиниш пенен атап өтиў керек.
Ҳәзирге шекем 22 мыңнан аслам әне усындай жағдай анықланды, 330 адам карантин аймағын таслап кеткен. Карантин ўақтында айырым жуўапкершиликсиз шахслар 24 түрли ғалабалық мәресимлер өткергенин ҳеш ақлап болмайды. Пүткил халқымыздың өмирине қәўип салып атырған бундай орынсыз ислерге кескин илажлар көриледи.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Коронавирус тарқап кетпеўи ушын мәмлекет барлық илажларды көретуғынлығын исендирип айтаман. Бирақ усы сынақлы ўақытларда ҳәр бир өзбекстанлы, ҳәр бир уйым, жәмийетшилик ўәкиллери аўызбиршиликли түрде ҳәрекет етиўимиз керек. Кеселликти мәҳәллемизге, үйимизге, шаңарағымызға алып кирмеў ушын ең биринши өзимиз жуўапкермиз.
Айырым мәмлекетлерде жоқары гигиенаға тийкарланған күнделикли турмыс тәризи, миллий дәстүрлер бул кеселликти жеңиўде оғада әҳмийетли фактор болмақта.
Соның ишинде, халқы тығыз, қоңсылары менен саўда қатнасықлары оғада раўажланған болыўына қарамастан, Япония вирустиң кеңнен тарқалыўына жол қоймады.
қәнигелер «япон феномени»н олардағы өзине тән сәлемлесиў, жеке аралықты сақлаў, тез-тез кийим алмастырыў, бет-қолын жуўыў, дурыс аўқатланыў, белсенди турмыс тәризи ҳәм спорт сыяқлы 13 қағыйда ҳәм үрп-әдетлер сақланып қалғаны менен тийкарламбақта.
Бул болса бизде да бурыннан бар – қолын көкирегине қойып сәлемлесиў, үйине мийман келгенде қолға суў қуйыў, жәмийетлик орынларда аралықты сақлаў, мийўе-овощларды көп пайдаланыў сыяқлы үрп-әдетлеримизди және де беккемлеўди талап етеди.
Сондай-ақ, жәмийетлик орынларда, мәҳәлле ҳәм үйлерде дезинфекция жумысларын турақлы даўам еттириў зәрүр. Барлық кәрханалар ҳәм шөлкемлер ҳәр ҳәптеде өз хызметкерлерин системалы түрде медициналық тексериўден өткерип турыўы зәрүр.
Ҳүрметли дослар!
Ҳәр қандай қыйыншылыққа қарамастан, өз хызмет ўазыйпасын шын жүректен атқарып атырған аға-инилеримиз, апа-қарындасларымыз, ул-қызларымыздың пидәкерлигин жоқары қәдирлеймиз.
Халықтың арасында ҳаўлықтыратуғын ҳәм албырататуғын сөзлердиң тарқалыўына улыўма жол қоймаў керек.
Нураний аталарымыз, гөззал аналарымыз өз жанкүйерлиги, сабыр-тақаты, жақсы патиялары менен ҳәммеге ибрат болады, деп исенемен.
Мен бүгинги күнде үй шараятында билим алып атырған студент ҳәм оқыўшы жасларымызға мүрәжат етпекшимен:
Әзиз перзентлерим, үйде ўақтыңызды бийкар өткермең: Онлайн сабақларды қунт пенен өзлестириң. Китап оқың, билимиңизди арттырың, денетәрбия ҳәм дене шынығыўларын бир күн де қалдырмаң.
Қәдирли ўатанласлар!
Мине, бәҳәрдиң ыссы күнлери де басланды. Бар қыйыншылыққа қарамастан, өмир даўам етпекте.
Фермерлер ҳәм дийқанларымыз, исбилерменлеримиз алдында оғада әҳмийетли ўазыйпалар турыпты.
Әлбетте, ҳәр биримиз күнделикли жумысларымызды қәўипсизлик ҳәм санитария қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда даўам еттириўимиз зәрүр. Себеби бүгин жоғалтқан имканиятларымызды ертең тиклеў қыйын болады, ўақытты артқа қайтарып болмайды.
Пандемияны тоқтатыў ушын пүткил дүнья халықлары қатары биз де айрықша изленистемиз. Адамларымыздың дәраматлары азайып кетпеўи ушын, кәрханаларымыз турақлы ислеўи ушын барлық режелерди көрип атырмыз.
19-март күни пандемияның экономикамызға унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында пәрман қабыл еткен едим. Ҳүкимет ҳәм жергиликли ҳәкимликлер орынларда бул илажлардың орынланыўын тәмийинлемекте.
Мен бүгин, мине, усындай қыйын жағдайда экономикамызды, исбилерменликти белсене қоллап-қуўатлаў ушын және бир әҳмийетли пәрманға қол қойдым. Қаншелли қыйын болса да, бюджеттен үлкен қәрежетлерди талап етсе де, қосымша илажларды көриўге қарар еттим.
Бул пәрманға бола:
бириншиден, туристлик ҳәм мийманхана жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлер усы жылдың ақырына шекем жер ҳәм мүлк салықларын төлеўден азат етиледи. Оларға социаллық салық ставка ҳәзирги 12 проценттен 1 процентке түсириледи. Бул жеңилликтен тараўда хызмет көрсетип атырған мыңнан аслам субъектлер пайдаланыў имканиятына ийе болады.
Екиншиден, карантин дәўиринде өз жумысын тоқатыўға мәжбүр болған жеке тәртиптеги исбилерменлерге дәрамат салығы ҳәм социаллық салықты есаплаў тоқтатылады. Бул жеңиллик дерлик 150 мың жеке тәртиптеги исбилерменге үлкен жәрдем болады.
Үшиншиден, түсими өткен айға салыстырғанда 50 процентке азайған киши бизнес субъектлерине айланыстан алынатуғын салық, жер салығы, мүлк салығы, социаллық салық ҳәм суў салығын төлеў мүддети усы жыл 1-октябрьге шекем кешиктириледи. Исбилерменлер бул жеңилликлерден салық уйымын үйинен турып хабардар етиўи мүмкин.
Төртиншиден, усы жыл 1-апрельден баслап юридикалық тәреплердиң тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы ушын алынатуғын төлем миннетлемеси әмелдеги 100 проценттен 30 процентке түсириледи.
Бесиншиден, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен жәрдем бериў көлеми және де кеңейтиледи.
Ҳәзирги күнде исбилермен алған кредит ставкасы 24 процентке шекем болғанда оның 8 процентин қор қаплап беретуғын еди. Енди кредит ставкасы 28 процентке шекем болғанда да оның 12 процентин мәмлекет қаплайды.
Бул ушын исбилерменлердиң 3 триллион сумлық кредитлериниң процентин қаплаўға қордан қосымша 400 миллиард сум қаратылады. Қор бир исбилерменниң тек ғана бир жойбарына кепиллик бериўи бойынша шеклеў де енди бийкар етиледи.
Интизамлы ҳәм исенимли исбилерменлерге кредиттиң 75 процентине қор кепиллик береди (бүгинги күнде 50 процент). Кепиллик суммасының жоқары шеги де 8 миллирад сумнан 10 миллиард сумға арттырылады.
Алтыншыдан, қыйын жағдайдағы кәрханалар, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм халықтың 12 триллион сумлық кредит мәжбүриятының мүддети созылады.
Сондай-ақ, бүгин аўылларда көплеген жумыс орынларын шөлкемлестирип, енди аяққа турып атырған пахта-тоқымашылық кластерлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў бойынша да өз-алдына қарарға қол қойдым. Олардың 2019-жылда пахта жетистириў ушын алған кредитлерин қайтарыў мүддети 1-октябрьге шекем созылады.
Жетиншиден, халықты, әсиресе, оның социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар илажлар белгиленбекте.
Соның ишинде, усы жылдың ақырына шекем ун, өсимлик майы, гөш ҳәм сүт өнимлери, қумшекер, гигиена қураллары сыяқлы тийкарғы тутыныў товарларын импорт етиўде бажыхана бажы ҳәм акциз салығы өнидирилмейди.
Сондай-ақ, усы жыл март-июнь айларында мүддети тамамланатуғын балалы шаңарақларға напақа, бала тәрбиялаў напақасы ҳәм материаллық жәрдемлерди төлеў ушын қосымша мүрәжат ҳәм ҳүжжетлер талап етилмейди. Олар автомат тәризде 6 айдан 1 жылға шекем созылады. Усы дәўирде басқа да мүтәж шаңарақларға да усындай напақалар тайынлаў даўам еттириледи.
Бул илажлар арқалы және 120 мыңнан аслам кем тәмийинленген шаңарақларды қамтып аламыз (ҳәзирде 600 мың).
Карантин дәўиринде жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға 18 түрдеги тийкарғы азық-аўқат ҳәм гигиена товарлары бийпул жеткерип бериледи.
Сегизиншиден, карантин дәўиринде үй шараятында раўажландырыў мүмкин болған жумыс түрлерин және де қоллап-қуўатлаймыз.
Мысал ушын, мәмлекетимизде 28 мыңнан аслам өнермент жумыс ислемекте. Оларға өткен жылы 50 миллион доллар қаржы адыратылды, 12,5 мың жойбар шеңберинде өнерментлер 75 мыңнан аслам жаңа шәкиртлерди таярлады.
Бул тараў ушын усы жыл және 50 миллион доллар қаржы қаратылмақта. Жаратылып атырған бундай шараятлар өнерментлер ушын үлкен имканият болып есапланады.
Ҳүрметли өнерментлер: Сизлердиң мийнетиңиз, жаңа басламаларыңыз ҳәзирги ўақытта халық бәнтлигин тәмийинлеўге, әлбетте, мүнәсип үлес қосады.
Исбилерменлер, өнерментлер ҳәм фермерлеримиз, кәрханалардың басшылары берилген бул жеңилликлерден нәтийжели пайдаланыўы керек.
Ең тийкарғысы, орынларда стандарт емес шешимлерди излеп, өндирис көлемлери ҳәм жумыс орынларын сақлап қалыў, кәрханалардың жумысын даўам еттириў зәрүр.
Усы норма тийкарында ўәлаят, район (қала) сектор басшылары, экономикалық комплекс уйымлары өзлериниң жумыс режелерин ҳәм ислеў усылларын қайта дүзип алыўы дәркар.
Яғный, ҳәр бир басшы кәрханалар, исбилерменлердиң машқаласына айрықша қатнас жасап, оларды шешиўде «тиккелей басқарыў» режимине өтиўи керек.
Әзиз ўатанласлар, нураний аталар ҳәм гөззал аналар, қәдирли перзентлерим!
Көпке түскен ҳәм дүнья халқы азап шегип атырған бул қыйын күнлер, әлбетте, өтеди.
Бизиң уллы ҳәм мәрт халқымыз көп әсирлик тарийхта не бир қыйыншылықларды, урыслар ҳәм ашлықларды мәртлик пенен жеңип өткен. Бул сынақтан да мүнәсип өтип алатуғынымызға беккем исенемен.
Ҳәммемиз және де бирлесип, сабырлы болсақ, шыпакерлердиң усынысларына толық әмел етсек, әлбетте, бул кеселликти тез жеңип өтемиз:
Бул гүресте медициналық илажлар менен бирге жоқары ақыл-ой, қатаң интизам, сабыр-тақат ҳәм үлкен жуўапкершилик көрсетиўимиз зәрүр. Бул сыпатлар бизиң ең тийкарғы ҳәм ең тәсиршең қуралымызға айланыўы шәрт.
Халқымыз өз тарийхында қандай қыйын тәбийғый апатшылықларды көрген болса да, Алла тааланың мәрҳаматы менен, өзиниң күш-қүдирети, ақылы ҳәм данышпанлығы арқалы олардың барлығын жеңип өткен.
Мен әне усындай мәрт ҳәм ғайратлы, мийрим-шәпәәтли халқымыздың ақыл-парасатына, оның беккем ерк-ықрарына ҳәм исенимине толық исенемен.
Өзбекстанда ҳеш бир инсан, ҳеш бир шаңарақ мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз итибарынан ҳәм ғамхорлығынан шетте қалмайды!
Жаратқанның өзи халқымызды ҳәм пүткил инсаниятты бул апатшылықтан тез азат етсин, бәршемизди өз панайында сақласын!
–0–