Ҳүрметли депутатлар ҳәм сенаторлар!
Әзиз ўатанласлар!
Ҳүрметли мийманлар!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Жанажан Өзбекстанымыз жаңа он жыллыққа қәдем тасламақта. Ерисилген нәтийжелеримиз тарийхқа айланып, алдымызда жаңа өзгерислерди әмелге асырыў бойынша үлкен ўазыйпалар ҳәм имканиятлар пайда болмақта. Сонлықтан, бүгин Сизлер менен биргеликте мәмлекетимизди 2020-жылы ҳәм келеси 5 жылда раўажландырыў бойынша, тийкарғы бағдарлар менен ўазыйпаларды белгилеп алыўымыз лазым.
Жақында «Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар» сүрени менен болып өткен сайлаўлар нәтийжесинде республикамызда демократиялық реформаларды жоқары басқышқа алып шығыў ушын зәрүр болған жаңа сиясий жағдай жүзеге келди.
Сайлаўлар ашық-айдын, халықаралық стандартлар тийкарында өткерилиўин қадағалаў ушын 50ге шамалас мәмлекеттен ҳәм 10 халықаралық шөлкемнен 825 бақлаўшы қатнасты. Биринши мәрте Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан хуқықлары бойынша бюросының 316 адамлық толық миссиясы менен жақыннан бирге ислестик.
Халықаралық бақлаўшылар сайлаўлар еркин бәсеки орталығында, сиясий партиялар арасындағы қызғын тартысыў ҳәм пикир-таласлар шараятында өткенин, бул процессте ғалаба хабар қуралларының роли сезилерли дәрежеде арттқанын айрықша атап өтти.
Барлық халықаралық бақлаўшыларға сайлаў процесслери хаққындағы қалыс пикирлери ҳәм усыныслары ушын пүткил халқымыз атынан шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Биз әлбетте усы усыныслардың ҳәр бирин терең үйренип, тийисли бағдарламаны қабыл етип, әмелиятта кеңнен енгиземиз. Бул бағдарда сайлаў комиссиялары ҳәм халықтың сайлаў мәдениятын жоқарылатыў, сиясий партиялардың өз электораты менен ислесиў системасын және де жетилистириў, партиялардың сиясий белсендилигин арттырыў алдымызда турған әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады.
Соның менен бир қатарда, жергиликли кеңеслерге сайлаў өткериўдиң үш басқышлы системасын оптималластырыў, бунда район ҳәм қала сайлаў комисиясының ролин арттырыўға айрықша итибар қаратыў лазым.
Парламент ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў жуўмақлары бойынша режелестирген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын тығыз бирге ислесиўде жумыс алып барыўы зәрүр болады.
Барлық депутат ҳәм сенаторларға, олардың тымсалында пүткил Өзбекстан халқына мүрәжат етип айтпақшыман: демократиялық реформалар жолы – биз ушын бирден-бир ҳәм ең дурыс жол болып есапланады. Бул бағдарда биз ҳәр күни излениўдемиз, сырт елдеги алдынғы тәжрийбелерди үйренип, турмысымызды, жумыс усылымызды жаңалаўға ҳәрекет етпектемиз.
Биз жаңа Өзбекстанды халқымыз бенен биргеликте қурамыз, деген уллы мақсетти өз алдымызға қойғанбыз. Бул бағдарда «Жәмийет – реформалар басламасышысы» деген жаңа идея күнделикли жумысымызға барған сайын тереңнен кирип бармақта.
Реформалардың әмелий нәтийжелилигин арттырыўда, орынларда жаңа басламаларды алға қойыўда халқымыздың және де белсендирек, және де интакер болыўына ерисиўмиз лазым.
Ең тийкарғысы, усы реформалар нәтийжесинде халқымыз ушын абат ҳәм мүнәсип турмыс шараятын жаратып бериўимиз керек. Адамларымыз жетерли дәрамат табыўы ушын ең қолайлы бизнес ҳәм инвестиция жағдайын қәлиплестирип, жаңа кәрханалар ҳәм жумыс орынларын көбейтиўимиз зәрүр. Бул оғада әҳмийетли жумысларды өзлеримиз ислемесек, ҳеш ким бизге шеттен келип ислеп бермейди.
Халқымыз соны жақсы билиўи керек: алдымызда узақ ҳәм қыйын жол турыпты. Бәршемиз бирлесип, тынымсыз оқып-үйренсек, жумысымызды толық ҳәм өнимли ислесек, заманагөй билимлерди ийелеп, өзимизди аямастан алдыға умытылсақ, әлбетте, турмысымыз ҳәм жәмийетимиз өзгереди.
Мен буған толық исенемен ҳәм бул пикирди сизлер де қоллап-қуўатлайсызлар, деп ойлайман.
Ҳүрметли қоспа мәжилис қатнасыўшылары!
Халқымыздың пидәкерлик мийнети менен 2019-жыл – «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылын»да салмақлы нәтийжелерге еристик. Барлық тараўлардағы унамлы нәтийжелер қатарында инвестициялардың баҳасы да сезилерли дәрежеде артты.
Әсиресе, тиккелей сырт ел инвестициялары 4,2 миллиард долларды қурап, 2018-жылға салыстырғанда – мине усы санға итибарыңызды қаратпақшыман – 3,1 миллиард долларға ямаса 3,7 есеге өсти. Инвестициялардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 37 процентке жетти.
Мәмлекетимиз биринши мәрте халықаралық кредит рейтингин алды ҳәм жәҳән қаржы базарында 1 миллиард долларлық облигацияларды табыслы жайластырды. Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми тәрепинен Өзбекстанның кредитке байланыслы тәўекелшилик рейтинги кейинги 10 жылда биринши мәрте жақсыланды.
Энергетика, нефть-газ, геология, транспорт, жол қурылысы, аўыл ҳәм суў хожалығы, ишимлик суўы ҳәм ыссылық тәмийнаты және басқа да бир қатар тармақларда терең структуралық реформалар басланды. Санааттың 12 жетекши тармағында модернизациялаў ҳәм бәсекиликти күшейтиў бағдарламалары жедел әмелге асырылмақта. Нәтийжеде өткен жылы экономикалық өсим 5,6 процентти қурады. Санаат өнимин ислеп шығарыў көлеми 6,6 процентке, экспорт – 28 процентке көбейди. Алтын-валюта резервлеримиз 2019-жыл даўамында 2,2 миллиард долларға артып, 28,6 миллиард долларға жетти.
Аўыл хожалығында фермер ҳәм дийқанлардың мәпдарлығын арттырыў бағдарындағы үйрениўлер ҳәм излениўлеримиз даўам етпекте. Тараўға алдынғы технологиялар ҳәм кластер системасы енгизилмекте.
Исбилерменликти кеңнен раўажландырыў ҳәм бул тараў ушын жаңа шараятлар жаратыўға барлық имканиятларымызды жумсап атырмыз. «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде өз бизнесин баслап атырған шаңарақларға 5,9 триллион сум кредитлер ажыратылды.
Жаңа салық сиясаты шеңберинде мийнет ҳақысына салық жүги 1,5 есе азайтылды. Нәтийжеде рәсмий секторда ислеп атырғанлардың саны жыл даўамында 500 мыңға көбейди.
Қосымша қун салығы ставкасы 30 проценттен 15 процентке түсирилди. Усының есабынан өткен жылы салық төлеўшилердиң ықтыярында 2 триллион сум қалды. Усы жылы бул сан 11 триллион сумды қураўы күтилмекте. Бир жылда исбилерменлердиң ықтыярында сонша қаржы қалыўы, әлбетте, оларға өз бизнесларин раўажландырыў ушын жүдә үлкен қосымша имканиятлар жаратады.
Реформаларымыз нәтийжесинде өткен жылы 93 мың ямаса 2018-жылға салыстырғанда дерлик 2 есе көп жаңа исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди.
Жәҳән банкиниң «Бизнес жүргизиў» рейтингинде 7 басқышқа көтерилип, бизнести дизимге алыў көрсеткиши бойынша дүньяның 190 мәмлекетлери арасында 8-орынды ийеледик ҳәм ең жақсы реформалаўшы мәмлекетлер қатарынан орын алдық.
Сондай-ақ, 86 мәмлекет пуқараларына визасыз ҳәм 57 мәмлекет пуқараларына әпиўайыластырылған виза режиминиң енгизилиўи нәтийжесинде өткен жылы елимизге 6,7 миллион сырт ел туристлери келди. Бул 2016-жылға салыстырғанда 4,7 миллион ямаса 3,3 есе көп.
Мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў бағдарында басланған реформаларымыз нәтийжесинде өткен жылы 5 мың 722 мәмлекетлик, жеке-меншик, шаңарақлық балалар бақшалары шөлкемлестирилди. Соның есабынан перзентлеримизди метепке шекемги билим менен қамтып алыў дәрежеси бир жыл даўамында 38 проценттен 52 процентке көтирилди.
2019-жылда улыўма жаңаша мазмун ҳәм түрдеги 4 Президент мектеби, 3 Дөретиўшилик мектеби жумыс баслады. Жоқары билимлендириўди раўажландырыў ушын өткен жылы 19 жаңа жоқары оқыў орны, соның ишинде, 9 абырайлы сырт ел университетиниң филиалы ашылды. Жетекши сырт ел университетлери менен биргеликте 141 қоспа билимлендириў бағдарламасы бойынша кадрларды таярлаў жолға қойылды. Жоқары оқыў мәкемелерине улыўма 146 мың 500 ямаса 2016-жылға салыстырғанда 2 есеге көп студент оқыўға қабыл етилди.
Ислеп атырған пенсионерлерге пенсияны толық төлеў тәртиби енгизилди. Социаллық жәрдемге мүтәж халық ушын напақа муғдары 2 есеге көбейтилди.
Денсаўлықты сақлаў тараўында мәмлекетлик мәкемелер менен бир қатарда жеке-меншик медициналық бағдары да жедел раўажланбақта. Емлеў жумысының түрлери 50ден 126ға көбейтилип, бир қатар жеңилликлер берилгени себепли өткен жылы 634 жеке медициналық мәкемеси шөлкемлестирилди.
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәкан» бағдарламалары шеңберинде 479 аўыл, қалалардағы 116 мәҳәлледе кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары исленди. Буған 6,1 триллион сум ямаса 2018-жылға салыстырғанда 1,5 триллион сум көп қаржы жумсалды.
Аўыллық жерлерде – 17 мың 100, қалаларда – 17 мың 600, жәми 34 мың 700 ямаса 2016-жылға салыстырғанда 3 есеге шамалас арзан ҳәм ықшам турақ жайлар қурылды.
Кем тәмийинленген ҳәм турақ жай шараятын жақсылыўға мүтәж 5 мың шаңараққа, соның ишинде, майыплығы болған ҳаялларға ипотека кредити тийкарында арзан турақ жай сатып алыў ушын 116 миллиард сумнан аслам басланғыш төлем төлеп берилди.
Әмелге асырып атырған реформаларымыз дүнья жәмийетшилиги тәрепинен мүнәсип баҳаланбақта. Атап айтқанда, дүньядағы абырайлы басылымлардың бири – «Экономист» журналы Өзбекстанды 2019-жылда реформаларды ең жедел әмелге асырған мәмлекет – «Жыл мәмлекети» деп жәриялады. Бундай баҳа бәршемизге шексиз мақтаныш, мәртебе ҳәм күш бағышлайды, жаңа шеклерге руўхландырады, десем, сизлер де бул пикирди қоллап-қуўатлайсызлар, деп ойлайман.
Әзиз ўатанласлар!
Өткен жылы әмелге асырған жумысларымызды сын көзқарастан таллап, төмендеги жуўмақларды айрықша атап өтпекшимен.
Бириншиден, барлық дәрежедеги басшылар, ерисилген дәслепки унамлы көрсеткишлерге қуўанып, қәтиржамлыққа берилмеўи керек.
Жаңа Парламент ҳәм ҳүкиметтиң келеси 5 жылдағы жумысының негизги мақсети – Өзбекстанда жасап атырған көп миллетли халқымыздың турмысын арттырыўдан ибарат болыўы шәрт.
Усы мүнәсибет пенен депутатларымызға мүрәжат етип, соны айтпақшыман: сайлаўалды ушырасыўларда халық тәрепинен көтерилген әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша анық бағдарлама ҳәм «жол карта»сын ислеп шығыў және оларды жуўапкер уйымлар менен биргеликте толық әмелге асырыў зәрүр. Болмаса, сизлерге исеним билдирген сайлаўшылар алдында депутаттың абырайы болмайды, партияның абырайы түсип кетеди. Себеби бүгин халқымыздың ақыл-ойы да, дүньяқарасы да, талап ҳәм мүтәжликлери де пүткиллей өзгерген. Халқымыз ҳәммеден зийрек ҳәм уллы болып есапланады.
Екиншиден, басқарыў системасының сапасын арттырыўда «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген тийкарғы принципти әмелде толық тәмийинлеў бойынша еле көп жумыс ислеўимиз зәрүр.
Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханаларына 1 миллионнан аслам мүрәжат келип түсип атырғанлығы халық пенен қарым-қатнасты жаңа басқышқа алып шығыўды талап етеди.
Енди мәмлекетлик уйымлардың басшылары ҳәм ҳәкимликлердиң усы мүрәжатларды қандай дәрежеде шешип атырғанлығы бойынша есабатын парламент ҳәм халық депутатларының кеңеслеринде турақлы тыңлаў системасы жолға қойылады.
Жергиликли бюджетлердиң қосымша дәраматын бөлистириў, напақа алыўшыларды әдил белгилеў, атқарыўшы уйымлардың басшыларына баҳа бериў буннан кейин Халық қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың талланыўы тийкарында әмелге асырылады.
Ҳәр бир депутат Халық қабыллаўханалары менен турақлы ислесип, өз аймағында жасап атырған халықтың машқалаларын шешиўде белсене қатнасыўы, адамлардың дәрт-тәшўишлерин тыңлаўы керек. Сонда депутатлар өз сайлаўшыларына берген сөзлериниң үстинен шығады, халықтың исенимин ақлайды, меҳрине ериседи. Сонда мен де тек Президент емес, ал әпиўайы сайлаўшы сыпатында сизлерден жүдә миннетдар болар едим.
Үшиншиден, биз Өзбекстанды раўажланған мәмлекетке айландырыўды мақсет етип қойған екенбиз, буған тек жедел реформалар, илим-билимлендириў ҳәм инновация менен ерисе аламыз.
Буның ушын, бәринен бурын, интакер реформашы болып ортаға шығатуғын, стратегиялық пикир жүргизетуғын, билимли ҳәм тәжирийбели жаңа әўлад кадрларын тәрбиялаўымыз зәрүр. Соның ушын да бақшадан баслап жоқары оқыў орнына шекем – билимлендириўдиң барлық буўынларын реформалаўды басладық.
Тек жаслар емес, ал пүткил жәмийетимиз ағзаларының билимин, дәрежесин арттырыў ушын биринши илим-билимлендириў, жоқары мәнәўият керек. Илим жоқ жерде артта қалыўшылық, жаўызлық ҳәм әлбетте, дурыс жолдан адасыў болады.
Шығыс данышпанлары айтқанындай, «Ең үлкен байлық – бул ақыл –ой ҳәм илим, ең үлкен мийрас – бул жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағалшылық – бул саўатсызлық болып есапланады!»
Сол себепли ҳәммемиз ушын заманагөй билимлерди өзлестириў, шын мәнисинде мәрипат ҳәм жоқары мәденият ийеси болыўымыз үзликсиз турмыслық талапқа айланыўы керек.
Раўажланыўға ерисиў ушын санлы билимлер ҳәм заманагөй мәлимлеме технологияларын ийелеўимиз зәрүр ҳәм шәрт. Бул бизге раўажланыўдың ең қысқа жолынан барыў имканиятын береди. Бүгин дүньяда барлық тараўларға мәлимлеме технологиялары терең кирип бармақта.
Елимиз «Халықаралық мәлимлеме коммуникация технологияларын раўажландырыў индекси» бойынша 2019-жылда 8 басқышқа көтерилген болса да, еле жүдә арттамыз. Көпшилик министрлик ҳәм ўйымлар, кәрханалар санлы технологиялардан пүткиллей жырақ, десек, бул да ҳақыйқат.
Әлбетте, санлы экономиканы қәлиплестириў зәрүр инфраструктура, көп қаржы ҳәм мийнет ресурсларын талап ететуғынын жүдә жақсы билемиз. Бирақ қаншелли қыйн болмасын, бул жумысқа бүгин кириспесек, қашан кирисемиз?! Ертең жүдә кеш болады. Соның ушын, санлы экономикаға жедел өтиў – келеси 5 жылдағы ең тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болады.
Санлы технологиялар тек ғана өним ҳәм хызметлердиң сапасын арртырып қоймастан, артықша қәрежетлерди азайтады. Соның менен бирге, мени жүдә қатты тәшўишке салатуғын ҳәм тынымсызландыратуғын ең аўыр иллет – коррупция бәлесин жоқ етиўде де олар нәтийжели қурал болып есапланады. Соны бәршемиз терең аңлап алыўымыз керек.
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, социаллық тараўда да санлы технологияларды кеңнен енгизип, нәтийжелиликти арттырыў, бир сөз бенен айтқанда, адамлардың турмысын кескин жақсылаў мүмкин.
Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли халық ўәкиллери!
Мәмлекетимизде илимди және де раўажландырыў, жасларымызды терең билим, жоқары мәнаўият ҳәм мәденият ийеси етип тәрбиялаў, бәсекиге шыдамлы экономиканы қәлиплестириў бағдарында басланған жумысларымызды жедел даўам еттириў ҳәм жаңа, заманагөй басқышқа көтериў мақсетинде мен елимизде 2020-жылға «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы», деп атама бериўди усыныс етемен.
Биз 2020-жыл атамасында белгиленген тараўларды тийкарғы дәрежеде раўажландырыў ҳәм реформалаў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырыўымыз лазым. Атап айтқанда, бақша жасындағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин усы жылда 60 процентке жеткериўимиз зәрүр. Усы мақсетлерге быйылдың өзинде бюджеттен дерлик 1,8 триллион сум қаржы ажыратылады.
Усы жылдан баслап, тарийхымызда биринши мәрте 6 жастағы балаларды мектепке таярлаў системасы енгизиледи. Буған бюджеттен 130 миллиард сум ажыратылып, бул процессте жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери де турақлы қатнасады.
2020-жылда бюджеттен ажыратылатуғын 1,7 триллион сум есабынан 36 жаңа мектеп қурылып, 211и капитал оңланды. Сондай-ақ, 55 жеке мектеп шөлкемлестирилип, олардың саны 141ге жеткериледи.
Педагогикалық шеберлик ҳәм маманлық дәрежесине ийе болған, өз жумысында анық нәтийжелерге ерискен оқытыўшыларға жоқары айлық төлеў системасын енгиземиз.
Мектеп оқыў бағдарламаларын алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында жетилистириў, оқыў жүклемелерин ҳәм пәнлерин қайта көрип шығыў, оларды халықаралық стандартларға сәйкеслендириў, сабақлық ҳәм әдебиятлардың сапасын арттырыў зәрүр.
2021-жылғы халықаралық баҳалаў процесине таярлық көриў ушын 348 таяныш мектеп белгиленип, 6 мыңнан аслам муғаллимниң билими арттырылады.
Усы оқыў жылынан баслап пүткиллей жаңа профессионал билимлендириў системасы жолға қойылып, 340 кәсип-өнер мектеби, 147 колледж ҳәм 143 техникум шөлкемлестириледи.
Кадрлардың билимин халықаралық мийнет базары талапларына сәкеслендириў мақсетинде миллий маманлық системасы ислеп шығылады. Усы система 9 мыңға шамалас кәсиплер бойынша кадрларды таярлаў имканиятын береди.
Жоқары билим аламан, өз үстимде ислеп, илимли боламан, деген, жүрегинде оты бар жасларымыздың билим алыўы ушын ҳәмме қолайлықларды жаратыўымыз шәрт. Соның ушын мектеп питириўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 2020-жылда кеминде 25 процентке ҳәм келешекте 50-60 процентке жеткеремиз.
Бул бағдарда соны умытпаўымыз керек, жоқары билимлендириўге қамтып алыўды арттырыў төлем конртактына байланыслы болып қалмаўы зәрүр. Соны есапқа алып, жоқары оқыў орынларына студентлерди қабыл етиў мәмлекетлик грантларын 2 есе көбейтемиз, десем, сизлер бул пикирге қалай қарайсыз!
Қызларымыз ушын өз алдына грантлар да ажыратылады. Ҳаял-қызлар комитети усы грантлар тийкарында оқытыўға талабанларды сайлаў нормаларын ислеп шығыўы керек.
Жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларын да оптималластырыў зәрүр. Биз бунда тийкарғы итибарды оқыўға кириў процесслерин әпийўайыластырыўға, жоқары оқыў орынларында шын мәнисинде билим ҳәм тәрбия алыўға қаратыўымыз зәрүр. Мысал ушын, ана тили бойынша билимди баҳалаўдың миллий тест системасын жаратыў лазым. Жаслар қәлеген ўақытта имтихан тапсырып, тийисли гүўалық алса, жоқары оқыў орнына оқыўға кирип атырған ўақытта ана тили бойынша қайта сынақтан өтиўине ҳеш қандай мүтәжлик қалмайды.
Жоқары билимлендириў стандартлары сырт ел тәжирийбеси тийкарында жетилистириледи, билим бағдарлары ҳәм оқытылатуғын пәнлер қайта көрип шығылады. Қәнигеликке қатнасы болмаған пәнлердиң саны 2 есеге қысқартылады.
Жоқары билимлендириўде оқыў процессин кредит-модуль системасына өткериў талап етиледи. Усы жылдан педагогикалық тәлимниң 6 бағдары бойынша оқыў мүддети 3 жыл етип белгиленеди.
Бул жумысларды басқа бағдарларда да даўам еттиремиз.
Жоқары оқыў орынларына басқышпа-басқыш академиялық ҳәм финанслық еркинлик бериледи. Усы жылда олардың 10ы өзин-өзи қаржы менен тәмийинлеўге өтеди. Буннан тысқары, кеминде 5 жоқары билимлендириў мәкемесиниң конкурс тийкарында таңлап, абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў орынлары менен биргеликте оларды трансформация етиўди баслаймыз.
Мәмлекетимиз ушын илим тараўындағы тийкарғы бағдарларды анық белгилеп алыўымыз керек. Ҳеш бир мәмлекет илимниң барлық тараўларын бир жола раўажландыра алмайды. Соның ушын биз де ҳәр жылы илимниң бир неше тийкарғы бағдарын раўажландырыў тәрепдарымыз.
Быйылғы жылы математика, химия-биология, геология сыяқлы бағдарларда фундаментал ҳәм әмелий изертлеў жеделлестирилип, алымларға барлық шараятлар жаратып бериледи. Сондай-ақ, илим тараўында фундаменталлық ҳәм инновацияллық изертлеўлер ушын мақсетли грант қаржыларын ажыратыў түп-тийкарынан қайта көрип шығыў керек.
Илим жетискенликлериниң электрон платформасы, жергиликли ҳәм сырт елли илимий қолланбалар базасын қәлиплестириў лазым. Ҳәр бир жоқары билимлендириў ҳәм илимий – изертлеў дәргайы абырайлы сырт ел университетлери ҳәм илимий орайлары менен бирге ислесиўди жолға қойыўы шәрт.
Усы жылда «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен 700ден аслам алымлар, профессор-оқытыўшылар шет елге илимий излениў ҳәм билимин арттырыў ушын жибериледи.
Келешекте грантлардың муғдарын 2 есеге көбейтиў ҳәм изертлеў бағдарларының көлемин кеңейтиў лазым. Усы жылда санлы экономиканы раўажландырыў бойынша түпкиликли бурылыс жасаўымыз керек.
Биринши гезекте, қурылыс, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт, геология, кадастр, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, архив тараўларын толық санластырыў лазым. Сондай-ақ, «Электрон ҳүкимет» системасын, әмелге асырып атырған бағдарламалар ҳәм жойбарларды сын көз қарастан қайта көрип шығып, барлық шөлкемлестириў ҳәм институтционал мәселелерди комплексли шешиў зәрүр.
Ташкент қаласында заманагөй инфраструктураға ийе болған «85-парк» қурылмақта. Ол ҳәзирден-ақ өзиниң дәслепки нәтийжелерин бере баслады. Бундай «85-парк»лар Нөкис, Бухара, Наманган, Самарқанд, Гүлистан ҳәм Үргенш қалаларында да қурылады.
Тараў ушын жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў мақсетинде сырт елли шериклеримиз бенен биргеликте «1 миллион программист» жойбарын әмелге асырыў басланды.
Сондай-ақ, билимлендириўдиң барлық басқышларында халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын мәлимлеме технологиялары енгизилиўи шәрт.
Өткен жылы барлық қала ҳәм район орайларын жоқары тезликтеги Интернетке жалғаў жумыслары жуўмақланғанын есапқа алып, жақын 2 жылда барлық аўыл ҳәм мәҳәллелерди әне усындай жедел Интернет пенен тәмийинлеўимиз керек.
Ҳәзирги күнге шекем 7 мыңнан аслам денсаўлықты сақлаў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм мектеплер жоқары тезликтеги Интернетке жалғанған болса, кейинги 2 жылда және 12 мәкеме жедел Интернетке жалғанады. Бул ўазыйпаларды нәзерде тутқан ҳалда, «Санлы Өзбекстан-2030» бағдарламасын ислеп шығыўды еки ай мүддетте жуўмақлаў керек.
Келешекте бул жумысларды системалы шөлкемлестириўдиң басы-қасында болыўы ушын ҳүкиметте-Бас министрдиң орынбасары, министрликлер ҳәм уйымларда және ҳәкимликлерде болса-өз алдына орынбасар лаўазымлары енгизиледи.
Парламент илим-мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳүкимет, тармақ ҳәм аймақлар басшыларының есабатын турақлы тыңлап барыўы лазым.
Ҳүрметли парламент ағзалары!
Енди 2020-жыл ҳәм кейинги жылларда экономика тараўында әмелге асырыў зәрүр болған бағдарламалық ҳәм мақсетли ўазыйпаларға тоқтап өтиўге рухсат еткейсиз.
Бириншиден, 2020-жылы макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм инфляцияға тыйым салыў-экономикалық реформалар процесиндеги баслы ўазыйпамыз болып есапланады.
Биз усы жылдан баслап инфляциялық таргетлеў системасын енгизиўге өттик. Бул бағдарда Экономика ҳәм санаат министрлиги, Орайлық банк, Қаржы министрлиги экономикалық өсим менен инфляция арасында тең салмақлылықты тәмийинлеўи, сыртқы қәўип-қәтерлерди есапқа алыўы зәрүр.
Мәмлекет тәрепинен 37 түрдеги өним ҳәм хызметлер баҳасының тәртипке салынып атырғанлығы еркин бәсекиге унамсыз тәсир етпекте. Соны есапқа алып, енди тийкарғы итибарды баҳаларды белгилеўге емес, ал кәрханалар арасында саламат бәсекини тәмийинлеў арқалы баҳаларды төменлетиўге ҳәм сапасын арттырыўға қаратыўымыз керек.
Халықаралық тәжирийбени үйренип, бәсекини алып кириў мүмкин болған монополия тараўларына жеке сектор ушын жол ашыў ҳәм сол арқалы бәсеки орталығын қәлиплестириў лазым. Бул бағдарда тәбийғый монополия ҳәм бәсеки ҳаққындағы нызамларды жаңалаў және Экономикада бәсеки орталығын қәлиплестириў стратегиясын ислеп шығыў талап етиледи.
Тутыныў базарында азық-аўқат өнимлери баҳасының турақлылығын тәмийинлеўдиң бирден-бир жолы-мийўе-овощ, шарўашылық ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлерин жетистириў көлемин көбейтиў және «атыздан дүканға шекемги» болған үзликсиз шынжырды жаратыў болып есапланады. Ҳүкимет барлық дәрежедеги ҳәкимликлер менен усы ўазыйпаның орынланыўын толық тәмийинлеўи керек.
Бюджет қаржыларының мақсетли ҳәм ақылға уғрас жумсалыўы үстинен қадағалаўды және де күшейтиў зәрүр.
Быйылғы жылда мәмлекеттиң сыртқы қарызының жоқары шегин белгиледик. Буннан былай халықаралық финанс шөлкемлеринен алынатуғын қаржыларды қайтарыў имканияты ҳәм олардың нәтийжелилигине айрықша итибар қаратылады.
Министрлер Кабинети үш ай мүддетте халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, «Мәмлекетлик финанслық қадағалаў ҳаққында» ҳәм «Мәмлекет қарызы ҳаққында»ғы нызамлардың жойбарларын ислеп шықсын.
Реформаларымызға айрықша тосқынлық етип атырған «жасырын экономика» сапластырылмаса, саламат бәсеки де, қолайлы инвестициялық орталық та қәлиплеспейди.
Министрлер Кабинети еки ай мүддетте, сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда, «жасырын экономика»ның пайда болыў факторларын терең таллап, оған қарсы гүресиў бағдарламасын тастыйықласын.
Сондай-ақ, «жасырын экономика»ның үлеси жоқары болған алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў ушын товарларды санлы маркировкалаў системасын енгизиў жумыслары басланды. Бул система келешекте фармацевтика өнимлери ушын да қолланылады. Министрлер Кабинети баҳасы 200 миллион доллар болған, тиккелей инвестициялар есабынан әмелге асырылып атырған усы «санлы маркировка ҳәм онлайн касса» жойбарын айрықша қадағалаўға алсын.
Екиншиден, экономиканы жоқары пәтлер менен раўажландырыў ушын жедел инвестициялық сиясатты избе-из даўам еттириў зәрүр.
Быйылғы жылда 23 миллиард долларлық инвестициялар өзлестириледи ҳәм 206 жаңа ири қуўатлықлар иске түсириледи. Соның ишинде, Шортан газ-химия комплексинде синтетикалық суйық жанылғы, «Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде азот кислотасы, аммиак ҳәм карбамид ислеп шығарыў қуўатлықлары қурылады. Жаңа Ташкент металлургия заводы, Ташкент метросының Сергели тармағы, жер үсти айланба жолының биринши басқышы иске түсириледи.
2020-жылы өзлестирилетуғын инвестициялардың салмақлы бөлеги тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлер болатуғынын айрықша атап өтпекшимен. Инвесторларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде оларға салықларды бөлип-бөлип төлеў, инфраструктура жаратыў қәрежетлериниң белгили бир бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплаў механизмлери енгизилмекте.
Сондай-ақ, пайда салығын есаплаўда жаңа технологиялық үскенелер сатып алыў, жаңа объектлерди қурыў ҳәм модернизациялаў қәрежетлери бойынша шегирмелер кеңейтилди.
Бар 3 мыңға шамалас мәмлекет қатнасындағы кәрханаларды хатлаўдан өткерип, жеке сектор ҳәм бәсеки раўажланған бағдарлардағы кәрханаларда мәмлекеттиң қатнасын кескин азайтыў илажларын көриў керек.
Наўайы ҳәм Алмалық таў-кән металлургия комбинатлары сыяқлы ири санаат кәрханаларында жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў менен бирге, усы кәрханаларды халықаралық финанс базарының толық түрдеги қатнасыўшысына айландырыў лазым. Бул ушын 2020-жылда халықаралық стандартлар тийкарында финанслық есабатларды дүзиў, резервлерди қайта есаплаў, корпоратив ашық-айдынлықты енгизиў сыяқлы жумысларды жуўмақлаў зәрүр.
Нефть-газ тараўындағы мәмлекетлик кәрханаларды басқарыўға сырт ел экспертлерин тартыў, олардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қәрежетлерин оптималластырыў, қарыз муғдарын азайтыўға ерисиў лазым.
Министрлер Кабинети әне усы ўазыйпаларды толық есапқа алып, еки ай мүддетте Мәмлекет қатнасындағы кәрханаларға ийелик етиў, оларды басқарыў ҳәм реформалаў стратегиясын ислеп шықсын.
Сырт ел инвесторларын жедел тартыў мақсетинде усы жыл март айында Ташкент халықаралық инвестиция форумын жоқары дәрежеде өткериў зәрүр.
Инвестиция тартыўдың нәтийжели қуралларынан бири болған мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин транспорт, энергетика, жол, коммунал, медицина, билимлендириў сыяқлы тараўларға кеңнен енгизиў керек.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс тараўы экономиканың әҳмийетли «драйвер»леринен бирине айланды. Бул тараўдың жалпы ишки өнимдеги үлеси 6 проценттен артқаны да бул пикирди айқын тастыйықлап тур. Усы тармақты және де раўажландырыў ушын қурылысқа байланыслы нормаларды халықаралық стандартлар менен үйлестириў, заманагөй қурылыс технологияларын ҳәм материалларын енгизиў, тараў ушын кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан реформалаў зәрүр. Сондай-ақ, тендерлер өткериўдиң анық өлшемлерин ислеп шығыў ҳәм тараўда мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў керек.
Министрлер Кабинети еки ай мүддетте қурылыс тараўын 2025-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын ислеп шықсын.
Үшиншиден, банк системасын раўажландырыў ушын быйыл кескин илажлар көриўимиз лазым.
Тилекке қарсы, банк системасы санлы технологияларды қолланыў, жаңа банк өнимлерин енгизиў ҳәм программалық тәмийнатлар бойынша заман талапларынан 10-15 жыл артта қалмақта.
2020-жылдан баслап ҳәр бир банкте кең көлемли трансформация бағдарламасы әмелге асырылады. Бул бойынша банклеримиздиң капитал, ресурс базасы ҳәм дәраматларын арттырыў айрықша дыққат-итибарымыз орайында болады.
Банк системасында исбилерменлерди қоллап-қуўатлайтуғын «жойбарлар фабрикасы» жумысын жолға қойыўымыз лазым.
Банклеримиз халықаралық финанс базарларына шығып, арзан ҳәм узақ мүддетли ресурслар алып келиўи зәрүр. Миллий банк ҳәм Ипотека банк быйыл өз евробондларын шығарыўы мақсетке муўапық болып табылады.
Мәмлекет үлесине ийе болған банклер басқышпа-басқыш стратегиялық инвесторларға сатылады.
Банк тараўындағы реформалардың тийкарғы мақсетиде Банк-финанс академиясы сырт ел қәнигелери менен биргеликте толық қайта шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, мәмлекетлик банклерде заманагөй банк әмелияты, менеджменти ҳәм хызметлерин енгизиў ушын басшылық лаўазымларына сырт ел жетекши финанс институтларының маман қәнигелерин тартыў басланды ҳәм бул процесс избе-из даўам етеди.
Банклерде мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў арқалы олардың программалық тәмийнатын түп-тийкарынан жаңалаў лазым. Усы жыл 1-июльге шекем «кредит тарийхы» мәлимлеме системасын толық иске қосыў зәрүр.
Халықта банк системасына болған исенимди қәлиплестириў ҳәм банклердиң жумысына шеттен араласыўға шек қойыў керек.
Төртиншиден, турақлы экономикалық өсимниң ең әҳмийетли гиреўи-бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў, олар ушын жаңа халықаралық базарлар табыў ҳәм экспортты көбейтиў, транзит потенциалынан толық пайдаланыў болып есапланады.
Быйыл экспортёрларға кепиллик беретуғын ҳәм қәрежетлердиң бир бөлегин қаплайтуғын-Экспортты қоллап-қуўатлаў қоры және экспортты алдыннан қаржыландырыў ушын-Экспорт-кредит агентлиги шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, экспорт етиўде заманагөй қамсызландырыў хызметлери жолға қойылады, автомобиль ҳәм ҳаўа транспорты қәрежетлериниң шамалы бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплап бериў механизми енгизиледи.
Сыртқы саўда менен байланыслы қадағалаў системасын ҳәм инфраструктураны жақсылаў зәрүр. Соның ишинде, сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, бажыхана постларында қадағалаўды әмелге асыратуғын бажыхана, санитария, карантин, ветеринария ҳәм басқа да уйымлардың жумысын реформалаў лазым.
2020-жылда 3 мыңға шамалас стандартларды қабыл етиў, олардың санын 10 мыңға ҳәм халықаралық стандартлар менен үйлесиў дәрежесин 40 процентке жеткериў дәркар. Әндижан, Термиз ҳәм Қоңырат районларында еркин саўда зоналарын шөлкемлестирип, олар арқалы шегаралды саўдасын раўажландырыў зәрүр.
Өтимли өнимлердиң түрлерин анықлаў, оларға базар табыў ҳәм сатыў менен жеке меншик трейдинг компаниялары шуғылланыўы, бул ушын болса, саўда жумысын тәртипке салатуғын нызам жойбарлары топламын ислеп шығыў тийис. Бул сыртқы саўда менен бир қатарда, ишки базарға да тийисли.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте сыртқы экономикалық жумысты тәртипке салыў концепциясын ислеп шықсын ҳәм әне усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли қарарларды таярласын.
Өнимлеримизди ишки ҳәм сыртқы базарларға жеткериў, олардың өзине түсер баҳасын түсириў ушын транспорт-логистика тараўын раўажландырыўымыз зәрүр.
Темир жол тараўында жолаўшы ҳәм жүк тасыў, эксплуатация ҳәм хызмет көрсетиўди бир-биринен ажыратыў, яғный, тәбийғый монополия бөлегин өз алдына, жеке секторды тартыў мүмкин болған бағдарларды өз алдына раўажландырыў лазым.
Халықаралық экспертлердиң жуўмағына бола, инфраструктураны жақсылаў, бейимлесиўшең тарифлер қолланыў ҳәм жаңа перспективалы бағдарларды қәлиплестириў есабынан бизде транзит потенциалын ҳәзирги 7 миллион тоннадан 16 миллион тоннаға жеткериў имканияты бар.
Және бир әҳмийетли мәселеге итибарыңызда қаратпақшыман. Халықтың дәраматларын арттырыў, қосымша жумыс орынларын жаратыў, өним ислеп шығарыўды көбейтиў ушын бизге жаңадан-жаңа базарлар керек. Бул ушын базар экономикасы ҳәм дәўир талапларына сай көплеген нызам ҳәм қарарларды қабыл етип атырмыз. Бирақ, тилекке қарсы, оларды орынлайтуғын көплеген ҳәмелдарлар елеге шекем ескише жумыс усылы, рәсмиятшылық ҳәм бийпәрўалықтан қутылғаны жоқ.
Ашық базар өнимниң сапасын арттырыў, өзине түсер баҳаны төменлетиў, жаңа технологиялар алып келиўге мәжбүр етеди, базар реформаларын жедел раўажландырады. Әпиўайы етип айтсақ, жәҳән өндирис системасына, дүнья базары талапларына ҳәм экономикалық интеграция процесслерине үнлес болыўымыз лазым. Қарым-қатнасқа ҳәм бәсекиге таяр болыў ушын тармақ басшылары өз үстинде тынымсыз ислеўи шәрт.
Мине, не ушын бизге экономикалық интеграция керек?
Бизиң сыртқы саўдаға шығатуғын жүклеримиздиң 80 проценти Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Россияның транзит коридорлары арқалы өтеди. Сондай-ақ, таяр өнимлеримиз экспортының 50 проценти, айырым товарлар бойынша болса 80 проценти Россия, Қазақстан, Қырғызстанның үлесине туўра келеди.
Әне усы факторларды инабатқа алып ҳәм Россия ҳәм Қазақстанға ислеў ушын барған пуқараларымызға қолайлы шараят жаратыў мақсетинде бүгинги күнде Өзбекстанның Евразия экономикалық аўқамы менен бирге ислесиўине байланыслы мәселелер үйренилмекте. Биз, әлбетте, усы айрықша мәселеде, бәринен бурын, халқымыздың мәплеринен келип шығып, оның тилек ҳәм ерк-ықрарына сүйенемиз.
Соның ушын халық ўәкиллери болған депутат ҳәм сенаторларымыз парламент палаталарында усы мәселени ҳәр тәреплеме додалап, өзлерине жуўапкершиликти алған ҳалда, тийкарланған жуўмақларын айтыўы керек.
Министрлер Кабинети усы бағдардағы талланған ҳәм комплексли баҳалаў жумысларын жуўмақлап, тийисли жуўмақ ҳәм усынысларды Олий Мажлис палаталарына усынсын.
Соның менен бирге, биз Жәҳән саўда шөлкеми менен басланған қарым-қатнасымызды ҳәм Европа Аўқамы менен Бирге ислесиў ҳәм шериклик ҳаққындағы жаңа келисимди дүзиў бойынша жумысларды избе-из даўам еттиремиз. Сондай-ақ, биз басқа да халықаралық ҳәм регионаллық экономикалық шөлкемлердеги қатнасымызды және де күшейтемиз.
Бесиншиден, санаат тармақларын үзликсиз шийки зат ҳәм заманагөй инфраструктура менен тәмийинлеў зәрүр.
Экономиканың бир қатар әҳмийетли тармақлары, соның ишинде, химия, нефть ҳәм газ, энергетика, электротехника, қурылыс материаллары, зергерлик санаатын шийки зат пенен тәмийинлеў ушын, бәринен бурын, геологиялық-излеў тараўын түп-тийкарынан раўажландырыў лазым. Соны есапқа алып, быйылғы жылда перспективалы кәнлерди анықлаў ҳәм бар резервлерди көбейтиў ушын бюджеттен 2 триллион сум қаржы ажыратылмақта.
Мәмлекетлик геология комитети алдына усы қаржыларды нәтийжели жумсаў арқалы быйылғы жылда жаңа перспективалы жерлерди ҳәм кәнлерди анықлаўды 35 процентке, келеси жылда болса 40 процентке арттырыў ўазыйпасы қойылады.
Мәмлекетлик геология комитети Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен бирге кеминде 20 кән бойынша таяр жойбарлар топламын қәлиплестирип, потенциаллы инвесторларға усыныўы лазым. Сондай-ақ, комитет углеводородлар ҳәм олардың резервлери бойынша есап-санақ жүргизиў, категорияға ажыратыў ҳәм басқарыўдың халықаралық системасын әмелиятқа енгизиўи керек.
Экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў ушын барлық қолайлықларға ийе болған заманагөй инфраструктура қурыў оғада зәрүр.
Биз кейинги 3 жылда жол қурылысына – 9,8 триллион сум, суў тармақларына – 4,6 триллион сум, электр тармақларына – 18,2 триллион сум, тәбийғый газ тәмийнатына – 1,2 триллион сум қаржы ажыраттық. Бул санлар усы тармақлар ушын соңғы он жылда жумсалған қаржылардан бир неше есе көп. Лекин, соған қарамастан, заманагөй инфраструктура жаратыў, бар системаны модернизациялаў ушын буннан бир неше есеге көп қаржы талап етиледи.
Қаншелли қыйын болмасын, биз ҳәр жылы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде үлкен қаржы ажыратып, бул бағдарлағы жумысларды әлбетте жедел даўам еттиремиз. Буған қосымша түрде республика ҳәм жергиликли бюджетлердиң прогноздан жоқары түсимлериниң ярымын инфраструктура объектлерин раўажландырыўға бағдарлаў – Қаржы министрлиги ҳәм ҳәкимлер ушын быйылғы жылдағы тийкарғы ўазыйпалардан бири болыўы керек.
Нызамшылық палатасы Есап палатасын тартқан ҳалда, усы қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўын орныларға шығып, турақлы түрде үйренип барыўы мақсетке муўапық болып есапланады.
Алтыншыдан, бизнес орталығын және де жақсылаў биз ушын ең әҳмийетли мәселелерден бири болып қалады.
Жәҳән банкиниң «Бизнес жүргизиў» рейтингинде ең жақсы 50 мәмлекеттиң қатарына кириў бойынша барлық шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды қабыл еттик. Ҳүкимет усы илажлардың әмелий орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўи зәрүр.
Жақында қабыл етилген жаңа Салық кодексине муўапық, усы жылдан баслап көплеген жаңалықлар әмелиятқа енгизилмекте. Соның ишинде, салық түрлери 13 тен 9 ға азайтылды. Салықларды төлеў мүддетин созыў ямаса бөлип-бөлип төлеўге руқсат бериў бойынша жеңиллетилген механизмлер киргизилди.
Биринши мәрте исбилерменлерге ишки базарда сатқан өними бойынша қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў тәртиби енгизилмекте. Ҳәзирге шекем бул тәртип тек өним экспорт етилгенде қолланылатуғын еди. Буның есабынан исбилерменлердиң ықтыярында 3,4 триллион сум яки өткен жылға салыстырғанда 2,5 есе көп қаржы қалады.
Енди исбилермен тәрепинен төленген артықша салық өз мүддетинде қайтарылмаса, оған Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы бойынша бюджеттен процент төленеди. Буның әҳмийетин мине усы залда отырған ҳәм «көк экран» арқалы мениң сөзлеримди тыңлап атырған исбилерменлер, ҳәммеден көре жақсы түсинеди.
Салық кодекси нормаларын ҳәр бир салық хызметкери, исбилерменлер ҳәм салық төлеўшилер пуқта өзлестириўи, буның ушын оларды турақлы түрде оқытыў зәрүр.
Салық хызмети хызметкерлериниң дүньяқарасын пүткиллей өзгертиў ҳәм маман кадрларды таярлаў мақсетинде Мәмлекетлик салық комитети жанында Фискаль институтын шөлкемлестириўди усыныс етемен. Бул процесске үлкен тәжирийбеге ийе болған абырайлы сырт ел экспертлерин тартыў зәрүр.
Соның менен бирге, исбилерменлерди көп қыйнайтуғын тараў – лицензиялаў ҳәм руқсатнамалар бериў тәртиплерин қатаң өзгертемиз. Ашық айтыў керек, бар 280 ге шамалас лицензия ҳәм руқсатнамалар арасында жумыс түрлери есабын жүргизиў, қаржы өндириў яки әйтеўир қадағалаў ушын енгизилгенлери де бар. Бул болса исбилерменлердиң ҳақылы наразылықларына себеп болмақта.
Сол себепли Әдиллик министрлиги, Саўда-санаат палатасы, Бизнес-омбудсман 2020-жыл 1-мартқа шекем лицензия ҳәм руқсатнамлар бериў тийкарларын түп-тийкарынан қайта көрип шығып, олардың санын кеминде 2 есеге қысқартыў бойынша анық усыныс киргизсин. Сондай-ақ, «Киши ҳәм орта бизнес ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шығыў зәрүр. Онда киши ҳәм орта бизнес нормалары және усы тараў ўәкиллерин хошаметлеў механизмлери нәзерде тутылыўы керек.
Быйыл ҳәр бир аймақта исбилерменлерге жер участкаларына тийисли мағлыўматларды ашық-айдын ҳәм исенимли жеткериў бойынша жаңа система енгиземиз. Оған бола, исбилерменниң жумыс ислеўи ушын зәрүр болған бос жер майданларын, имарат ҳәм объектлер, олардың қуны ҳәм баҳалары ҳаққындағы толық картаны қәлеген ўақытта ҳәм аймақта онлайн тәртибинде алыў имканияты жаратылады.
Хабарыңыз бар, буннан 2 жыл бурын кәрханалардың финанс-хожалық жумысын тексериўге байланыслы жәрияланған мораторийдиң мүддети жуўмақланды. Бирақ, бул және ески усылда жалпыламай тексериўлерди баслап жибериў мүмкин, дегени емес.
Бул кимгедур жақсын – жақпасын, биз буған жол қоймаймыз. Барлық қадағалаў уйымларының басшылары соны қулағына жақсылап қуйып алсын.
2020-жылдың биринши шерегинде, алдынғы тәжирийбелер тийкарында, барлық дәрежедеги қадағалаўшы уйымларда жаңа заманагөй система енгизилиўи шәрт. Әне сол система арқалы ҳәр бир кәрхана ҳәм исбилермен бойынша өз алдына жумыс алып барып, олардың нызамлы жумыс жүргизиўин тәмийинлеў, тексериўди болса ең соңғы айрықша илаж сыпатында әдалатлы өткериў лазым. Бул мәселе бойынша, қадағалаў уйымларының басшылары парламент алдында ҳәр шеректе жеке есабат берип барады.
Банкротлық бағдарындағы ҳәзирги тәртип-қағыйдалар кәрханаларды сапластырыў ҳәм мүлктен түскен қаржылар есабынан қарызларды қаплаўды нәзерде тутады. Соның ушын соңғы 3 жылда тек 3 кәрханада ғана санация қолланған. Енди бундай қағыйдадан пүткиллей ўаз кешип, төлеўге уқыпсыз кәрханаларды ең алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында саламатландырыў бойынша жаңа система енгиземиз.
Исбилерменлердиң ҳуқықларын тәмийинлеўде Олий Мажлистиң еки палатасы да тәсиршең парламентлик қадағалаўды жолға қойыўы зәрүр.
Исбилерменлик тараўында социаллық қәўпи үлкен болмаған айырым жынаят түрлерин жынаят категориясынан шығарыў сиясатын избе-из даўам еттириўимиз лазым. Соның ишинде, жасалма исбилерменлик, бәсекилестиң абырайын түсириў сыяқлы қылмыслар ушын жынайый жуўапкершилик бийкар етиледи. Сондай-ақ, бажыхана нызам ҳүжжетлерин бузыў менен байланыслы жынаятты биринши мәрте ислеген, лекин төлемлерди төлеген шахсларды жынайый жуўапкершиликтен азат етиў керек.
Юридикалық тәреп болған исбилерменлик субъекти ағзаларына «жынайый шөлкем» деген айыплаў қойып, оларға аўыр жаза тайынлаў сыяқлы әллеқашан өмирин өтеп болған тәртиплерди бийкар етиў ўақты жетти. Буның ақыбетинде жүзлеген исбилерменлер қаншадан-қанша азап шегип, материаллық зыян көрип атырғанларын инабатқа алсақ, бул өзгерислердиң қандай үлкен әҳмийетке ийе екени айқын көзге тасланады.
Жоқары суд, Бас прокуратура, Бизнес-омбудсман, Саўда-санаат палатасы, Әдиллик министрлиги 2020-жыл 1-апрельге шекем әне усы мәселелер бойынша тийисли нызам жойбарын пуқта ислеп шығыўы лазым.
Жетиншиден, экономикамыздың раўажланыўын, халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматлары өсиўин тәмийинлейтуғын ең әҳмийетли тараўлардан бири болған аўыл хожалығын стратегиялық көзқараслар тийкарында раўажландырыў зәрүр.
Тармақтағы ҳәзирги өсиў пәтлери бизди улыўма қанаатландырмайды. Бул бағдарда базар механизмлерин кеңнен енгизип фермер ҳәм дийқанлардың мәпдарлығын асырмасақ, биз күткен сезилерли өзгерис болмайды. Сонлықтан, пахта ҳәм ғәлле жетистириўге мәмлекетлик буйыртпаны бийкар етип, усы өнимлерди базар принциплери тийкарында сатып алыў системасына басқышпа-басқыш өтемиз. Егер усы жолдан бармасақ, фермер ҳәм дийқанларымыз өним жетистириўде еркин болмайды, олар өзлери күткенлериндей пайда көрмейди, ҳәкимлердиң болса ис усылы өзгермейди.
Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорын реформалап, аграр тараўдың басқа тармақларына да арзан кредитлер ажыратыў жолға қойылады.
Келешекте Аўыл хожалығы министрлиги тараў кәрханаларына көрсетпе бериў, ресурсларды бөлистириў, реже белгилеў сыяқлы ески жумыс усылларынан пүткиллей ўаз кешиўи зәрүр. Оның орнына министрлик сервис шөлкемине айланыўы, жеке меншик агросанаат шөлкемлерине жердиң жағдайын анықлаў, егислик түрлерин ҳәм туқымды дурыс таңлаў, зыянкеслерге қарсы гүресиў, финанслық жақтан жәрдем бериў, өним базарын табыў бойынша хызмет көрсетиўи керек.
Аграр тармақта фермерлик ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў менен бирге, пахта ҳәм ғәлле жетистириўди кластер түрине басқышпа-басқыш өткериў бойынша излениўлеримизди даўам еттиремиз.
Мийўе-овощ, салыгершилик, шарўашылық, пиллешилик сыяқлы басқа тармақларда да бүгинги күнниң талабына жуўап беретуғын кластерлерди шөлкемлестириў жумысларын даўам еттиремиз.
Быйыл 2 миллиард долларлық, кейинги 5-7 жылда болса 3-4 есе көп мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиў ушын өним жетистириўди кескин көбейтиў илажларын көриў зәрүр.
Парламентимиз усы реформаларымыздың ҳуқықый тийкары болған «Кооперация ҳәм кластерлер ҳаққында»ғы жаңа нызамды тезирек қабыл етсе, бул үлкен реже ҳәм нийетлеримизге сай ис болар еди.
Быйыл мийўе-овощ жетистириў, жүзимгершилик, туқымгершилик, шарўашылық, агро-логистиканы раўажландырыў, суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, илимий-изертлеў жумысларын, тараў ушын маман кадрларды таярлаўға 3 триллион сум қаржы қаратамыз. Шарўашылық, қаракөлшилик, балықшылық, қусшылық сыяқлы тараўларда нәсилшиликке айрықша итибар қаратылып, оны мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлери енгизиледи.
2020-жылы 44 мың гектар жерде ямаса өткен жылға салыстырғанда дерлик 4 есе көп майданда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгиземиз. Бул ушын мәмлекетлик бюджеттен 300 миллиард сум субсидия ажыратылады. Сондай-ақ суў хожалығы объектлерин басқарыў процесслерин, суўды қадағалаў ҳәм оның есабын жүргизиў системасын автоматластырыў зәрүр.
Бул мәселелер Суў хожалығын раўажландырыў концепциясында өз көринисин табыўы керек. Министрлер Кабинети быйыл 1-апрельге шекем әне усы концепция жойбарын тастыйықлаў ушын киргизсин.
Сегизиншиден, туризмди экономиканың стратегиялық тармағына айландырыў биз ушын тийкарғы ўазыйпа болып қалады.
Ҳүкимет алдындағы ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири – быйылғы жылда елимизге келетуғын туристлердиң санын 7,5 миллионға жеткериўден ибарат.
Бизге белгили, бир қатар абырайлы сырт ел ғалаба хабар қураллары 2020-жылда Өзбекстанды саяхатқа әлбетте барыў усыныс етилген мәмлекетлер қатарына киргизди. Биз бундай имканияттан өнимли пайдаланыўымыз керек.
Үлкен потенциалға ийе болған зыярат ҳәм медицина туризмин де жедел раўажландырыў зәрүр.
Елимизде 8 мың 200 ден зыят мәдений мийрас объекти болып, туризм маршрутларына олардың тек ғана 500 и киргизилген.
Ҳүкимет үш ай мүддетте зыярат ҳәм дәстүрий туризмди раўажландырыў мүмкин болған маршрутлардағы объектлердиң санын 800 ге жеткериў бойынша илажларды белгилесин.
Және бир ўазыйпа – ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик материаллық мәдений мийрасы ҳәм Материаллық емес мәдений мийрасы дизимине Өзбекстандағы жаңа объектлерди киргизиўди тезлетиў лазым.
Быйылғы жылда жаңа заманагөй мийманханаларды қурыўға мәмлекетлик бюджеттен 200 миллиард сум субсидия ажыратып, туризм инфраструктурасын жедел раўажландырыў зәрүр.
Тоғызыншыдан, урбанизация процесслерин жеделлестирген ҳалда, аймақларды комплексли раўажландырыў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў керек.
Әне усы жумыслар шеңберинде 7 үлкен қала – Әндижан, Бухара, Самарқанд, Қаршы, Ферғана, Наманган, Нөкиске тутас болған 12 жолдас қалаша таңлап алынып, оларды раўажландырыў бойынша комплексли илажлар ислеп шығылады.
Әне усы ўазыйпа менен байланыслы және бир мәселе сол, тийкарғы жумысшы күши жасайтуғын ҳәм жумыс орынлары жаратылып атырған аймақларымыз арасында айырмашылық бар. Буның шешими – ишки миграцияны еркинлестириўден ибарат.
Сонлықтан, парламент ҳәм ҳүкимет 2020-жыл 1-апрельге шекем прописка системасын реформалаў бойынша халықаралық тәжирийбени үйренип, анық усынысларды ислеп шығыўы лазым.
Турақ жай қурылысына жеке секторды жедел тартпай турып, халықтың турақ жайға болған талабын толық тәмийинлеў мүмкин емес. Сол себепли жаңа ипотека системасы енгизилмекте.
Бул бағдарда ўәлаятлардағы қалалар ҳәм Ташкент қаласында 18 мыңға шамалас және аўылларда 4 мың турақ жай жеке сектор тәрепинен қурылады. Мәмлекет, банклер арасында саламат бәсекини тәмийинлеў мақсетинде оларға дерлик 4 триллион сум қаржыларды аукционлар арқалы ажыратады.
Кем тәмийинленген халықты қоллап-қуўатлаў мақсетинде қалаларда 16 мың шаңараққа турақ жай алыў ушын дәслепки төлем ҳәм кредит процентин қаплаўға бюджеттен 1 триллион сум субсидия ажыратылады.
Мениң ең үлкен нийетим сол, Ўатанымыз ишинде ҳәр бир инсан өзиниң «киши ўатаны»на – турақ жайына ийе болса, бизден халқымыз да, Жаратқан да разы болады.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Соңғы үш жылда «инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин» деген принцип тийкарында, халқымыздың турмысын түп-тийкарынан жақсылаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли социаллық реформаларды даўам еттиремиз. Бул ушын биринши гезекте халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм оның социаллық қорғалыўын күшейтиў – биз ушын баслы ўазыйпалардан бири болып қалады.
Аймақларда, әсиресе, аўылларда халықтың көпшилик бөлеги жетерли дәрамат дәрегине ийе емеслиги сыр емес. Ҳәр қандай мәмлекетте болғаны сыяқлы бизде де кем тәмийинленген халық қатламлары бар. Түрли есап-санақларға бола, олар шама менен 12-15 процентти қурайды. Усы жерде гәп киши санлар емес, ал халқымыздың 4-5 миллионлық ўәкиллери ҳаққында бармақта.
Айырым адамлар социаллық напақа ҳәм материаллық жәрдем пулын төлеў яки олардың муғдарын арттырыў арқалы усы машқаланы шешиў мүмкин, деп ойлайды. Бул – бир тәреплеме көзқарас болып, машқаланы толық шешиў имканиятын бермейди.
Кәмбағаллықты азайтыў – бул демек, халықта исбилерменлик руўхын оятыў, инсанның ишки күш-қуўатын ҳәм потенциалын толық жүзеге шығарыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша комплексли экономикалық ҳәм социаллық сиясатты әмелге асырыў болып табылады.
Сонлықтан Жәҳән банки, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажландырыў бағдарламасы ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен бирге Кәмбағаллықты азайтыў бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етемен. Бул бағдарда халықаралық нормалар тийкарында терең үйрениўлер өткерип, кәмбағаллық түсиниги, оны анықлаў өлшемлери ҳәм баҳалаў уыслларын қамтып алған жаңа методологияны жаратыў лазым.
Сондай-ақ, Ферғана ойпатының 22 район аўылларында халықтың арасында заманагөй исбилерменлик ҳәм бизнес көнликпелерин қәлиплестириў бойынша басланған унамлы тәжирийбени барлық аймақларда басқышпа-басқыш енгизиўимиз керек.
Орынлардағы социаллық машқалаларды шешиўге байланыслы исбилерменлик басламаларды, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға үлкен әҳмийет бериў зәрүр. Сол мақсетте халық ҳәм исбилерменлерге, микроқаржы хызметлери ҳәм финанслық ресурсларға, мәмлекетлик сатып алыўларға кең жол ашып бериледи. Бундай илажлар арқалы адамларымызда исбилермен болыўға қызығыўшылық ҳәм исеним артады, көбирек дәрамат алыўға умтылатуғын болады.
Соның менен бирге, ҳәмме де исбилермен бола алмайды. Сол себепли бундай адамлар менен системалы жумыс алып барып, оларды кәсипке қайта таярлаў арқалы мүнәсип жумыс орны менен тәмийинлеў лазым. Усы мақсетлер ушын 700 миллион доллар қаратылады.
Биз жаңа жумыс орынларын жарататуғын исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўымыз, керек болса, оларды ийнимизде көтериўимиз керек.
Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте социаллық исбилерменлик тийкарлары ҳәм оны хошаметлеў илажлары ҳаққында тийисли нызам жойбарын ислеп шығыў тапсырылады. Сондай-ақ, ҳүкимет быйылғы жылда мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде ҳәм исбилерменликти раўажландырыў арқалы 500 мың жаңа жумыс орнын жаратыўды тәмийинлеўи зәрүр.
Усы мүнәсибет менен бир пикирди айрықша атап айтпақшыман, ҳәр бир тармақ, тараў, ўәлаят ҳәм районда жаратылған исбилерменлик субъектлери ҳәм жаңа жумыс орынлары, әне сол структуралардың басшыларының жумысын баҳалаўда ең тийкарғы өлшем болады.
Жыл даўамында бюджет системасы хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсия, стипендия ҳәм напақалардың муғдары инфляция дәрежесинен жоқары муғдарда арттырылады.
Социаллық напақа төлеўдиң жетилискен системасын енгизиў, соның ишинде, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем бериўди қамтып алыўды кеңейтиў, бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў зәрүр. Сондай-ақ, напақа тайынлаўдағы өлшемлерди қайта көрип шығыў ҳәм оларды белгилеўде ашық-айдын ҳәм әдалатлы система жаратыў, бул бағдарда мәҳәллениң қатнасын сын көзқарастан қайта көрип шығыў зәрүр. Улыўма алғанда, халық социаллық напақа бойынша бир уйымға мүрәжат ететуғын кейин сол уйымның өзи бир күнде ҳәмме ҳүжжетлерди таярлап, мәселениң шешимин табыўы керек.
Пуқараларымыз пенсияға шығыўы ушын тек паспорты менен барып, мүрәжат етиўи жетерли болатуғын система жаратылады. Буның ушын, биринши гезекте, мәмлекетлик архив системасы электрон формаға өткерилиўи керек.
Быйылғы жылда кекселер, соның ишинде, жалғыз кекселер менен ислесиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша толық ҳәм тәсиршең система жаратыў зәрүр. Бул қатлам ушын ажыратылып атырған социаллық төлемлердиң муғдары да қайта көрип шығылыўы керек.
«Меҳрибанлық үйлери»нде тәрбияланған жаслардың социаллық бейимлесиўин, атап айтқанда, оларды жумыс пенен, келешекте турақ жай менен тәмийинлеў бойынша айрықша бағдарлама ислеп шығыў зәрүр. Себеби бундай перзентлеримиз олардың ғамхоры, меҳрибаны, артындағы сүйениши мәмлекет ҳәм жәмийет екенлигин барқулла жүректен сезип турыўы шәрт.
Майыплық, жерлеў мәресими, бағыўшысын жоғалтыў бойынша напақалар, жумыс ўақтында майып болғанлар ушын компенсация сыяқлы төлемлерди қайта көрип шығып, «Социаллық қамсызландырыў хаққындағы»ғы нызамды ислеп шығыў зәрүр.
Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Халықты социаллық қорғаў концепциясын ислеп шығыўы, жоқарыда атап өтилген бағдарлар бойынша тийкарғы ўазыйпаларды белгилеўи лазым.
Екиншиден, денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, медициналық хызметтиң сапасын арттырыў бойынша реформаларымызды да исеним менен даўам еттиремиз.
Шыпакерлердиң жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын күшейтиў, халқымыз арасында оларға болған ҳүрметти арттырыў, усы кәсип ийелери ушын мүнәсип мийнет шараятын жаратыў ҳәм дәраматын көбейтиў бойынша әмелий илажлар көриўимиз дәркар.
Мәмлекетлик медициналық шөлкемлер ҳәм халықты дәри-дәрмақлар, медициналық өнимлер менен тәмийинлеўге өткен жылға салыстырғанда 1,3 есе көп ямаса 1,5 триллион сум ажыратылады. 281 медициналық мәкемесин қурыў ҳәм оңлаў бюджеттен 1,1 триллион сум жумсалады. Сондай-ақ, 17 қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық мәкемесин басқарыўда заманагөй менеджмент механизмлерин енгизиў зәрүр.
Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик медицинаны және де раўажландырыў, саламат бәсекини күшейтиў, биринши гезекте, қәнигелестирилген медицина орайларына сырт елли инвесторларды тартыў илажларын көриў дәркар.
Гемотологиялық ҳәм вирусологиялық жәрдемниң сапасын арттырыў, бул түрдеги емлеў қыйын болған наўқасларға медициналық хызмет көрсетиўди түпкиликли реформалаў ўақты келди.
Қан ҳәм вируслы кеселликлерди ерте анықлаў, емлеў ушын тәжирийбели гематолог, виросолог ҳәм иммунолог таярлаў, дәри-дәрмақ ҳәм медицина техникасы ушын қаржыларды көбейтиўимиз керек.
Қәнигелестирилген орайлар ҳәм олардың филлиаларында, сондай-ақ, Ташкент қаласындағы медициналық мәкемелерде усы жыл электрон медициналық карталарды енгизиў зәрүр.
Денсаўлықты сақлаў тараўын қаржыландырыўды түпкиликли реформалаў мақсетинде быйыл мәжбүрий медициналық қамсызландырыўға байланыслы нызамларды қабыл етиў ҳәм оларды әмелге асырыў бойынша барлық шөлкемлестириўшилик илажларды ислеп шығыў лазым.
Усы системаны быйыл Сырдәрья ўәлаятында тәжирийбе сыпатында қолланыў басланады.
Дәри-дәрмақлардың ҳәрекетин қадағалаў, контрафактлық өнимлер айланысына шек қойыў ҳәм дәрилердиң реал баҳасын онлайн тәртипте бақлап барыў системасын жаратыў да әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Үшиншиден, биз быйыл ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа көтеремиз.
2020-жылда 5,5 мың ҳаял-қыздың киши бизнес бағдарындағы жойбарларына 100 миллиард сум муғдарында жеңилликли кредит бериледи. Бул ушын банклерге мәмлекетлик бюджеттен ресурс ажыратамыз. Буннан тысқары, 1 мың 576 ҳаял-қызға жаңа турақ жайларға ийе болыўы ушын бюджет есабынан басланғыш төлем төлеп бериледи.
Социаллық қорғаўға мүтәж апа-қарындасларымызды Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайында 5 әҳмийетли баслама шеңберинде қысқа оқыў курсларында оқытыў шөлкемлестириледи.
Мәмлекетимиздеги түпкиликли өзгерислер, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты және де раўажландырыўды күн тәртибине қоймақта. Жаслар менен ислесиў нәтийжелилигин баҳалаў бойынша бирден-бир көрсеткишлер ислеп шығыў, жаслар сиясатын баҳалаў миллий индексин енгизиў керек.
Өзбекстан Жаслар аўқамы «Өзбекстан жаслары – 2025» концепциясын ислеп шығыўы, онда мәнаўий ҳәм физикалық жақтан бәркамал әўладты тәрбиялаўдың әмелий илажлары белгилениўи зәрүр.
Жәмийетте тынышлық ҳәм парахатшылықты тәмийинлеўде ҳеш ким шетте турмаслығы, «Өз балаыңызды, өз үйиңизди, өз Ўатаныңызды көз қарашығындай сақлаң!» деген сүрен адамларымыздың жүрегинен терең орын ийелеўи керек.
Жәмийетимизде халық, әсиресе, жас жигит-қызларымыздың мәнаўий ҳәм билим дәрежесин барқулла раўажландырыў – биринши дәрежели әҳмийетке ийе болып есапланады.
Сонлықтан, «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға» деген бағдарламалы идея тийкарында, жасларды ана ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, оларда интакерлик, пидайылық, әдеп-икрамлылық пәзыйлетлерин қәлиплестириў – оғада абырайлы ўазыйпа болып есапланады.
Жаслар бойынша Қарақалпақстан Республикасынан басланған жаңа басламамызды пүткил мәмлекетимиз бойынша әмелге асырамыз. Мен ўәлаят басшыларын, орынлардағы барлық жәмийетшиликти усы мәселеге айрықша итибар бериўге шақыраман.
Төртиншиден, халық арасында саламат турмыс тәризин кеңнен енгизиў керек.
Бул бағдарда аймақларда халық, әсиресе, жасларымыз ушын жаңа ғалабалық спорт объектлерин қурыў зәрүр. Быйыл 269 футбол, волейбол, баскетбол ҳәм бадминтон майданларын, 178 бокс гүрес, фитнес ҳәм гимнастика спорт залларын, 32 теннис кортын қурыў бойынша 500 миллиард сумға шамалас жойбарлар әмелге асырылады.
Жаслар арасында қәбилетли спортшыларды селекция етиўдиң «шөлкем – район (қала) – аймақ – республика» басқышларынан ибарат төрт басқышлы системасы енгизиледи.
Быйыл Токиода болып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында спортшыларымыз мүнәсип қатнасыўы ушын ҳүкимет ҳәм Миллий олимпиада комитети барлық шараятларды жарытыўы зәрүр.
Бесиншиден, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўға итибарды күшейтиўимиз керек.
Бәринен бурын, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша басланған мислы көрилмеген жумысларымызды даўам еттирип, теңиздиң қурыған түбинде тоғайзарларды кеңейтиў, Нөкис, Үргенш ҳәм Хийўа қалалары аймағында «жасыл белбеў»лерди жаратыўымыз лазым.
Өндирис процессин экологиялық қадағалаў системасын жетилистириў, экологиялық аудит өткериў тәртибин қайта көрип шығыў, жеке аудиторлық жумысты жанландырыў да әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Ҳүкимет санаат раўажланыўының экологияға тәсириниң алдын алыў бойынша 2025-жылға шекем мөлшерленген комплексли илажлар бағдарламасын ислеп шықсын. Сондай-ақ абырайлы халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, усы жыл 1-октябрьге шекем Экология кодекси жойбарын ислеп шығыў лазым.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, район ҳәм қалалар ҳәкимликлери ҳәр бир аймақ ҳәм кәрхана бойынша экологияны жақсылаў, шығындыларға байланыслы жумыслар бойынша бағдарламалар ислеп шығыўы ҳәм олардың орынлаўын тәмийинлеўи шәрт.
Алтыншыдан, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерине айрықша итибар қаратыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажларын көриў зәрүр.
Усы жылы бюджет қаржылары есабынан 22 театр ҳәм мәденият объектлери қурылады ҳәм реконструкцияланады. Сондай-ақ, мәмлекетлик жеке меншик шериклик тийкарында 20 мәденият орайы, дем алыў парклериниң жумысы жолға қойылады.
Кинематография тараўында көркемлик жақтан жетик шығармалар жаратыў, заманагөй киноиндустрияны раўажландырыў, соның ишинде, жаңа кинотеатрларды қурыўды тәмийинлеў лазым.
Быйылғы жылда мәмлекетлик буйыртпа тийкарында кино өнимлерин ислеп шығарыўды қаржыландырыў жетилистириледи. Сонлықтан, Кинематографияны 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын және «Кинематография ҳаққында»ғы нызамды ислеп шығыўымыз лазым.
Буннан тысқары, быйыл мәдений турмысымыздағы әҳмийетли ўақыя – Шәҳрисабз қаласында екинши Халықаралық мақам фестивалын табыслы өткериўимиз керек.
Сондай-ақ, 2020-жылда халқымыз тарийхының қурамалы демлеринде, мәрипат шырағын жоқары көтерип шыққан уллы ойшыл ҳәм жәмийетлик ғайраткер Маҳмудхожа Беҳбудийниң 145 жыллығы кеңнен белгиленеди.
Улыўма, биз жәдидшилик ҳәрекетин, мәрипатшыл бабаларымыздың мийрасын терең үйрениўимиз керек. Бул мәнаўий ғәзийнени қаншелли көп үйренсек, бүгинги күнде де бизди тәшиўишке салып атырған жүдә көп сораўларға дурыс жуўап табамыз. Бул бийбаҳа байлықты қанша белсене үгит-нәсиятласақ, халқымыз, әсиресе, жасларымыз бүгинги тыныш ҳәм еркин турмыстың қәдирин аңлап жетеди.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Ҳәр тәреплеме жақсы ҳәм нәтийжели басқарыў системасын жаратыў – алдымызда турған үлкен ўазыйпаларды орынлаўдың тийкарғы шәрти болып есапланады.
Биз парламенттиң нызам дөретиўшилигин, парламентлик қадағалаўын нәтийжели шөлкемлестириў механизмлери менен байланыслы барлық мәселелерди күни кеше Олий Мажлисте болып өткен ушырасыўларда ҳәр тәреплеме ҳәм терең додалап алдық.
Соның менен бирге, төмендеги әҳмийетли мәселелерге итибарыңызды қаратпақшыман.
Бириншиден, орынларда атқарыўшы ҳәм ўәкилликли уйымлардың мәмлекетлик басқарыўдағы ролин ҳәм жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў зәрүр.
Ҳәкимлер соңғы 3 жылда оларға берилген кең ўәкилликлерден қаншелли нәтийжели пайдаланып атырғанын, министрлик ҳәм уйымлардың аймақлық структуралары жумысларының нәтийжелилигин қадағалаў бойынша жаңа система жаратыў шәрт.
Усы жерде орынлы сораў пайда болады: не ушын Бас министрден баслап барлық ҳүкимет ағзалары, ўәлаят ҳәкимлери парламентке есап береди, ал ўәлаят ҳәм районлардағы басшылар өз жумыслары ҳаққында жергиликли кеңеслерге есап бермеўи керек? Сол себепли ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери өз бағдарламалары және олардың орынланыўы ҳаққында ўәлаятлық кеңеслерде есап беретуғын система енгизиледи.
Соның менен бирге пәрманлар, қарарлар, концепция ҳәм стратегияларда белгиленген индикаторлар және мақсетли параметрлердиң орынланыўы бойынша ҳәкимлер өз аймақларындағы ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетшиликке турақлы мәлимлеме берип барыўы керек болады.
Жумыстың нәтийжелигин арттырыў мақсетинде жергиликли ўәкилликли уйымлардың жумысларында Кеңес сораўы институтын енгизиўди усыныс етемен.
Және бир әҳмийетли мәселе, әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде ҳәкимликлердиң 300 ге шамалас ўазыйпа ҳәм функциялары нәзерде тутылған. Соннан 175 и мазмуны ҳәм әҳмийетине қарай ҳәкимлердиң тийкарғы ўазыйпалары категориясына кирмейди және ҳәр қыйлы уйымлардың функцияларын қайталайды. Бул болса жумыстың сапасы ҳәм атқарыў тәртибине унамсыз тәсир етиўи тәбийғый.
Сол себепли Олий Мажлис Сенатына, Әдиллик министрлиги менен биргеликте усы жылдың биринши ярымында ҳәкимлердиң ўәкилликлерин қайта көрип шығыў ҳәм оларға тән болмаған және бир-бирин қайталайтуғын функцияларды тийисли уйымларға өткериўди тәмийинлеў бойынша усыныс таярлаў тапсырылады.
Екиншиден, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары ҳәзирги ўақытта халықты ойландырып киятырған машқалаларға мәмлекетлик уйымлардың итибарын қаратып, өзлериниң тийкарланған усынысларын берип барыўы мақсетке муўапық болады.
Буның ушын мәмлекетлик ҳәм аймақлық дәрежеде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен жәмийетлик шерикликти кеңнен жолға қойып, грантлар ҳәм социаллық буйыртпаларды көбейтиўимиз тийис. Министрлик ҳәм уйымлар да бир шетте тамашагөй болып отырмастан, бундай жәмийетлик бирге ислесиў жумысларын кеңейтиўимиз керек. Сол себепли Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының жумысларын жетилистириў керек.
Елимиздиң социаллық-экономикалық турмысына байланыслы ҳәм жәмийетшиликте айрықша қызығыўшылық оятатуғын оғада әҳмийетли мәселелерге байланыслы қарарларды қабыл етиўде жәмийетшилик пенен мәсләҳәтлер, жәмийетлик тыңлаўларды өткериўдиң мәжбүрийлигин анық белгилеў керек. Жәмийетшилик мақул десе – мақул, мақул емес десе – мақул емес болады.
Жәмийетлик қадағалаўды буннан былай да күшейтиў, мәмлекет ҳәм жәмийет арасында өз ара жақын қатнас орнатыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Жәмийетлик палатасын шөлкемлестириўди усыныс етемен.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлерин орынлаўда парламент, ҳүкимет ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының әмелий бирге ислесиўин жолға қойыў, бул мәселе бойынша турақлы түрде парламентлик ҳәм жәмийетлик тыңлаўларды шөлкемлестириў зәрүр.
Ҳүрметли депутатлар ҳәм сенаторлар!
Ҳәзирги ўақытта реформаларымыздың нәтийжеси көп жағынан төрт әҳмийетли факторға – яғный, нызам үстинлигин тәмийинлеў, коррупцияға қарсы қатаң түрде гүресиў, институционал потенциалды жетилистириў ҳәм күшли демократиялық институтларды қәлиплестириўге байланыслы.
Нызам үстинлиги ҳәм суд-ҳуқық тараўындағы тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында Конституция күнине арналған салтанатлы илажда толық түрде атап өткенимизден жақсы хабардарсыз.
Бул бойынша төмендеги қосымша ўазыйпаларға итибарыңызды қаратпақшыман.
Бәринен бурын, судтың еркинлигин толық тәмийинлеў – ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздың бири болыўы зәрүр.
Және бир мәрте айтпақшыман – дәслепки тергеўде даўам етип киятырған нызам бузылыў жағдайларын тек ғана судлардың ҳақыйқый еркинликке ерисиўи арқалы сапластырыў мүмкин.
Бул бағдарда қабыл етилген нызамлы илажларымыз анық нәтийжелер бере баслады. Усы унамлы өзгерислерди Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң судьялар еркинлиги бойынша арнаўлы ўәкили мырза Диего Гарсия-Саян да айрықша атап өтти.
Өткен 3 жылда 1 мың 989, 2019-жылдың өзинде 859 пуқараға ақлаў ҳүкими шығарылды. Сондай-ақ, 2019-жылда 3 мың 81 адам суд залынан азат етилген болса, 2 мың 623 пуқараға тийкарсыз белгиленген статьялар айыплаўдан шығарылды ҳәм өзгертилди.
Судьяларымыздың әдилликти ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарында ақлаў ҳүкимлерин шығарып атырғаны, ҳеш бир гүмансыз, суд-ҳуқық тараўындағы ең үлкен табысымыз болып табылады. Мен, Президент сыпатында, судьялардың бундай мәртлиги ҳәм исенимин буннан кейин де толық қоллап-қуўатлайман.
Енди суд арқалы инсанлардың ҳуқықы тикленгенин атап өтиў менен шекленип қалмастан, не себептен судқа шекемги болған тергеў процесинде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери бузылған, деген сораўды да көлденең қоятуғын, басым өткериўлерге жуўап беретуғын ўақыт келди.
Ески дүзимнен қалған ҳәм елеге шекем даўам етип киятырған суд қарарларын прокуратура тәрепинен шақырып алып, үйрениў әмелиятын шеклеў зәрүр. Енди тек ғана жумыс бойынша шағым келип түскен жағдайда прокурор суд қарарын алып үйрениўи мүмкин.
Суд баслықлары тәрепинен судьялардың жумысларын баҳалаў ҳәм оларға интизамлы ис қозғатыў бойынша ўәкилликлерди қайта көрип шығыў керек.
Мәмлекетлик уйымлардың жуўапкер ўәкиллери соны терең аңлап алыўы керек: судлардың еркинлигин тәмийинлеў мәселеси буннан кейин де Президенттиң жеке өзиниң қатаң қадағалаўында болады. Суд босағасына қәдем таслаған ҳәр бир инсан, Өзбекстанда әдалат ҳүким сүрип атырғанына толық исеним пайда етиўи керек. Кери жағдайда, уллы немис философы Иммануил Кант айтқанындай, «Әдалат жоғалған пайытта, өмирдиң қәдирин белгилейтуғын басқа ҳеш нәрсе қалмайды».
Бул ҳақыйқатты ҳеш қашан умытпаўымыз керек. Өзбекстанда судьялар нызамлардың талмас қорғаўшылары, әдалаттың беккем үстинлери болыўы лазым.
Жоқары суд, Судьялар жоқарғы кеңеси, Әдиллик министрлиги үш ай мүддетте жоқарыда билдирилген усынысларды әмелиятқа енгизиўди нәзерде тутатуғын, нызам жойбарын киргизсин.
Екиншиден, суд-ҳуқық тараўына байланыслы тийкарғы нызам ҳәм кодекслер буннан дерлик 20-25 жыл бурын қабыл етилген болып, ҳәзирги дәўир талапларына жуўап бермейди.
Сол себепли парламент жақын жылларда Пуқаралық, Жынаят, Жынаят-процессуал, Жынаят-орынлаў, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерди жаңадан қабыл етиўи мақсетке муўапық. Бул бойынша, бәринен бурын, тергеў ҳәм суд әмелиятына инсан ҳуқықлары тараўындағы алдынғы стандартларды енгизиўге айрықша итибар қаратыў керек.
Нызамшылықты жаңалаўдан мақсет тек нызам қабыл етиў емес, керисинше, жаңа нызамлар ертең адамларға қандай әмелий пайда бериўи, олардың турмысын қалай жеңиллестириўи ҳаққында бас қатырыўдан ибарат болмағы лазым.
Үшиншиден, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў тараўындағы реформаларды жаңа басқышқа көтериў зәрүр.
Биз ишки ислер уйымларының жумысларын жетилистириў бойынша үлкен реформаларды әмелге асырмақтамыз. Бирақ, ашық тән алыў керек, бул уйымлар еле халықшыл структураға, пуқаралардың ҳақыйқый қорғаўшысына айланғаны жоқ.
Системада жәмийетлик тәртипти сақлаў, жынаятларға қарсы гүресиў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў жумысларына байланыслы анық нормалар белгиленбеген. Сол себепли реформаларды даўам еттирип, ишки ислер уйымларын адамларымыздың аўырын жеңил ететуғын структураға айландырыў зәрүрлигин және бир мәрте тәкирарлаў орынлы, деп билемен.
Бул мәселе жаңа парламент, атап айтқанда, Сенат алдындағы бес жыллық ўазыйпа болып, буның ушын барлық шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарларды жаратыў ҳәм әмелий илажлар көриў лазым.
Ишки ислер уйымлары ушын барлық дәрежедеги басшылардың маманлығын арттырыў ҳәм мақсетли таярлаў системасын шөлкемлестириў зәрүр.
Төртиншиден, тилекке қарсы, жәмийетимизде коррупция иллети өзиниң түрли көринислери менен раўажланыўымызға тосқынлық етпекте.
Бул жаўыз бәлениң алдын алмасақ, ҳақыйқый исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын жаратып болмайды, улыўма, жәмийеттиң бирде-бир тармағы раўажланбайды.
Исбилерменлер елеге шекем жер ажыратыў, кадастр, қурылыс, лицензия, бажыхана, банк, мәмлекетлик сатып алыўлар сыяқлы тараўларда коррупцияға дус келип атырғанын Президенттиң атына келип түсип атырған көплеген мүрәжатлар да, баспасөз ҳәм социаллық тармақлардағы шығыўлар да айқын көрсетип тур.
Коррупцияға қарсы гүресиўде халықтың барлық қатламлары, ең жақсы қәнигелер тартылмас екен, жәмийетимиздиң барлық ағзалары, айтыў керек болса, «ҳадаллық вакцинасы» менен емленбес екен, өз алдымызға қойған жоқары шеклерге ерисе алмаймыз. Биз коррупцияның ақыбетлери менен гүресиўден оның ерте алдын алыўға өтиўимиз керек.
Мине усы ўазыйпалардың орынланыўын системалы шөлкемлестириў мақсетинде парламент ҳәм Президентке есап беретуғын, коррупцияға қарсы гүресиўге жуўапкер болатуғын өз алдына уйым шөлкемлестириўди усыныс етемен.
Президент Администрациясы Олий Мажлис палаталарының тийисли комитетлери менен биргеликте үш ай мүддетте тийисли пәрман жойбарын ислеп шықсын.
Бесиншиден, пуқаралық мәселелерине байланыслы нызамшылықты жетилистириў арқалы инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында гезектеги әҳмийетли қәдем қойыў зәрүрлигин турмыстың өзи талап етпекте.
Әсиресе, мәмлекетимизде узақ ўақыттан бери жасап киятырған, лекин, Өзбекстан пуқарасы деген ҳуқықый статусқа ийе бола алмай атырған мыңлаған ўатанласларымыздың әне усы машқаласын нызамлы шешиў бойынша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларын көриў ўақты келди, деп ойлайман. Атап айтқанда, 1995-жылға шекем Өзбекстанға келген ҳәм соннан бери жасап киятырған шахсларға Өзбекстан Республикасы пуқаралығы автомат тәризде берилиўи дәркар. Усылайынша 50 мыңға шамалас ўатанласларымыздың пуқаралық пенен байланыслы узақ жыллардан бери шешилместен киятырған машқалалары шешиледи.
Министрлер Кабинети бул мәселени Олий Мажлис Нызамшылық палатасы менен биргеликте көрип шығып, быйылғы жылдың 1-майына шекем тийисли нызам жойбарларын усыныс етиўи лазым.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Биз жәмийетте миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик орталығын беккемлеў бағдарындағы жумысларды избе-из даўам еттиремиз. Бул бойынша 30-июль «Халықаралық дослық күни» мүнәсибети менен елимизде биринши мәрте «Дослық ҳәптелиги»н ҳәм «Дослық» халықаралық форум-фестивалын өткериўди усыныс етемен.
Мәмлекетимизде «жаўызлыққа қарсы мәрипат» деген ийгиликли идея тийкарында ислам дининиң инсансүйиўшилик әҳмийетин, тынышлық ҳәм дослық сыяқлы адамгершиликли мақсетлерге хызмет етиўин үгит-нәсиятлаў күн тәртибимиздеги турақлы мәселелерден бири болып қалады.
Быйылғы жылы ҳәдис илиминиң султаны Имам Бухарий, кәлам илиминиң тийкарын салыўшы Абу Мансур Мотуридий ҳәм оның даўамшысы Абу Муин Насафийдиң өмири, илимий мийрасына бағышланған ҳәм де диний кеңпейиллик темаларында халықаралық илимий-әмелий конференциялар ҳәм басқа да илажлар шөлкемлестириледи.
Имам Бухарий бабамыздың Самарқандтағы естелик комплексин бул теберик тулғаның мусылман дүньясындағы уллы статусына сай рәўиште пүткиллей жаңа жойбар тийкарында қайта қурыў жумысларын да баслаймыз. Сондай-ақ, уллы улама Баҳоўуддин Нақшбанд бабамыздың 700 жыллық юбилейин жоқары дәрежеде өткериўимиз керек.
Сизлерге мәлим, кейинги жылларда елимизде алып барылып атырған инсансүйиўшилик сиясаты себепли дурыс жолдан адасқан, билип-билмей қәтеге қол урған пуқараларды саламат турмысқа қайтарыў бойынша зәрүр ислер әмелге асырылмақта. Быйылғы жылда да диний экстремистлик жолға кирип қалғанына шын кеўилден пушайман болған шахслардың социаллық-турмыслық машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў, оларды жәмийетке бейимлестириў бойынша жумыслар даўам еттириледи.
Дүньяда тезлик пенен өзгерип атырған тынышсыз ҳәм қурамалы жағдай, түрли келиспеўшиликлер жанажан Ўатанымыздың қәўипсизлигин, ел-журтымыздың тыныш турмысын тәмийинлеў ҳәм бар болған қәўип-қәтерлерге мүнәсип жуўап бериўге бәрҳама таяр турыўымызды талап етпекте.
Президент жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң жақында өткерилген мәжилисинде бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалар ҳәм әмелий ис-илажларды белгилеп алдық. Қураллы Күшлеримиз бул ўазыйпаларды нәтийжели атқарады, деп исенемен.
Биз Өзбекстанның сыртқы сиясатын жеделлестириў бойынша баслаған кең көлемли жумысларды, миллий мәплеримизге жуўап беретуғын, ашық, прагматикалық ҳәм терең ойланған сыртқы сиясат жолын даўам еттиремиз. Алыс ҳәм жақындағы барлық мәмлекетлер менен бирге ислесиў қатнасықларын, узақ мүддетли ҳәм көп қырлы шерикликти және де күшейтемиз.
Бул бағдарда төмендеги тийкарғы мәселелерге сизлердиң дыққатыңызды қаратпақшыман.
Биринши. Орайлық Азия регионындағы мәмлекетлер менен барлық тараўларда өз-ара дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик руўхындағы қатнасықларды мазмун ҳәм сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўымыз зәрүр.
Екинши. Россия Федерациясы, Қытай Халық Республикасы, Америка Қурама Штатлары, Япония, Қубла Корея, Түркия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Европа Аўқамы ҳәм Азия мәмлекетлери менен сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитар байланысларды және де раўажландырыўға айрықша әҳмийет беремиз.
Үшинши. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий кеңес ҳәм басқа да абырайлы халықаралық шөлкемлер шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди жеделлестириўди даўам еттириўимиз зәрүр.
Арал машқаласын шешиўде халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен дүзилген Арал теңизи регионында инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көп тәреплеме Траст фондына үлкен исеним менен қараймыз.
Биз Өзбекстанның 2021-2023-жыллар даўамында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине ағза болыўы мәселесин избе-из алға қойыў нийетиндемиз.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенцияны ислеп шығыўды усыныс еткен едик. Быйылғы жылда Инсан ҳуқықлары бойынша Самарқанд форумын жаслар ҳуқықларына бағышлап өткериў ҳәм онда усы конвенция жойбарын додалаўды усыныс етемен.
Инсан ҳуқықлары бойынша миллий стратегияны қабыл етиўди де тезлестириўимиз керек.
Төртинши. Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде жумысларымыздың нәтийжесин және де арттырыўымыз зәрүр.
Өзбекстанның 2020-жылда Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына басшылық етиўи, биз ушын тарийхый әҳмийетке ийе. Биз Дослық Аўқамында саўда-экономикалық ҳәм транспорт-транзит тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў, шөлкем тәрепинен қабыл етилген қарарлардың әмелий нәтийжелилигин арттырыў ҳәм ағза мәмлекетлер арасында гуманитар байланысларды және де беккемлеў ушын барлық потенциал ҳәм имканиятларды иске қосамыз.
Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми менен қатнасықларды раўажландырыў Өзбекстан сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдары болып қалады.
Буннан тысқары, усы жылы Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Орайлық Азия, Европа Аўқамы ҳәм Азия мәмлекетлери менен жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме илажлардың өткерилиўи күтилмекте. Сапар етиўлер шеңберинде мәмлекетимиздиң мәплерине хызмет ететуғын перспективалы жойбарлар ҳәм бағдарламалардың қабыл етилиўи нәзерде тутылған.
Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстан Республикасы менен бирге ислесиўди беккемлеўге мүнәсип үлеси қосып киятырған мәмлекетимиздеги сырт елли дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен.
Ҳүрметли ўатанласлар, әзиз мийманлар!
2020-жылы Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығы халықаралық көлемде кеңнен белгиленеди.
Бизлердиң мәрт, жеңилмес ҳәм кеңпейил халқымыз уллы Жеңисти тәмийинлеўге шексиз үлес қосқаны менен ҳәммемиз ҳақылы түрде мақтаныш етемиз. Бул қанлы саўашта жәми 1,5 миллионнан аслам Өзбекстан перзентлери тынышлық ҳәм азатлық ушын мәртлик пенен гүрескенин, олардың ҳәр үшеўден биреўи өз жақынларының қушағына қайтпағанын, елимиздиң фронт артында көрсеткен мәртлигин халқымыз ҳеш қашан умытпайды.
Биз урыс ҳәм фронт арты ветеранларын тек ғана байрамларда емес, ал турақлы ҳүрмет етип, қәдирлеўимиз, олардың денсаўлығы ҳаққында ҳәр күни, ҳәр саатта ойлаўымыз керек. Усы жылы оларға ҳәр тәреплеме итибар және де күшейтиледи. Соның ишинде, мәмлекетимиздиң ең жақсы санаторийларында олардың денсаўлығын беккемлеў ушын қолайлы шараятлар жаратамыз.
Урыс жылларында халқымыз көрсеткен ҳақыйқый мәртликти кино, театр көркем өнер, көркем-публицистикалық шығармалар, илимий изертлеўлер арқалы көрсетиў, халық, әсиресе, жасларымызға тәсиршен тәризде жеткериў бойынша үлкен жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Ташкент қаласының Алмазар районында саўлатлы «Жеңис бағы» қурылмақта.
Бир сөз бенен айтқанда, Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Жеңистиң 75 жыллығын ҳәр тәреплеме мүнәсип ҳәм жоқары дәрежеде белгилеў ушын таярлық көриў жумысларын пуқта шөлкемлестириўимиз керек.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Биз буннан үш жыл бурын мәмлекетимиз раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў мақсетинде уллы ислерди баслағанбыз. Халқымыздың ой-пикири, күш-ғайраты ҳәм потенциалына сүйенип, биз бул жолда дәслепки, бирақ оғада әҳмийетли ҳәм салмақлы нәтийжелерге ериспектемиз. Енди мине усы жетискенликлеримизди беккемлеп, және де анық ҳәм үлкен қәдемлер таслаўымыз шәрт. Себеби елимиздеги реформалар ҳәм өзгерислер процесин артқа қайтпайтуғындай түс алып, шешиўши басқышқа кирмекте.
Нәтийжелилик ҳәммемиз ушын баслы талап, тийкарғы өлшемге айланбақта. Бул бағдарда 2020-жыл ҳәммемиз ушын айрықша сынақ ҳәм жуўапкершилик жылы болады. Енди кешеги жетискенлик ҳәм шеклер, бизлерди улыўма қанаатландырмайды. Неге дегенде, бүгинги Өзбекстан кешеги Өзбекстан емес. Бүгинги халқымыз да, кешеги халық емес.
Әмелий нәтийже менен беккемленген, өз жемисин, өнимин берип атырған реформа адамлардың кеўлине, жүрегине тез кирип барады. Ҳәм бундай реформаны бундай жедел процести ҳеш ким, ҳеш қандай күш, тоқтата алмайды.
Ең әҳмийетлиси, реформаларымыздың нәтийжесин елимизде жасап атырған ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңарақ бүгин өз турмысында сезиўи керек. Буның ушын барлық буўындағы басшылар процентлер, санлар, қағаздың изинен қуўмастан, ҳәр бир пуқара ушын, оның турмыслық мәплерин тәмийинлеў ушын ислеўи шәрт. Сонда нураний кекселеримиз, ҳүрметли ата ҳәм апаларымыз, ҳүрметли ҳаял-қызларымыз, әзиз перзентлеримиз, кишкене ақылықларымыз, көп миллетли пүткил халқымыз бизлерден разы болады.
Бүгинги Мүрәжатта билдирилген ҳәр бир мақсет ҳәм ўазыйпаға, оларды әмелге асырыўға мине усы көзқарастан қатнас жасасақ, ҳәр тәреплеме дурыс болады.
Министрлер Кабинети аймақ басшылары менен биргеликте Мүрәжатта белгилеп берилген барлық ўазыйпалардың орынланыўын булжытпай тәмийинлеп, ҳәр шеректе Олий Мажлис алдында есабат бериўи зәрүр.
Президент Администрациясы ҳәм ҳүкимет Олий Мажлис палаталары менен биргеликте 20 күн мүддетте 2020-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламаның жойбарын пуқта таярлап, тастыйықлаў ушын киргизсин.
Усы жерде және бир әҳмийетли мәселеге айрықша итибарыңызды қаратпақшыман.
Өткен 3 жыл даўамында Өзбекстанда сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, журналист ҳәм блогерлердиң еркин жумыс алып барыўы ҳәм дөретиўшилик етиўи ушын ҳуқықый тийкарлар ҳәм кең имканиятлар жаратылды. Буннан кейин де «төртинши ҳәкимият» ўәкиллериниң еркин ҳәм қалыс жумыс алып барыўы, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жедел реформаларды халқымыз ҳәм халықаралық жәмийетшилик ушын ашық-айдын сәўлелендириўи ушын барлық шараятлар жаратамыз.
Орынлардағы машқала ҳәм кемшиликлерди ашық-айдын ашып бериў, оларды әдил түрде сәўлелендириўинде мен профессионал журналистлерди бәрқулла ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярман.
Әзиз дослар!
Имам Бухарий бабамыз өзиниң китапларында келтирген мүбәрек ҳәдисте айтылғанындай, «Барлық әмеллер нийетке қарап болады».
Ҳақыйқатында да, пәк нийетлер менен басланған ийгиликли жумыслар, әлбетте қабыл болады.
Бүгин бизлер де танти, сабыр-тақатлы ҳәм мийнетсүйгиш халқымыз бенен бирге уллы мақсетлерди белгилеп, шекти жоқарыдан алып атырмыз.
Алдымызда бизлерди үлкен ўазыйпалар, үлкен имканиятлар күтпекте.
Бир ҳақыйқатты ҳеш қашан умытпайық: бир уллы тарийх, уллы мәмлекет, уллы мәденият жаратқан халықпыз. Биз – ҳеш қашан мийнеттен қашпайтуғын, қыйыншылықтан қорықпайтуғын, әдилликти қәдирлейтуғын, жигерли, уллы халықпыз.
Ҳәммемиз бир тән бир жан болып, биргеликте ҳәм аўызбиршиликте ҳәрекет етсек, ҳадал-пәк болып, жақсы нийет пенен мийнет етсек, ҳәр қандай шеклерди ийелеўге, басқаша етип айтқанда, тарийхымыздың жаңа бетин жаратыўға таяр халықпыз.
Бул жолда қандай қыйыншылықлар болмасын, ҳәммесин мәртлик пенен жеңип өтиўге таярмыз. Бундай ийгиликли жумысларда бизге Жаратқанның өзи, улы ата-бабаларымыздың пәк руўхлары мәдет болады, деп исенемен.
Мен сизлердиң тымсалыңызда, пүткил халқымыз, нәўқыран ул-қызларымыздың тымсалында алдымызға қойған уллы мақсетлер жолында өзин аямастан, пидәкерлик пенен мийнет етип атырған, кеўлиме жақын, жақсы инсанларды көремен. Бүгинги Мүрәжатта белгилеп берилген тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда, бәринен бурын, мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымызға ҳәм оның мүнәсип ўәкиллери болған сизлерге исенемен ҳәм сүйенемен.
Және бир мәрте бәршеңизге беккем денсаўлық, шексиз күш-ғайрат, жетискенлик ҳәм табыслар, шаңарағыңызға бахыт-ығбал тилеймен.
Бәрқулла саў-саламат болың!
Үлкен рахмет сизлерге!
–0–