Ташкентте «МИФИ» миллий изертлеў ядро университети» федераллық мәмлекетлик автоном жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалы жумыс баслады.
Усы мүнәсибет пенен болып өткен салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының жуўаплы хызметкерлери, сенатор ҳәм депутатлар, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, атом энергетикасы бойынша жергиликли және россиялы қәнигелер қатнасты.
Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов, «Росатом» атом энергиясы бойынша мәмлекетлик корпорациясының бас директоры А.Лихачёв Ташкентте усы университет филиалының ашылыўы тараўда жетекши қәнигелерди таярлаўда хызмет етиўи, олардың келешекте илимий излениўлер алып барыўына исеним билдирип, студентлердиң оқыўына табыслар тиледи.
«МИФИ» миллий изертлеў ядро университети» федераллық мәмлекетлик автоном жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалы Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы Президентлериниң елимизде АЭСтың қурылыс жойбарын әмелге асырыў бойынша келисими шеңберинде шөлкемлестирилген еди.
– Атом энергиясы бойынша дүньяда абырайлы жоқары оқыў орынларынан бири есапланатуғын усы билимлендириў дәргайының дәслепки филиалының Ташкентте ашылыўы Өзбекстанда ядро энергетикасы ҳәм ыссылық физикасы бойынша жоқары қәнигели инженер-техник кадрларды халықаралық билимлендириў стандартлары дәрежесинде таярлаў имканиятын береди. Өз гезегинде, Өзбекстан – Россия арасында илим тараўында бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди. Усы мәнисте, Өзбекстанда қурылып атырған атом энергетикасы объектлерин басқара алатуғын маман қәнигелерди таярлаў ушын тийкар жаратамыз, – деди «Росатом» атом энергиясы бойынша мәмлекетлик корпорациясының бас директоры А.Лихачёв.
«МИФИ» МИЯУдың Ташкенттеги филиалында студентлер ең заманагөй бағдарламалар тийкарында билим алады. Филиал питкериўшилерине Өзбекстанда ҳәм сырт елде бирдей тән алынатуғын диплом бериледи ҳәм қәнигелиги бойынша жумыс пенен тәмийинленеди.
Университеттиң филиалында студентлерге өзбекстанлы қәнигелер менен бирге Россия ҳәм сырт мәмлекетлердеги жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң қәнигели оқытыўшылары да сабақ береди.
Быйылғы оқыў жылында усы жоқары билимлендириў мәкемесине 100 жигит-қыз мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.
– Бул жоқары билимлендириў мәкемесинде оқыў бахты несип еткенинен қуўанышлыман, – деди «МИФИ» МИЯУдың Ташкенттеги филиалы ядро физикасы ҳәм технологиясы факультетиниң 1-басқыш студенти Аҳрор Ҳасанов. – Филиалда барлық шараят жаратылған. Бул жерде 11 лаборатория, студент ҳәм оқытыўшылар ушын спорт комплекси, китапхана бар. Бизлер Россия билимлендириў стандартларына муўапық, ядро энергетикасы ҳәм ядро технологиясы бойынша билим аламыз.
Хуршид ҚОДИРОВ,
ӨзАның хабаршысы