Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-июньдеги «Елатлы пунктлерди абаданластырыў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен, турақ жай коммунал хызмет көрсетиў, қаржы, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрликлери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа да тараўларға бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.

– Усы қарар менен Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги аймақларды абаданластырыў тараўындағы машқалаларды үйрениў ҳәм методологиялық тәмийинлеў ушын жуўапкер уйым етип белгиленди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министриниң орынбасары Ж.Ҳабибуллаев. – Қарарға муўапық, қала, район орайлары, қала типиндеги посёлкалар ҳәм аўыллық елатлы пунктлерге заманагөй көринис бериў мақсетинде, соның ишинде, абаданластырыў мәселелери бойынша шуғылланатуғын шөлкемлер тийкарында абаданластырыў басқармаларын шөлкемлестириў жолы менен жумысты жақсылаў бойынша илажлар әмелге асырылады.

Атап айтқанда елатлы пунктлерди абаданластырыў тараўында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў, нормативлик ҳуқықый база, стандартлар, қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларын ислеп шығыў ҳәм жаңалаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қарар тийкарында абаданластырыў басқармаларының күш ҳәм ресурсларынан дурыс пайдаланыў, олардың жумысын оптималластырыў, қол мийнетин азайтыў, жүзеге келип атырған машқалаларға тез мүнәсибет билдириўге, сондай-ақ, нәтийжели, соннан жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеўге бағдарланған инновациялық шешимлер енгизиледи. Абаданластырыў тараўындағы хызметкерлерге мүнәсип мийнет шараятлары жаратылып, оларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық жақтан қорғаў дәрежеси арттырылады.

Сондай-ақ, республикамыз бойлап «Абад аймақ» мәлимлеме системасы жаратылады. Бул система пуқаралар тәрепинен абаданластырыў тараўындағы машқалалар бойынша мүрәжатларын жибериў мүмкиншилигин берип, жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, олар ушын қайта байланысты, орынланатуғын жумыслардың нәтийжелерин «дәслеп» ҳәм «кейин» форматында салыстырыў имканиятын жаратады.

Халық пенен бирге бирге ислесип, абаданластырыў жумыслары режелестириледи. Бунда материаллық ресурслар ҳәм инфраструктура имканиятларынан нәтийжели ҳәм дурыс пайдаланыў есапқа алынып, пуқаралар менен аймақлардағы абаданластырыўдың жағдайы туўралы мәлимлеме алмасылады.

Қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў объектлери бойынша усынысларды бағдарлаў арқалы оларды абаданластырыў жойбарларын әмелге асырыўға тартып, абаданластырыў, көклемзарластырыў ҳәм санитариялық жағдайынан келип шығып аймақлардың рейтинги белгиленеди.

Ҳәзирги ўақытта усы қарар бойынша министрлигимиз тәрепинен, әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар бойынша тийисли реже ислеп шығылды ҳәм жумыслар нәтийжели баслап жиберилди.

Кейинги жылларда республикамыз қалалары, район орайлары, қала типиндеги посёлкалар ҳәм аўыллық елатлы пунктлерде көплеген унамлы өзгерислер әмелге асырылмақта. Усы қарарда көрсетилген ўазыйпалар толық орынланса, қалаларымыз және де заманагөй көриниске енетуғынына гүман жоқ.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.