«Пенсия ислерин рәсмийлестириў ҳәм жүргизиў тәртиби ҳәм пенсия ҳүжжетлериниң формалары және оларды толтырыў қағыйдалары» ҳаққындағы инструкцияға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында Пенсия қорының баспасөз хызмети мәлим етти.
Бул өзгерислер ҳәм қосымшалар менен орынларда пуқараларға мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиўинде сергизданлық ҳәм басқа да тосқынлықларды сапластырыў және оларға қолайлықлар жаратыўды күшейтиў мақсетинде пенсия ҳәм напақалар тайынлаўда тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди усыныў бойынша төмендеги тәртиплер бийкар етилди:
– пуқараның топланып барылатуғын пенсия китапшасының көширмеси усынылыўы;
– пуқараның мийнет дәптершесиниң көширмесиниң усынылыўы;
– пуқараның жасаў орны бойынша АПЖ, МПЖларынан мағлыўматнаманың усынылыўы;
– қайтыс болған пуқараның өлими ҳаққындағы гүўалықтың түп нусқасы.
ӨзА