Жаратылған, мәселен республикамыз аймағында усы жылдың жаз мәўсиминде 60 балалар дем алыў орайларында, жәми 27 мың 590 баланы саўалландырыў режелестирилген. Соннан, 10 стационарлық түрдеги дем алыў орайында 5490, 55 балалар мәденият ҳәм спорт саўалландырыў орайында 22100 бала саўалландырылып, дем алады.

Усы жыл 1-июнь күнинен басланған биринши гезекте Елликқала районындағы «Арал», «Гүлшан», Төрткүл районындағы «Лочин», Тақыятас районындағы «Айдын жол», Нөкис қаласындағы «Жас әўлад», «Арал», Қоңырат районындағы «Жайхун-2», Беруний районындағы «Рахат», Әмиўдәрья районындағы «Қарлығаш» ҳәм Қанлыкөл районындағы «Суңқар» стационар түрдеги балалар дем алыў орайларында 1151 бала, соннан «Меҳрибанлық үйи»нен 30 тәрбияланыўшы мазмунлы дем алды.

– Мәўсимниң екинши гезеги 15-июнь күнинен басланып, жоқарыда көрсетилген балалар дем алыў орайларында және 1151 бала дем алмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң жетекши қәнигеси Г.Тлепов. – Соның менен бирге, районларда 55 балалар мәденият ҳәм спорт саўалландырыў орайлары шөлкемлестирилген. Оларда дем алып атырған 5594 бала ҳәр түрдеги көркем өнер ҳәм спорт дөгереклерине қамтылған.

Сондай-ақ, усы жылғы жаз мәўсиминде Ташкент қаласы, Қашқадәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларындағы дем алыў орайларында 7 жастан 14 жасқа шекемги «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары, кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардан, жәми 3050 бала, соннан Жиззақ ўәлаятындағы «Энерджи» дем алыў орайында инталы оқыўшылардан 50 баланы саўалландырыў режелестирилген.

Жақында, Ташкент қаласындағы «West camp», «Сумча-ADVENTURE TIME», «Сокол» ҳәм «Асака» дем алыў орайларында, жәми 690 бала, соннан 30  «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары дем алып қайтты.

Ҳәзирги ўақытта «Чотқол», «Зангори олов», «Баркамол», «Конструктор» «Автомобилчи», «Қуёшли», «Зилола», «West camp» ҳәм «Сумча-ADVENTURE TIME» балалар дем алыў орайларында, жәми 1740 бала дем алып атыр.

Барлық дем алыў орайларында балалардың саламат дем алыўын шөлкемлестириў мақсетинде медициналық пунктлер шөлкемлестирилген. Оларды тез медициналық жәрдем көрсетиў ушын зәрүр болған дәри-дәрмақлар ҳәм керекли медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен қелисилген ҳалда дем алыў орайларына жақын жайласқан тез медициналық жәрдем көрсетиў ушын таяр ҳалдағы емлеўханалар менен биргеликте ислесиў жумыслары жолға қойылды.

Соның менен бирге балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша ишки ислер уйымлары ҳәм айрықша жағдайлар басқармасының хызметкерлеринен ибарат нәўбетшилик шөлкемлестирилген.

Гүлназ Балтабаева,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қ.Х.А.