Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Мүрәжатлар ҳәм реформалардың мазмун-мәниси, қабыл етилген Нызамлар менен қарарлардың орынланыўы бойынша күшли ҳәм тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды орнатыўда ҒХҚ ўәкиллериниң роли» темасында баспасөз әнжуманы болып өтти.
Илажда министрликлер менен шөлкемлердиң физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша жуўаплы хызметкерлери, басқарыў уйымларының баспасөз хаткерлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Юридикалық хызметиниң баслығы Ж.Идиятуллаев, Министрлер Кеңесиниң улыўма бөлиминиң баслығы А.Мәмбетирзаев ҳәм басқалар күн тәртибиндеги мәселелер бойынша қабыл етилген нормативлик ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси, олардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң басламасы менен «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек»,-деген принцип тийкарында физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасының 2017-жыл 11-сентябрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызам және Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 7-майдағы «Мәмлекетлик уйымларда, мәмлекетлик мәкемелерде ҳәм мәмлекет қатнасындағы шөлкемлерде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў тәртиби туўралы үлгили режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Министрлер Кеңесине усы жылдың биринши шерегинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардан 595 мүрәжат келип түскен болса, соннан 117 мүрәжат унамлы шешимин тапқан. Сондай-ақ, 420 мүрәжатқа белгиленген тәртипте жуўап берилди.
Буннан тысқары, Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарлары тәрепинен 237 физикалық ҳәм юридикалық шахс қабыл етилген. Олар тийкарынан турақ жай ҳәм жер орынларын ажыратыў, фермер хожалықлары жумысларындағы машқалалар, бәнтлик, мийнет ҳақы, материаллық жәрдем, банк хызмети, жеңиллетилген кредит алыў, денсаўлықты сақлаў, коммуналлық хызмет көрсетиў сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжат еткен.
Әнжуманда сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў мәселеси де додаланды.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.