Пуқаралық ислери бойынша Қонырат районлараралық судының буйрығына тийкарланып А.Ж.дан өндириўши  Т.Г. пайдасына  үш перзентиниң тәмийнаты ушын перзентлери 18 жасқа толғанға шекем қарыздардың мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматларының ½ бөлеги муғдарында алимент өндириў белгиленген және 2015-жыл 9-февраль күни орынлаў жумысын қозғаў ҳаққында қарар қабыл етилген.

Бирақ, алимент напақасы қарыздар А.Ж. тәрепинен төленбей келген, 2016-жыл октябрь айына шекем алиментши әкениң қарзы 9 966 488 сум болғанлығы ҳәм жасаў мәнзилинде жоқ екенлиги себепли, оған бола 2016-жыл 24-октябрь күни физикалық шахсты излеў ҳаққында ҳәм 2017-жыл 6-январь күни қарыздардың шығыў ҳуқықларын ўақтынша шеклеў ҳаққындағы қарарлары қабыл етилген.

2015-жыл 27-январь күнинен 2019-жыл 1-июнь күнине шекем қарыздар Ж.А.ның қарыздарлығы жәми 52 ай ушын, яғный 39.605.696 сумды қураған.

Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздар А.Ж. Қазақстан Республикасынан келип Қанлыкөл районы «Бостан» АПЖ да жасап атырғанлығы анықланды ҳәм бөлим хызметкерлери тәрепинен оператив илаж нәтийжесинде бөлимге алып келинди.

Қарыздар А.Ж. ақыры өзинде перзентлерине деген меҳри оянып, материаллық тәмийнатын ойлап, бурынғы өмирлик жолдасы Г.Т менен өз-ара келискен ҳалда усы қарыздарлық есабынан жасаў ушын турақ жай алып берди.

ӨзА