Мийнети, таланты ҳәм ақыл-ойы менен Жаңа Өзбекстанды қурыўға мүнәсип үлес қосып киятырған ҳаял-қызларымызға миннетдаршылық билдирилди

17

Көксарай резиденциясында Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам илажы даўам етпекте.

Президентимиз ҳәр қыйлы тараўлардағы мийнети, таланты ҳәм ақыл-ойы менен Жаңа Өзбекстанды қурыўға мүнәсип үлес қосып киятырған ҳаял-қызларымызға, халықаралық майданларда Ўатанымызды дүньяға танытып атырған қызларымызға, олардың ата-аналары, устаз ҳәм тәрбияшыларына шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Ҳаял-қызларды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў мәселеси бәрқулла дыққат орайында.

Өткен жылы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды исбилерменликке тартыў мақсетинде 23,5 триллион сум кредит қаратылды. Соның есабынан 425 мыңнан аслам апа-қарындасларымыз исбилерменликке тартылды.

Мысал ушын, тоқымашылық тараўында 300 ҳаялды бәнт еткен Янгиариқлы Наргиза Бекмуратова өткен жылы екинши фабриканы ашып, және 100 жумыс орнын жаратты. Бул исбилермен қызымыз 2025-жылы Анқара қаласында өткерилген халықаралық таңлаўда “Ҳаял-қызлар ушын ең көп жумыс орнын жаратқан исбилермен ҳаял” номинациясының жеңимпазы болды.

– Мен бундай ғайратлы қызларымызды Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери деп билемен. Оларды ҳәр қандай қоллап-қуўатлаўға таярман, – деди Президентимиз.

ӨзА