Алыс аймақтағы пуқараларға қолайлықлар жаратылды
Қоңырат районы ИИБ жанындағы Миграция ҳәм персоналластырыў бөлими тәрепинен халыққа қолайлықлар жаратыў, әсиресе, район орайынан алыс аймақларда жасайтуғын пуқаралардың узағын жақын етиў мақсетинде гезектеги көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Бундай илажлар халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўында қолайлылық жаратыў, ҳәр қыйлы тосқынлықларды азайтыў ҳәм пуқараларға және де жақын болыў принципи тийкарында шөлкемлестирилмекте.
Көшпели хызмет “Жаслық” посёлкасында өткерилип, онда Өзбекстан Республикасы пуқарасының шахсын тастыйықлаўшы ID-картасын рәсмийлестириў бойынша ҳүжжетлер қабыл етилди. Арнаўлы планшет қурылмалары жәрдеминде жәми 18 пуқараның биометрикалық ҳәм биографиялық мағлыўматлары орнында рәсмий тәртипте қабыл етилди.
Сондай-ақ, физикалық имканияты шекленген ҳәм жәрдемге мүтәж пуқаралардың машқаласын жеңиллетиў мақсетинде жуўапкер хызметкерлер олардың жасаў мәнзиллерине барып, биометрикалық мағлыўматларын алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги