АҚШ делегациясы қатнасыўында баспасөз әнжуманы болып өтти

Бурын хабар бергенимиздей, ҳәпте даўамында АҚШтың Сент-Жуд балалар изертлеў емлеўханасының вице-президенти Карлос Родригес-Галиндо басшылығындағы делегация мәмлекетимиздеги емлеўханаларда болды.
Бүгин Ташкент мәмлекетлик медицина университетинде сырт елли экспертлердиң қатнасыўында баспасөз әнжуманы өткерилди.
Илажда денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Эльмира Баситханова, сондай-ақ, Америка делегациясының ўәкиллери, ЖДСШның мәмлекетимиздеги ўәкилханасы, Балалар онкологиясы, гематологиясы ҳәм иммунологиясы илимий-әмелий медицина орайының басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде балалар онкологиясы бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта. Өзбекстан ЖДСШ ҳәм Сент-Жуд мәкемесиниң басламасы менен балалар рак кеселлигине қарсы жолға қойылған Глобаллық платформаға бириншилерден болып қосылғаны бул бағдарда тасланған исенимли қәдемлерден бири болып есапланады.

Балалар рак кеселлигине қарсы жоқары сапалы, нәтийжели ҳәм қәўипсиз дәри-дәрмақ пенен бийпул тәмийинлеўге қаратылған бул ири жойбар шеңберинде елимиздиң 14 аймағындағы емлеўханалар, Балалар онкологиясы, гематологиясы ҳәм иммунологиясы илимий-әмелий медицина орайы және Балалар миллий медицина орайында емленип атырған 2000 ул-қыз ушын сапалы препаратлар бийпул жеткерип берилмекте. Халықаралық стандартқа тийкарланған бундай қураллар менен наўқас балалар 2028-жылға шекем үзликсиз тәмийинленеди.

Баспасөз әнжуманында елимизде балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, соның ишинде, халықаралық бирге ислесиўге байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды. Сырт елли экспертлердиң елимизге әмелий сапарларының нәтийжелери ҳаққында да ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.
Бул ретки делегация қурамынан дүньяның жетекши экспертлери, соның ишинде, “St. Jude Global” халықаралық басламасы ўәкиллери ҳәм ЖДСШ Европа регионаллық бюросының балалар онкологиясы ҳәм паллиатив жәрдем бойынша қәнигелери орын алған. Сапар бағдарламасы кең көлемли ҳәм стратегиялық характерге ийе болып, перзентлеримизге көрсетилип атырған хызметтиң тийкарғы тәрепи – клиникалық әмелият ҳәм дәри-дәрмақ тәмийнатынан баслап, тараўды санластырыў ҳәм паллиатив жәрдемди раўажландырыўға шекемги процессти өз ишине қамтып алды.

Бир ҳәпте даўамында мийманлар “Uzbekistan Airports Cargo” логистикалық комплексиниң жумысы ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитетиниң вакцина қоймаханасында онкологиялық дәри қуралларын “суўықлық шынжыры” тийкарында сақлаў ҳәм тасыў процеси менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, Балалар гематологиясы, онкологиясы ҳәм иммунологиясы илимий-әмелий медицина орайы, “Taskin” балалар онкологиялық хосписинде де болды. Бирден-бир интегратор – “UZInfoсom”да рак кеселлигине шалынған наўқасларды электрон дизимге алыў ҳәм бағдарлаў, дәри-дәрмақлардың балаларға қәўипсиз ҳәм ўақтында жетип барыўы системасы ҳаққында мағлыўмат алды.
“Mehrli maktab” билимлендириў жойбары менен жақыннан танысқан сырт елли экспертлер елимизде усы бағдарда алып барылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады.
Гўзал Сатторова, ӨзА