Аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша мәселелер додаланды

22

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов тәрепинен аймақларда аўыл хожалығы тараўын буннан былай да раўажландырыў, бар машқалаларды орнында үйрениў ҳәм аграр тармақ ўәкиллери менен ашықтан-ашық сөйлесиўди жолға қойыў мақсетинде Қараөзек ҳәм Шымбай районларында ушырасыўлар шөлкемлестирилди.

Ушырасыўларда район ҳәкимлери, фермер хожалықларының басшылары, кластер ҳәм кооперация системасының ўәкиллери, тараў қәнигелери және тийисли уйым ҳәм шөлкемлердиң жуўапкерлери қатнасты. Сөйлесиўлер даўамында ғәлле ҳәм пахта жетистириўдиң нәтийжелилигин арттырыў, егислик майданлардан ақылға уғрас пайдаланыў, агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, бийдай жетистириўде жоқары өнимдарлы сортлардан пайдаланыў, минерал төгинлерди белгиленген норма тийкарында қолланыў, суўғарыў системасын жетилистириў ҳәм зүрәәтти набыт етпей жыйнап-терип алыў бойынша мәселелер көрип шығылды. Пахта жетистириў процесинде болса агротехникалық тәрбия жумысларын сапалы шөлкемлестириў, заманагөй техникалардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм өнимдарлықты арттырыў илажлары додаланды.

Сондай-ақ, пахташылықта алдыңғы тәжирийбе сыпатында “Шынжан” усылында пахта жетистириўди кеңнен енгизиў мәселеси көрип шығылды. Бул усыл арқалы суў ҳәм ресурс үнемлеўге ерисиў, мийнет өнимдарлығын арттырыў және жоқары ҳәм турақлы зүрәәт алыў имканиятлары атап өтилди.

Бул бағдарда жуўапкерлерге әмелий илажлар көриў бойынша тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге, Министрлер Кеңесиниң Баслығы аўыл хожалығы аймақлар экономикасының таяныш тармағы екенин атап өтип, бийдай ҳәм пахта жетистириўде жоқары нәтийжелерге ерисиў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў әҳмийетли ўазыйпа екенин атап өтти.

Мәжилис соңында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкер басшыларға анық көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги