Чемпионлар мүнәсип күтип алынды

Алдын хабар бергенимиздей Қырғыз Республикасының Ош қаласында футбол бойынша жас өспиримлер арасында өткерилген халықаралық турнирде Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясының 2013-жылғы туўылған тәрбияланыўшылары чемпионлықты қолға киргизген еди.
Кеше турнир жеңимпазлары атанған кишкене футболшыларымыз Нөкис қаласында академия басшылары, тренер-муғаллимлер, ата-аналар ҳәм спорт жанкүйерлери тәрепинен күтип алынды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясы директоры Дамир Искендеров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, команда ағзалары ҳәм олардың тренерлерин қолға киргизген бул жеңиси менен қутлықлады ҳәм оларға академияның естелик саўғаларын тапсырды.

– Бул бизлердиң сырт елде өткен жарысқа биринши қатнасыўымыз еди, – дейди турнир жеңимпазы Мухаммедали Джаббаркулов. – Командамыз бенен өз-ара түсинисип ойнаўымыз нәтийжесинде өз қарсыласларымызды жеңип шығыўға миясар болдық. Бунда бизлерге тренерлеримиз үлкен жәрдем етти. Алдағы ўақытлары командамыз бул жеңистен қанаатланып қалмастан, және жаңа табысларды қолға киргизиў ушын алға баса беремиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы