Өзбекстанда биринши төлемли автомобиль жолы Үргенш-Хийўа жөнелисинде қурылмақта

Жол – бул тек ғана еки мәнзилди байланыстырыўшы қурал емес, ал экономиканың тамыры. Ол саўданы жеделлестиреди, аймақларды жақынластырады, туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырады. Заманагөй ҳәм қәўипсиз жол инфраструктурасы болмаған жерде раўажланыў пәти төменлейди. Усы мәнисте, Хорезм ўәлаятында басланған Үргенш-Хийўа төлемли автомобиль жолының қурылысы аймақтың раўажланыўында әҳмийетли басқыш болыўы мүмкин.
Улыўма баҳасы 120 миллион долларға тең болған жойбар шеңберинде 35 километрлик заманагөй, төрт полосалы автомобиль жолы қурылады. Жол суткасына 20 мыңнан аслам транспорт қуралын өткериў қуўатлылығына ийе болады. Жойбар шеңберинде 17 көпир, 8 жол өткел, 1 туннель ҳәм 5 арнаўлы өтиў орны қурылысы режелестирилген. Қурылыс жумыслары халықаралық стандартлар тийкарында алып барылмақта.
Бүгинги күнде Үргенш ҳәм Хийўа арасындағы жолда тығылыслар себепли мәнзилге жетип барыў 45-50 минутқа шекем созылмақта. Жаңа жол иске түскеннен кейин болса бул ўақыт 15-20 минутқа шекем қысқарады. Бул тек ғана қолайлық емес, ал ҳәрекет қәўипсизлиги ҳәм логистика нәтийжелилигин де арттырады.
Жойбар туризмниң раўажланыўына да үлкен түртки береди. Соңғы жыллары Хорезм ўәлаятына келип атырған сырт елли туристлердиң саны кескин артқан. Заманагөй жол инфраструктурасы болса мийманлар ағымын және де көбейтиў ҳәм хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыўға хызмет етеди.
Жуўмақлап айтқанда, Үргенш-Хийўа төлемли автомобиль жолы Хорезмниң экономикалық өсиўи, инвестициялық тартымлылығы ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет ететуғын стратегиялық инфраструктуралық жойбар болып хызмет етеди.
Ҳамроз Баянов,
ӨзАның хабаршысы