Коррупцияға қарсы биргеликте гүресейик!

34

Коррупция – мәмлекет ҳәм жәмийет ушын үлкен қәўип. Сонлықтан елимизде барлық тараўлар қатарында денсаўлықты сақлаў системасында да бул иллетке қарсы кескин ҳәм маўасасыз гүресиў, ҳәр қыйлы бюрократиялық ҳәм инсан факторы менен байланыслы жағдайларды сапластырыўға қаратылған кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Әлбетте, жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўысыз ҳәм ўатанласларымыздың жәрдемисиз бул мақсет ҳәм шеклерге ерисиў, медицинаны коррупциядан жырақ, толық халықшыл системаға айландырыў қыйын. Соның ушын бул бағдардағы ҳәрекетлеримизди бирлестириў ҳәм өз-ара бирге ислесиўде өз шешимин күтип турған әҳмийетли машқалаларымызды ийинлес турып, нәтийжели шешиў бойынша сизлерге мүрәжат етпекшимен.

Президентимиз 2025-жыл 26-декабрьде Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжатында коррупция жәмийетте исеним орталығын жоқ ететуғын қәўип екенин атап өтип, 2026-жылы оған қарсы гүресиўде “айрықша жағдай” жәрияланатуғынын мәлим еткен еди.

Бүгин тараўдағы жетискенликти – жетискенлик, кемшиликти – кемшилик, деп айтып, системадағы “кеселликлер”ге дурыс диагноз қойыў ҳәм олардың шешимин табыўға биргеликте ҳәрекет етиўимиз зәрүр.

Бирақ, тилекке қарсы, елеге шекем денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде коррупция, бюрократия, дәмегөйлик, мәплер соқлығысыўы сыяқлы айырым унамсыз жағдайлар сақланып қалмақта. Бул болса системадағы реформалардың нәтийжелилигине зыян жеткерип, халқымыздың медицинаға, пидайы қәнигелеримиздиң мийнетине болған исенимин төменлетпекте.

Әне усы жағдайлардан келип шығып, системада коррупцияға қарсы гүресиўдиң заманагөй механизмлерин кеңнен енгизиўге айрықша итибар қаратпақтамыз. Тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жәмийетшилик алдында есап бериўди арттырыў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте.

Атап айтқанда, қысқа ўақыт ишинде бир қатар электрон модульлерди өзинде жәмлеген Бирден-бир медициналық мәлимлеме системасы (DMED) жаратылып, әмелиятқа енгизилмекте. Тараў басшы-кадрлары бүгинги күнниң талапларынан келип шығып, заманагөй менеджмент тийкарлары бойынша оқытылмақта. Медицина мәкемелери бухгалтерлериниң финанслық билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бойынша оқыў курслары шөлкемлестирилмекте.

Әлбетте, бул еле жеткиликли емес. Алдымызда өз шешимин күтип турған машқалалар, мәмлекетимиз басшысы алдымызға қойған талап ҳәм ўазыйпалар көп. Буны толық әмелге асырыў ушын барлық ўатанласларымыз бирлесип гүресиўи зәрүр.

Өз антына, кәсиби ҳәм ўазыйпасына садық, ҳадал, ҳүжданы пәк Сиз, әзиз медицина хызметкерлерин буннан былай да медицинаны коррупциядан жырақ системаға айландырыў жолында бар билим ҳәм тәжирийбеңизди жумсайсыз, деп исенемен.

Соның менен бирге, тараўда коррупцияға қарсы нәтийжели гүресиўде кең жәмийетшиликтиң жәрдеми ҳәм қатнасыўы әҳмийетли, деп билемиз.

Ал, министрликтиң орайлық аппараты, районлық бирлеспелери, системалы шөлкемлер ҳәм мәкемелери хызметкерлериниң коррупциялық ҳәрекетлерине гүўа болсаңыз ямаса нызамшылыққа қайшы басқа ҳуқықбузарлық жағдайларына байланыслылығы бойынша мағлыўматқа ийе болсаңыз, министрликтиң “1003” қысқа санлы “Исеним телефоны” ҳәмде https://t.me/qrdsmbot рәсмий телеграм бот арқалы өз мүрәжатыңызды жолласаңыз болады.

Усы жерде, тек ғана коррупция жағдайларын сапластырыў емес, ал тараўды буннан былай да жетилистириўде сизлердиң пикир-усынысларыңыз биз ушын оғада әҳмийетли екенин және бир мәрте еслетип өтпекшимен. Сизлердиң ҳәр бир мүрәжатыңыз Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен қысқа мүддетлерде көрип шығылып, зәрүр әмелий илажлар көрилетуғынын мәлим етемен.

Мурат Қурбанов.

Қарақалпақстан Республикасы

Денсаўлықты сақлаў министри.

Қарақалпақстан хабар агентлиги