“Өзбекстан – 2030” стратегиясы: киргизилген өзгерислер, күтилип атырған нәтийжелер…

21

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мүрәжатында атап өтилген ўазыйпаға муўапық, “Өзбекстан – 2030” стратегиясының жетилистирилген жойбары regulation.gov.uz ҳәм uzbekistan2030.uz веб-сайтларында жәмийетшиликтиң додалаўына қойылған еди.

30-декабрьден 28-январьға шекем, бир ай даўамында халқымыздан 3 мың 564 пикир ҳәм усыныслар келип түсти. Соннан 2 мың 153 и тийкарланған усыныс, 751 и тәкирарланатуғын, 340 ы мақуллаў мәнисиндеги пикирлер, 320 сы сын ҳәм наразылықлардан ибарат.

Әдиллик министрлиги ҳәм “Раўажланыў стратегиясы” орайы тәрепинен халықтың пикир-усыныслары ҳәр күни жыйналып, тараўлар бойынша бөлистирилди. Барлық усыныслар Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлигинде ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

2026-жыл 16-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәмлекетти раўажландырыўдың 2030-жылға шекем мөлшерленген тийкарғы бағдарлары шеңберинде реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы пәрманына қол қойылды. Усы пәрман менен 2026-2030-жылларға мөлшерленген “Өзбекстан – 2030” стратегиясы тастыйықланды.

Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында “Раўажланыў стратегиясы” орайы ҳәм Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги менен биргеликте жаңа редакцияда қабыл етилген “Өзбекстан – 2030” стратегиясы: өткерилген жәмийетшилик додалаўлары, билдирилген усыныслар ҳәм Стратегияға киргизилген өзгерислер, күтилип атырған нәтийжелер бойынша баспасөз әнжуманы болып өтпекте.

Онда шығып сөйлеген “Раўажланыў стратегиясы” орайының директоры Элдор Туляков бул ҳүжжеттиң әҳмийетине тоқтап өтти:

– Жәмийетлик пикирди үйрениў бойынша үлкен көлемде жумыс алып барылды. Әдиллик министрлиги ҳәм “Раўажланыў стратегиясы” орайы тәрепинен халықтың пикир-усыныслары ҳәр күни жыйналып, тараўлар бойынша бөлистирилди. Барлық усыныслар Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлигинде ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Үйрениў нәтийжелери бойынша жәмийетшилигимиз жиберген 2 мың 153 тийкарланған усыныс олар тийисли болған министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери менен додаланды. Мәмлекетимиз ушын әҳмийетли есапланған ҳәм орынлаў мүмкин болған реал усыныслар инабатқа алынды. Олар қәнигелер менен қайта исленип, анық KPIларға айландырылды.

Ең көп усыныс түскен тараўлар болса билимлендириў – оқыўшы орынлары, педагоглардың мийнет ҳақысы, билимлендириўдиң сапасы, экология – экологиялық минез-қулық, қалалардағы жасыллық, геоботаникалық изертлеўлер, санластырыў – хызметлер, билимлендириў ҳәм медицина, энергетика – қайта тикленетуғын энергия, газ ҳәм электр тәмийнаты, транспорт – қалалараралық қатнаўлар, логистика ҳәм қоймаханалар, жәмийетлик транспорт.

Илажда ҒХҚ ўәкиллерин қызықтырған сораўларына жуўап берилмекте.

Абдулазиз РУСТАМОВ, ӨзА