Майыплықты белгилеў тәртиби әпиўайыластырылды (+видео)

20

Майыплықты белгилеў системасы – жәмийетте инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, социаллық әдилликти беккемлеў ҳәм жәрдемге мүтәж шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың әҳмийетли механизмлеринен бири.

Ески система бойынша наўқаслар тек ғана районлық орайлық поликлиникалардың шыпакерлик-мәсләҳәт комиссияларына аўызша мүрәжат еткен болса, енди майыплықты белгилеў мәселесинде “Инсан” орайлары, социаллық хызметкерлер, my.gov.uz порталы ҳәм шаңарақлық шыпакерлер арқалы мүрәжат етиў имканияты жаратып қойылды.

Буннан тысқары, әмелдеги система бойынша майыплықты белгилеўден алдын ҳәмме ушын бирдей емлениў зәрүр мүддетлери (4 айдан 6 айға шекем) бойынша талап болған болса, ҳәзирги ўақытта бул талап бийкар етилип, кеселликтен келип шығып индивидуал емлениў мүддетлери ҳәм минимал медициналық тексериў нормалары белгиленеди. Атап айтқанда, 22 кеселлик жағдайы ушын – 30 күн, 201 кеселлик жағдайы ушын – 60 күн, 237 кеселлик жағдайы ушын – 90 күн, 788 кеселлик жағдайы ушын – 120 күн ҳәм 1 мың 141 кеселлик жағдайында емлениў мүддети талап етилмейди.

Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси Ҳусен Равшанов тараўда әмелге асырылып атырған жаңалықлар ҳаққында мағлыўматларды усынды.

Толық мағлыўмат төмендеги видео силтемеде.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА