14-февраль-Зәҳриддин Муҳаммед Бабур туўылған күн

5

Түркий халықлар тарийхында жарқын из қалдырған уллы шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Зәҳриддин Муҳаммед Бабур айрықша орын ийелейди.

Ол мазмунлы ҳәм жемисли дөретиўшилиги менен жәҳән мәденияты ғәзийнесине үлкен үлес қосқан тулғалардан бири.

Бабурдың уллылығы неде? Уллылығы сонда – ол басқалар қатары әпиўайы инсан болған, бирақ тәғдир сынақларына тән берип, қол қаўсырып отырған жоқ. Жоқары дәрежедеги ақыл-парасаты, ой-пикири, сабыры, мәртлиги менен машақатлы өмир жолын басып өтип, Ҳинд жеринде уллы Бабурийлер салтанатына тийкар салды. Қайсы бир тараўды алып қарамайық, ҳәммесинде алдынғы сапта, жедел болды. Бәрқулла әдилликти уран етип, мүбәрек жалаў етип қолында көтерип жүрди. Әпиўайы мәселелерден баслап қыйын жағдайларға шекем ҳақыйқатқа сүйенди, ашық-айдын сөйледи.

Тәғдир Бабурды ўатанынан алысларға алып кеткен болса да, ол ҳәмийше ана журт, ўатан нәпеси менен жасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги