Иранда жетекши сиясий реформашылар қамаққа алынды (+видео)

Иран ҳүкимети жетекши сиясий реформашыларды қамаққа алмақта.
Бул АҚШ пенен ядролық сөйлесиўлер қайта тикленип атырған, сондай-ақ, АҚШ ҳәм Израиль тәрепинен әскерий қәўиплер күшейген бир ўақытта жүз бермекте, деп хабар берди Euronews.
Иран рәсмийлери мәмлекеттеги реформа талап етиўши сиясий ҳәрекеттиң жоқары лаўазымлы ўәкиллерин қолға алды. Ғалаба хабар қураллары берген мағлыўматларға бола, қәўипсизлик күшлери кеминде төрт белгили реформаторды қамаққа алған. Бул қамаққа алыўлар көшедеги наразыларды қуўдалаўдан тысқары, енди белгили сиясий ғайраткерлерди нышанға алыўға өтилгенин билдиреди.
Тутқынға алынғанлар арасында бир неше реформатор топарларды бирлестиретуғын Реформалар фронтының басшысы Озар Мансурий ҳәм дипломат Муҳсин Аминзада да бар.
Сондай-ақ, 1979-жылы студентлер тәрепинен АҚШтың Тегерандағы елшиханасының басып алыныўына басшылық еткен Иброҳим Аскарзода да қолға алынған. Бул қамаққа алыўларды 86 жасар Аятоллаҳ Али Хумонаийди отставкаға шығыўға шақырған билдириў менен байланыслы демекте.
Мәлим болыўынша, Тегеран прокуратурасы төрт шахстың қамаққа алынғанын мәлим еткен, және басқалары сораўға шақырылған. Прокуратура оларды АҚШ ҳәм Израиль тәрепинен әскерий қәўиплер күшейген ўақытта мәмлекетте турақсызлық келтирип шығарыўға урыныўда айыпламақта.
Нобель тынышлық сыйлығының ийеси, ҳәзирги ўақытта қамақта отырған Наргиз Муҳаммадийге жети жылдан аслам қосымша қамақ жазасы берилди. Бул ҳәкимияттың көтерилислерди бастырыўды сынға алыўшыларды пүткиллей тынышлыққа мәжбүрлеў нийетинде екенлигин көрсетеди.
Қатты басымлар көтерилислерден кейин күшейген. Инсан ҳуқықлары шөлкемлери ҳәм Иран ишиндеги дереклерге бола, көтерилислерди бастырыў нәтийжесинде 30 мыңнан аслам адам қайтыс болғаны айтылады, бирақ анық санлар елеге шекем тартыслы. Он мыңлаған адамлар қамаққа алынған.
Бул қамаққа алыўлар Тегеран ҳәм Вашингтон арасында дипломатиялық байланыслар қайта жанланып атырған бир ўақытқа туўра келди. Өткен ҳәптеде еки мәмлекет Оманда ядролық сөйлесиўлер өткерди.
Екшемби күни Тегерандағы дипломатиялық мәжилисте шығып сөйлеген сыртқы ислер министри Аббос Арақчий Иран ҳүкимети уранды байытыў ҳуқықы бойынша өз позициясынан қайтпайтуғынын билдирди. Бул мәселе АҚШ президенти менен тийкарғы келиспеўшилик ноқатларынан бири болып, Трамп егер сөйлесиўлер истен шықса, әскерий илажлар менен қорқытқан.
Израиль бас министри Биньямин Нетаньяхудың да усы ҳәптеде Вашингтонға келиўи күтилмекте. Ол жерде өткерилетуғын сөйлесиўлер тийкарынан Иран мәселесине бағышланыўы режелестирилген.
Вашингтон Тегеранға басым өткериў ҳәм зәрүрлик туўылғанда әскерий соққы бериў имканиятын сақлап қалыў мақсетинде теңиз ҳәм ҳаўа күшлерин Жақын Шығысқа жайластырды.
ӨзА