Халықаралық талаплар тийкарында Денсаўлықты сақлаў кодексиниң жойбары ислеп шығылмақта

БМШ Өзбекстанның ең әҳмийетли халықаралық шериклеринен бири болып есапланады. Бул шөлкемниң бир қатар структуралық дүзилмелериниң, атап айтқанда, Раўажланыў бағдарламасының жәрдеминде көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, денсаўлықты сақлаў бағдарында избе-из байланыслар жолға қойылған болып, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў кодексиниң жойбары биргеликте ислеп шығылмақта.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, министр А.Худоёров ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасының турақлы ўәкили А.Фудзиий ушырасыўында әне усы мәселе ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимиздиң денсаўлықты сақлаў системасында үлкен өзгерислер ҳәм жаңалықлар жүз бермекте. Соның ишинде, халықтың саламатлығын тәмийинлеў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеў жумысларына қаратылған ҳуқықый тийкарларды бирден-бир системаға бирлестириў бағдарындағы ҳәрекетлер избе-из даўам еттирилмекте.
Усы мақсетте Денсаўлықты сақлаў кодексиниң жойбары бир неше раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылмақта. Әҳмийетлиси, өткен дәўирде бул бойынша бир қанша жумыслар орынланды. Ҳәзирги ўақытта тараўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин муўапықластырыў даўам еттирилмекте. Бул болса ақырында түрли нызамлардағы нормаларды бирден-бир ҳүжжетте жәмлеў ҳәм ескиргенлеринен ўаз кешиў имканиятын береди.
Кодекс жойбарына халықаралық нызамшылық талапларына сәйкес келетуғын бир қатар нормалар да киргизилмекте.
Мәжилисте процессти және де жеделлестириў мақсетинде жуўапкер жумысшы топар дүзилгени мәлим етилди ҳәм бул структура тәрепинен әмелге асырылатуғын ўазыйпалар анық көрсетип өтилди.
Жуўмағында тәреплер Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы бирге ислесиўиниң нәтийжеси сыпатында, бул кодекс жойбары халықаралық стандартларға муўапық ислеп шығылатуғынына исеним билдирди.
Моҳигул Қосимова, ӨзА