Нызам үстинлиги ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик жолындағы бирге ислесиў

19

Хожели районы ҳәкимлигинде жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, аймақларда жәмийетлик қәўипсизликти беккемлеў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.

Оған район ҳәкими Ж.Ермашев, Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы С.Давлетмуратов,  район прокуроры А.Халимов, Ишки ислер бөлими баслығы Б.Хайтбаев ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымларының басшылары, профилактика инспекторлары ҳәм аймақ белсендилери қатнасты.

Илаж даўамында мәмлекетимиз Президенти тәрепинен видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, аймақларда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, жәмийетлик қәўипсизликти беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы С.Давлетмуратов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине айрықша тоқталып, бул иллет жәмийеттиң раўажланыўына үлкен кедерги екенин атап өтти. Суд баслығы коррупцияның ҳәр қандай көринисине маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў үлкен әҳмийетке ийе екенлигине итибар қаратты. Сондай-ақ, ҳәр бир лаўазымлы шахс өз жумысында нызам үстинлигин тәмийинлеўи, хызмет ўазыйпаларын ҳадаллық ҳәм ҳүждан менен орынлаўы зәрүр екенлигин айрықша атап өтти.

Соның менен бирге, 2025-жыл даўамында районның 15 мәҳәллесинде жынаят жүз бермегенлиги атап өтилип, бул аймақларда тынышлықты тәмийинлеўде белсене қатнасқан аймақ белсендилерин хошаметлеў мәселеси көрип шығылды. Бул нәтийжелер ҳуқық қорғаў уйымлары, профилактика инспекторлары ҳәм аймақ белсендилери арасындағы тығыз бирге ислесиўдиң нәтийжеси екени атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында профилактика инспекторлары тәрепинен аймақлардағы жағдайды және де жақсылаў, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Илаж конструктивлик руўхта өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги